Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:31:42, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

  Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәми­йетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы — Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов усы жылдың 31-июль күни 73 жасында аўыр кеселлениўден соң қайтыс болды.

Муса Ерниязов 1947-жылы 20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында туўылды. Орта мектепти питкерип, 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтын, 1986-жылы Ташкент Жоқары партия мектебин питкерди.

Мийнет жолын қурылыс инженери лаўазымынан баслап, соңынан Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесинде аға референт, басқарма баслығы, ислер басқарыўшысы болып иследи.

1983-1989-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хожалығы министри, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — Мәмлекетлик мүлкти басқарыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик комитетиниң баслығы, Шымбай районы ҳәкими лаўазымларында жемисли жумыс алып барды.

2002-жылдан ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы — Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымында иследи.

Муса Тажетдинович Ерниязов дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потен­циалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, руўхый пазыйлетлери, Ўатанымызға болған шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың жүрек төринен терең орын алған уллы инсан еди.

Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық раўажландырыў, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша үлкен дөретиўшилик ҳәм адабанластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақ елинде соңғы жылларда жүз берген үлкен өзгерислер Муса Тажетдинович Ерниязовтың аты ҳәм әмелий хызмети менен тығыз байланыслы.

Ол қарақалпақ елиниң ҳақыйқый жетекшиси сыпатында бәрқулла халықтың дәрти, тәшўишлери менен жасады. Әсиресе, кексе әўлад ўәкиллери, меҳрийбан апа-қарындасларымыз, әзиз жасларымыздың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, олардың мүнәсип келешегин тәмийинлеў жолында шын мәнисинде белсендилик көрсетип, шын жүректен хызмет етти.

Муса Тажетдинович Ерниязов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары сыпатында ғәрезсизлигимизди беккемлеў, елимизде парламентаризм сис­темасын раўажландырыў жумысларына үлкен үлес қосты, экономикалық-социаллық жақтан раўажланыўымыз ушын зәрүр болған әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў жолында айрықша белсендилик көрсетти.

Муса Тажетдинович Ерниязовтың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери ылайықлы баҳаланды. Ол «Меҳнат шуҳрати» ҳәм «Фидокорона хизматлари учун» орденлери, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен қурылысшы» ҳәм «Өзбекстан Қаҳарманы» сыяқлы жоқары дәрежели атақлар менен сыйлықланған еди.

Халқымыздың уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, кеңпейил ҳәм пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жар­қын естелиги қәлбимизде мәңги сақланып қалады.

 

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов, А.Арипов, Қ.Сариев.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF