Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:45:18, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ҚОЛАЙЛЫ ШАРАЯТЛАР ЖАРАТЫЛМАҚТА

Мәмлекетимизде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған субъектлерге ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылып атыр.

Себеби, елимиздиң экономикасының нығайыўы ҳәр тәреплеме исбилерменлердиң искерлигине байланыслы.

Өзбекстан Республикасы Минис­­трлер Кабинетиниң усы жылдың 3-июнь күни 348-санлы «Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларының өз күшин жоғалтқан деп табыў ҳаққында»ғы қарары қабылланған еди. Бул қарар тийкарында, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 12-январьдағы «Электр энергиясынан пайдаланыў ҳаққында»ғы қарарының 51-бәнтине өзгерислер киргизилип, «Физикалық  тутыныўшылардан» сөзлери «Физикалық  тутыныўшылар ҳәм исбилерменлик субъектлеринен» сөзлери менен алмастырылып, төмендегише түсиндирме берилгенF

Тутыныўшылардың «Физикалық тутыныўшылардан тысқары» электр энергиясын есапқа алыў үскенелери, сондай-ақ, электр энергиясын есапқа алыўдың басқа да қураллары тутыныўшылардың қәрежетлери есабынан сатып алынады, мәмлекетлик тексериўден өткериледи, аймақлық электр тармақлары кәрханалары тәрепинен Бюро менен биргеликте бийпул орнатылады, пломбаланады ҳәм дизимнен өткериледи.

Буннан тысқары, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31-марттағы «Инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 256-санлы қарарына киргизилген өзгерислер исбилерменлик субъектлери ушын бир қанша қолайлылықлар жаратпақта. Усы қарардың алдынғы редак­циясының 33-бәнтинде: «Ўзэнергоинспекция» мүрәжат түскен күннен баслап төмендеги мүддетлерде электр қурылмаларын иске түсириўге рухсатнама береди яки болмаса рухсатнама алыўға келисим берилмейди.

үш жумыс күнинде — кернеўлилиги 1000 В (1 кВ)қа шекем болған электр қурылмалары ушын;

бес жумыс күнинде — кернеўлилиги 6-10 кВлы электр қурылмалары ушын;

Ендигиден былай, 3 жумыс күнинде ­ кернеўлилиги 1000 В (1 кВ) ҳәм 6-10 кВ болған электр қурылмалары ушын;

Жоқарыдағылардан көринип турғанындай-ақ, тутыныўшылардың исбилерменлик хызметин баслаўында электр тәмийнатындағы, яғный, жоқары кернеўли электр қурылмаларындағы рухсатнама бериў тәртип мүддетлери қыс­қарттырылды. Бул исбилерменлердиң жумысын жеңиллестиреди ҳәм жумыс процесиниң өнимдарлығын арттырады.

Д.АЛЛИЯРОВ,

«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF