Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:35:38, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УНАМСЫЗ  ИЛЛЕТ — ӨМИР  ЗАЎАЛЫ

Инсаният раўажланыў цивилизациясында жаңадан-жаңа шың­ларға, жетискенликлерге ерисип атырған бир заманда, жәмийетке, миллетке кери тәсир ететуғын, адамзат өмириниң заўалы болған гия­бентлик кеселлиги сақланып қалмақта.

Бул тек ғана жаман иллет болып қалмай, бәлким, өмир заўалы.

Нәшебентлик ­ гиябентлик затларды (тәбийғый ямаса жасалма түрде таярланған затларды) қабыл етиўи, шегиўи, ийискелеўи ямаса инъекция жолы менен тамыр ишине қабыл етиўи себепли инсан организми ғәрезли, бағынышлы болып қалыў нәтийжесинде келип шығатуғын кеселлик.

Нәшебентлик ­ адамның руўхый жағдайының пүткиллей өзгериўине, сондай-ақ, организм жумысының бузылыўына алып келеди. Гиябентлик өнимлерди пайдаланғанда дәслеп қанға араласады, бас мийге тәсир етип, орайлық нерв системасы тоқымаларын жемирип, организмде руўхый ҳәм соматикалық өзгерислерге алып келеди.

Руўхый өзгерислер ­ уйқысызлық, еслеў, пикирлеў қәбилетиниң төменлеўи, ашыўшақлық ҳәм қартайыўды тезлестиреди.

Соматикалық өзгерислер ­ ас сиңириў системасының бузылыўы, дем алыўдың тезлесиўи, жүрек хызмети нормада ислеўи бузылады. Бул иллеттиң раўажланыўындағы дәслепки қәдем нәшебентлик затлар пайда ететуғын ўақытша «эйфория» белгиси, яғный, денеде жағымлы сезимлердиң пайда болыўы, кейпияттың көтерилиўи, сыртқы орталықтан үзилип, барлық тәшўишлерди умытып, өзин бахтияр сезиўи. Мине, усы затлар тәрепинен шақырылатуғын сезимлер инсанды нәшебентлик затларды пайдаланыўға ийтермелейтуғын тийкарғы күш, субъектив жағымлы сезимлерди, кеширмелерди тәкирар сезиниўине умтылыў болып есапланады.

Гиябентликке алып келетуғын бир неше факторларда инсанның шахсына, яғный, өзин-өзи басқара алмаўы, өзине болған исенимниң жоқлығы, еркин пикирге ийе болмағанлығы, шаңарағында нуқсанлы тәрбия алыўы, уқыпсызлығы, қәбилетсизлиги себепли сыртқы орталық пенен қарым-қатнас орната алмаўынан қутылыўға умтылыў сыяқлы жағдайларды көрсетип өтсек болады. Нәшебентликке берилген инсанлар арасында ушырасатуғын ең қәўиплиси АИЖС (СПИД) кеселлиги, бул өз нәўбетинде және бир глобал машқалаға айланғаны көпшиликке мәлим.

Мине, усындай иллетке қарсы гүресиў ушын ҳәр бир шаңарақта ата-анадан өз перзентлериниң тәрбиясына үлкен итибар талап етиледи. Соның менен бирге, хал­қымызда «бир балаға жети қоңсы ата-ана» деген гәп бийкарға айтылмаған, солай екен, әтирапымызда болып атырған ҳәдийселерге бий­пәрўа болмастан перзент тәрбиясында биргеликте жумыс алып барсақ, биз өз перзентлеримизди, келешегимизди усы жаман иллеттен қорғаған боламыз.

 

У.ЕШМУРАТОВ,

Республикалық наркология диспансериниң нарколог шыпакери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF