Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:19:18, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НУРСУЛТАН СТУДЕНТ БОЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-июльдеги «Өзбекстан Жаслар аўқамының жумысын жетилистириўге байланыслы комплекс ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3138-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы системасында көп жыллық мийнет стажына ийе болған пидайы, тәбийғый жетекшилик қәбилетин көрсеткен, Ўатанды сүйиўши, елимиз келешегине жуўапкершилигин тереңнен сезинетуғын, мийнет сүйер ҳәм басқа да инсаныйлық пазыйлетлер ийеси болған жасларды қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 14-ноябрьде «Өзбекстан Жаслар аўқамының белсенди ағзаларына жоқары оқыў орынларына кириўде жеңилликлер бериў ҳаққында»ғы 914-санлы қарары қабыл етилген еди.

Қарарға муўапық, Өзбекстан Жаслар аўқамының белсенди ағзаларын жоқары оқыў орынларына жеңилликли түрде қабыл етиў ушын усыныснамалар бериў мәселелерин көрип шығыўшы республикалық комиссия тәрепинен Өзбекстан Жаслар аўқамы системасындағы сәрдарларға, басланғыш шөлкемдеги жөнелис жетекшилерине, еки жыллық мийнет стажына ийе болған пидайы жасларға усыныснамалар бериледи.

Усыныснамаларға ийе болған жаслар Өзбекстан Республикасындағы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссияның қарары менен турақлы жасаў орнындағы педагогикалық билимлендириў жөнелислерине таңлаўдан тысқары тест сынақларысыз ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларсыз мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

Таңлаўларды туўры ҳәм әдалатлы түрде өткериўге район (қала), аймақлық ҳәм республикалық тийисли комиссиялар жуўапкер болып, усыныснамалар Қарақалпақстан Республикасынан бир адамға, ҳәр бир ўәлаятлар ҳәм  Ташкент қаласынан бир адамға (жәми он төрт) бериледи.

Өзбекстан Жаслар аўқамының белсенди ағзаларын жоқары оқыў орынларына жеңилликли түрде қабыл етиў ушын усыныснамалар бериў мәселелерин көрип шығыўшы Қарақалпақстан Республикасы комиссиясына  Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық Кеңеслеринен ҳәм Нөкис қаласынан жәми 51, яғный, 16 район ҳәм Нөкис қаласынан ҳәр бири үш талабаннан усынып, ҳүжжетлерин тапсырды.

Усы комиссияға Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңесинен үш талабанның, Шымбай районлық ХББне қараслы 37 ҳәм 22-санлы мектеплердиң 11-класс оқыўшылары Н.Нурниязов ҳәм Г.Айтмуратова, ТашМАУ Нөкис филиалына қараслы Шымбай академиялық лицейиниң питкериўшиси Д.Балтабаевлардың ҳүжжетлери усынылған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен l6 ра­йон ҳәм Нөкис қаласынан усынылған 51 талабанлар онлайн тәризде сәўбеттен өткерилип, ҳүжжетлери көрип шығылды. Сәўбетте талабанлардың жәмийетлик турмыстағы белсендилиги, сиясий ҳәм ҳуқықый билимлери сынақтан өткерилип, таңлаў жуўмағында үш талабан, 1-санлы Нөкис медицина колледжи питкериўшиси, Өзбекстан Жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңесиндеги орта арнаўлы оқыў орынларында бағдар жетекшиси А.Сәрсен­баева, Өзбекстан Жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси қәнигеси Ф.Хожа­баев ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси сәрдары Н.Нурниязовлар таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышына қатнасыўға ылайық деп табылып, Өзбекстан Жаслар аўқамының белсенди ағзаларын жоқары оқыў орынларына жеңилликли түрде қабыл етиў ушын усыныснамалар бериў мәселелерин көрип шығыўшы республикалық комиссияға ҳүжжетлери усынылды.

Таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышы да онлайн тәризде өткерилип, республикалық комиссия тәрепинен Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан үш талабаннан Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси сәрдары Н.Нурниязов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына мәмлекетлик тест сынақларысыз грант тийкарында оқыўға кириў ҳуқықын бериўши усыныснамаға ылайық деп табылып, тест сынақларысыз студент болыў бахтына еристи.

Биз жақында Шымбай районында хызмет сапарында болып, Нурсултан Нурниязовты бул жетискенлиги менен қутлықладық. Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси баслығының орынбасары  Сәрбиназ Жолымбетова менен ушырасып, ол бизге Нурсултанның буннан басқа да ерискен табыслары ҳаққында айтып берди.  

­ Н.Нурниязов жас болыўына қарамастан, бүгинги күнге шекем бир қанша жетискенликлерге еристи. Ол 2013-жылдан берли Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңесиниң «Камалак» балалар шөлкеми жанындағы сәрдарлар кеңеси ағзасы болып, өз белсендилигин көрсетип келмекте. Өткен жылы Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилген бир неше таңлаўларға қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизди. Атап айтқанда, жас жазыўшы-шайырлар арасында өткерилген «Жыл гүрриңи» таңлаўында, Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен өткерилген «Ўатанға садық хызмет етиў ­ уллы мақсетим» атлы дөретиўшилик таңлаўында биринши орын жеңимпазы болды. Оның өткен жылы «Аралымды қумсайман» атамасындағы қосықлар топламы «Билим» баспасында жарық көрди.

Ол 2019-жылдан баслап Чехия мәмлекетиниң илимий мақалалар ҳәм тезислер конференциясы ағзасы ҳәм Болгария мәмлекетиниң жас илимпазлар форумы ағзасы.

2019-жылы Өзбекстан жаслары арасында өткерилген «The Youth Forum» да қатнасып, Өзбекстан Жәҳән тиллери университети ректоры тәрепинен ҳәм «ХХI әсирде илим ҳәм пәнниң раўажланыў перспективалары ҳәм оларда инновациялардың тутқан орны» атамасындағы онлайн конференцияда, халықаралық химия пәни бойынша өткерилген таңлаўда белсене қатнасқаны ушын шөлкемлестириў комитети баслығы Эмилко Тодоров Тепков тәрепинен сертификат пенен сыйлықланды, - дейди С.Жолымбетова.

Нурсултанның район жаслары арасындағы сәрдарлық искерлиги де мақтаўға ылайық. Атап айтқанда,  ол басланғыш шөлкемлер жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде қарақалпақ тилинде қолланба ҳәм анимациялық видеоролик ислеген. Сондай-ақ, журналистика тараўына қызығыўшы жаслар ушын районлық «Шымбай ҳаўазы» газетасы менен биргеликте «Жас журналистлер», 2019-2020-оқыў жылы даўамында район белсенди жаслары ушын «Дебат» клубларын шөлкемлестирген.

Өз теңлеслери арасында мүддетинен алдын студент болыў бахтына ерискен Нурсултанға бәрше қарақалпақ жаслары ҳәўес етсе арзыйды. Оған келешекте бәлент пәрўазлар тилеймиз.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Шымбай районы.

СҮЎРЕТТЕ: Нурсултан Нурниязов.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF