Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:23:56, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАЛАСЛЫ ОЙДЫҢ КЕСИСПЕСИ ШЕРДИ ТАРҚАТЫЎ ЕМЕС, ОНЫҢ ДА ӘДЕБИ БАР...

«Еркин Қарақалпақстан» газетасында 2020-жыл 8-февральда басылған «Ойнап айтсаң да ойыңдағыны айтасаң» атлы мақаламыз өзбек тилинде интернетте шықты, «Қоракалпоғистон тонги» газетасында көширип басылды.

Республикамыздың билимлендириў мәкемелериниң басшыларын да қызықтырды, оқытыўшыларға ой салды. Газеталарда оған пикир ретинде мақалалар жәрияланды. Булардың ҳәммесинде тек Ә.Еримбетовтың мақаласынан басқа, (ол ҳаққында кейинирек гәп болады)  дерлик ҳәммеси «булардың бәрин өзлеримиз бурыннан-ақ билер едик. Сизлердиң не исиңиз бар» дегендей бултыйып, жақтырмағанын билдирди ҳәм муғаллимлерди жақлаў менен маўқын басты. Сонлықтан да «Еркин Қарақалпақстан» газетасында 2020-жыл 29-февраль күни жәрияланған үш мақаланы, яғный, А.Худайбергеновтың, Б.Диланов ҳәм К.Палымбетовтың, З.Исмаилованың мақалалары бойынша «Ойдан ой туўылады» деген редакциялық мақалада, «Газетада пикир алысыў­ға қатнасқан халық билимлендириў хызметкерлери өзлерин ақлаўға ат салып атыр­ғандай көринеди» деп  дурыс баҳа берди.

Сөзди сол күни жәрияланған Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң биринши орынбасары А.Худайбергеновтың «Вариативлик оқыў-режеси оқыўшыларды репетитордан қутқарады» деген биринши мақаладан басласақ. Ол басшының мақаласында репетиторлықтан басқа республикамызда оқыў-тәрбия жумысларда топланып қалған мәселелер ҳәм оларды шешиўдиң зәрүрлиги ҳаққында бизиң мақаламызда көрсетилген пикирлердиң жоқтай екенлигин көрсетиўи таң қалдырады. Бизиң мақалада көтерилген ашшы ҳақыйқатлықты елестирмей ҳәмме иллетлерден қутылыўдың тутқасы «усы жылдың үшинши шерегинен баслап улыўма тәлим мектеплериниң 10-11-классларында вариативлик оқыў режелери енгизиўи,  оқыўшыларды репетитордан қутқарады» деп тастыйықлайды.  Әлбетте, вариативлик режени мектепке енгизиў унамлы қубылыс. Бирақ, бул исти толық орынлаў хәм мақсетке жеткизиў ушын да, бизлер көрсеткен кемшиликлерди сапластырыўға дыққат аўдарыў керек еди. Бул мәселеде авторға, ол режени ким иске асырады? Ол пәнлерди ким оқытады? Бурын балаларды репетиторларға жөнелткен оқытыўшылар оқыта ма? Олардың оқытыўының сапасын ким тексереди? Ә.Еримбетовтың мақаласында көрсетилген мектеп директорларының, оқыў бөлиминиң баслықларының жылына 134 сабаққа кириў ўазыйпасы орынланбаса, оқытыўда категория­сына қарамай жүклеме бөлис­тирген жағдай жасап турса, баяғысы баяғы болмай ма? деген сораўлар келип шығады. Сондай-ақ, мақаламызда кадр­ларды таңлаўда айтарлықтай кемшиликлер бар екенлигин, жасларды кәсипке бағдарлаўдың зәрүрлигин, оқыў-тәрбия жумысындағы кемшиликлердиң тийкарғы себеби оқытыўшының бийғамлылығынан, немқурайдылығынан, оларды қадағалаўда билимлендириў органларының өзи боларлыққа салыўынан деген пикирлерге не ушын бул басшы пикир билдирип, оны жойыўдың жолын көрсетпеген? Ямаса ондай кемшиликлер билимлендириўде ушыраспай ма екен?

Сол сандағы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының директоры Б. Дилановтың ҳәм сол орайдың доценти К.Палымбетовтың «Ҳәммеси өзимизге байланыслы» деген мақаласының аты дыққатқа турарлық болса да, мазмуны үстиртин екени көринеди. Бул илимпазлар муғаллимниң «аянышлы» аўҳалын баянлап, «Олар 45 минут сабақ ўақтында тапсырманы сорап, таза теманы өтип, шынығыўлар ислеўге зорға үлгергенликтен, қыйын сораўларға дыққат аўдармай қалады. Бул оқыўшыларды репетитордан қосымша билим алыў­ға ийтермелейтуғыны тәбий­ғый, деп муғаллимге сылтаў таўып береди. Демек, бундай муғаллимниң аўҳалы, оқыўшының репетиторларға умтылыўының зәрүр қубылыс екенлигин көрсетип, оны жазылмайтуғын иллет, сыяқлы характерлейди. Олар мақаласында «Не ушын бүгинги күндеги басым кемшилик оқыўшылардың билим, илим ийелеўге ықласы, қызығыўшылығы төменлеп кетти!» деген мәселеге жуўап айта алмаймыз деп мақаламыздағы кемшиликлер ҳаққындағы  пикирлеримизди көзге илмейди. Ҳақыйқатында да бул кемшиликлердиң биразы оқытыўшыларды қайта таярлаў ҳәм кәсибин жетилистириў орайының искерлигинен де  емес пе екен! деген ой туўдырады.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги оқыў методикалық орайының сектор баслығы З.Исмаилованың «Муғаллим ким, репетитор ким» деген мақаласында гейпара унамлы пикирлер менен бирге, «академик  Ж.Базар­баевтың өз мақаласында дурыс көрсеткениндей қосжақпаслық, оқыўшыларының сабақтан үлгериўине онша қызықпайтуғын муғаллим ҳәм мектеп директорлары арамыздан табылып қалады» деген гәпи бул кемшиликлерди сапластырыўдағы ең пайдалы пикир деп есапласа болады.

«Устаз жолы» газетасында 2020-жыл 22-февраль күни жарық көрген «Ҳәр биримиздиң жан ашытар мәселемиз» деген ат пенен Халық билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Тахир Дәўлетмуратовтың ҳәм Нөкис қалалық 34-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Оралхан Сапарованың мақаласын оқып, бунда мәселениң мақсетин байқамай, оның дурыс ҳәм надурыс жағын талламай, итибарсызлық етип, ҳәтте менсинбеўшилик пенен былай деп жазады: бурыннан писип жетискен пикирлеримизди сизлер менен бөлиспекшимиз», деп бурыннан буларды билетуғынлығына дыққат аўдарып болып «Муғаллимниң ўазыйпасы тек билим бериў болыўы керек» деп «тәлимди тәрбиядан, тәрбияны тәлимнен ажыратыўға болмайды» деген Өзбекстан Республикасының биринши Президенти И.Кәримовтың даналық тапсырмасына тән бермейди. (Айтатуғын нәрсе А.Худайбергенов жоқарыда көрсетилген мақаласындағы оқытыўшы ўақтының 70 процентин оқыў исине пайдаланады деген еди, қайсысы дурыс!) Оннан кейин «Репетитор балаларды сортлап, ең саўатлы, қаймақ оқыўшыларды таңлап алады, ондай жағдай оқытыўшыға несип етпеген» деп  муғаллимди жақлайды. Олар бизиң мақаламызды еске алғанда, оның инабатлы пикирлери болса, оның билимлендириўге пайдасы барма, оны көрсетиўдиң ямаса бийкарлаўдың орнына академиктиң пикири мениң  пикирлерим менен үнлес» деп өзин жоқары баҳалайды. Ҳәтте, «мениң» деп қасындағы шеригин де умытады. Сол пәт пенен авторлар журналист «Өтеу­лиевтиң мақаласы шыққаннан кейин, оған дәрҳал пикир билдирип «Еркин Қарақалпақстан» газетасының редакциясына жоллаған едик. Бирақ,  жоллаған мақаламыз негедур иркилди» деген пикири мени сол авторлардың иркилген мақаласының тәсирленген сыяқлы гүманланыўы  ойландырды. Улыўма бул мақала мәселеге жаны ашып турған адамлардың гәпи емес, өзин көтермелеўге қаратылып, маўқын басқан ҳәрекетлер сыяқлы туйылады.

Барлық жазылған мақалалар ишинен ең тийимли,  ең әдили ҳәм ең мәпдары, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлигиниң бөлим баслығы Әдилбай Еримбетовтың 2020-жыл 25-февральдағы «Еркин Қарақалпақстан» газетасында жәрияланған «Билимлендириўде жаңаша талап» атлы мақаласы болып, ондағы бизиң пикирлеримизди дәлийллеп, шеберлик ҳәм қалыслық қатнас жасағаны унады ҳәм оның жалтақлаўды жақтырмаўы ҳәм «Муғаллим сылтаўды билмейтуғын халық» деген өткир ҳәм туўры сөзи барлық мақала­ларға үлги, жумысқа жан­күйерлик, оған ҳадал қатнастағы ақыллы пикирлерин оқып, егер қайсы жәмәәтте болмасын бизиң мақаламызды талқылағанда Ә.Еримбетовтың мақаласында көрсетилген ҳақыйқатлықты да қосып тал­қылаў тийимли болады, деп ойлаймыз. Сондай-ақ, илимпаз Б.Жоллыбековтың мақаласы да дыққатқа ылайық болып, билимлендириў тараўындағы машқалалар ҳәм жетискенликлер ҳаққында компотентли пикирлер билдирилген.  

Басқа мақалаларды оқып, уллы япон халқының мынандай бир әдети ядыма түсти. Ол елде мәкемелердиң басшыларының пластмассадан исленген сүлдери майданға қатар­лас­тырылып қойылар екен.  Ал, енди қайсы хызметкер солардың бирине наразы болса, қасына барып жудырығы менен урып, аяғы менен теўип, маўқын басып, өзине өзи разы болып үйине қайтар екен. Сол сыяқлы «келиң пикирлессек» деген мақаламыздың тәсиринен пайда болған мақалалар өзлериниң ашыўын алып, ҳәўирин басып, яғный, шерин шығарған  японлардың әдетине уқсайтуғын сыяқлы көринеди.

Сонлықтан да, тәрбиялық характерлерге ийе, илимий-билимий әҳмийети бар, таласлы ой-усыныслардың кесиспесиниңде де өзиниң жөни ҳәм әдеби барлығы бурыннан белгили екенлигин умытпаўымыз керек.

Ж.БАЗАРБАЕВ,

академик.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF