Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:22:57, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПИЛЛЕКЕШЛЕРИМИЗДИҢ ТАБЫСЫ

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атыр­ған кең көлемли реформалар аўыл хожалығы тараўының тийкарғы буўынларынан бири бол­ған пиллешиликте де өзиниң жоқары нәтийжелерин бермекте.

Президентимиздиң 2017-жыл 29-марттағы «Өзбекжипексанаат» ассоциациясының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы, 2018-жыл 4-декабрьдеги «Республикада пиллешилик тармағын жедел раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм бас­қа да бир қатар қарарлары республикамызда пиллешилик тармағын және де раўажландырыў бо­йынша бир қанша шараятлар ҳәм имканиятларды жаратыўда әҳмийетли болды.

Республикамыз пиллекешлери быйыл дәслепки мәўсимниң өзинде жәми 12 мың 727 қуты наў­қан қуртын бағып, 704 тонна пилле шийки затын жетистириўге еристи.

2017-жылы пиллешилик тарийхында жаңа дәўир басланды. Бул тараўда наўқан қуртын бағыў процесинде ғана емес, азықлық қорын кеңейтиў, зәрүр үскене ҳәм технологияларды жеткерип бериў, қайта ислеў басқышларында және алдынғы тәжирийбелерди әмелиятқа ен жайдырыў илажларында да көзге тасланбақта.

Дәслеп бир жылда бир мәрте пилле жетистирилер еди. Бүгинге келип болса, пиллешиликте «биринши зүрәәт», «екинши зүрәәт», «үшинши, ҳәтте, төртинши зүрәәт»лер пайда болды. Бул мәмлекетимизде алдынғы технология ҳәм инновациялық идеяларға айрықша итибар берилип атыр­ғанлығының нәтийжеси.

Әлбетте, пиллекешлеримиздиң быйылғы жылдың дәслепки мәўсиминде қолға киргизген табыслары буның айқын дәлили. Бундай нәтийжелерге ерисиўде ҳәр бир районның өзине жараса орны бар. Бунда Әмиўдәрья, Төрткүл, Елликқала, Беруний районлары пилле жетис­тириўде жетекши болған аймақлар саналады. Қарақалпақстан Республикасында  жетистирилген 700 тоннадан асламырақ өнимниң 600 тоннадан асламы әйне усы районлар үлесине туўра келеди. Бул қолға киргизген дәслепки мәўсимдеги нәтийже ғана. Ҳәзирги күнлери пиллекешлеримиз үшинши ҳәм төртинши пилле бағыў мәўсимин баслап жиберди.

Әлбетте, бундай ерисилген табыс экономикамыздың буннан былай да раўажланыўында әҳми­йетли орын ийелейди.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF