Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:53:35, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУРМЫСТАН ӨЗ ОРНЫҢДЫ ТАБЫЎ АҢСАТ ЕМЕС...

Дәрья жағыстағы тарийх­та аты бар «Әлий аўыл»да бүгинги күнде бес мыңға жуўық халық жасайды. Электр энергиясы, тәбий­ғый газ бенен толық қамтамасыз етилгени, асфальт жоллар барып, барлық қолайлықларға ийе болса да аўыз суўы тасымаллы елат...

Арал теңизиниң қан тамыры саналған дәрья суўы жылдан-жылға азайып, ағысы ҳәр жер-ҳәр жерден кесилип қалғаны бираз  турмыс машқалаларын жүзеге келтирди. Соңғы жыллары тәбиятты тәбийғый ҳалына келтириў, зыянлы ақыбетлерин жумсартыўға күш салынған.

­ Районымызды социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша изли-изинен ҳүкиметлик қарарлардың қабыл етилиўи, ири муғдардағы қаржылар ажыратылып, бәнтлик бөлиминде дизимге алынған 517 адамның толығы менен жәмийетлик пайдалы мийнетке тартылыўында жуўапкершилиги шекленген «Мойнақтың келешек қурыўшылары» жәмийетиниң дүзилиўи шешиўши қәдем болды, - дейди «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы Мәжит Шерниязов.

­

Аўыллық жерде жасаўшыларымыздың тиришилиги жерден, тийкарғы кәсип-кәримиз шарўашылық. Пуқаралар жыйыны есабындағы 727,18 гектардың 1500 гектарын егислик жер есабында үш зонаға бөлип, егис айланысына қосыў ушын қыс айларында жумыс басладық. Суўсызлық, материаллық-техникалық базаларымыздың төменлиги себепли тоғайлық, қамысзарлыққа айланып кеткен майданларымызды ашыў, батыл болып қалған жап-салмаларды қазып-тазалаў ислери айтар аўызға жеңил болғаны менен ири муғдарда қаржы, техника, адам күшлерин талап етеди.

Жәмийетке ағза болған жүзден зыят жасларымыз ўақыт пенен санаспай пидәкерли мийнет етип, қысқа ўақыт ишинде мың гектардан зыят жерлер егис айланысына қосылды.

Отыз алты жылдан берли суўсызлықтың салдарынан егин егилмей атырған қунарлы жерлеримиздиң 150 гектарына жүўери менен жоңышқа туқымын араластырып септик. Дән ҳәм силос ушын 150 гектарға егилген мәккеден толық нәл алып, сийреклетиў, жабайы шөплерден тазалаў жумысларына қоса минерал ҳәм жергиликли төгинлер менен азықландырыў, суўғарыў жумыслары агротехникалық қәделерге сай алып барылмақта.

Шарўашылыққа баслы бағдар алған соң алты малханаға ири оңлаў жумыслары жүргизилди. Шәртнама бойынша гүзге қарай Германиядан алып келинетуғын мың бас ҳасыл туқымлы малларға сапалы, беккем от-шөп базасын дүзиў ушын ҳәзирги күнде қоңсы хожалықлардан әкелинген силос пенен ураларды толтырып атырмыз.

Аўыр қол мийнетин техникаларға жеңдирген жасларымыз жоқары өнимдарлықта ислеўши алты «Ньюхолланд», басқа да егинниң қатар араларын ислеўши механизмлер ­ плуг, тырма, мала, суў насосларына ийе. Аўысық бөлеклер, жанар май ҳәм майлаў материаллары, минерал төгин, басқа да керекли затлар иркинишсиз жеткерилип берилиўи истиң өнимдарлы ҳәм сапалы болыўына алып келеди. Жумыс­тың рети ҳәм қол мийнетиниң талап етилиўине қарай аўылдағы 35-40тан аслам ҳаял-қызлар топары атыз жумысларына жақыннан жәрдем бергени ушын мийнет ҳақыларына қосымша ҳәр бири отыз данадан мәйек, басқа да азық-аўқатлық өнимлерин алады...

Ықлас пенен ислегенге күнниң ыссылығы билинбес екен. Тал түстиң ўақты бол­ғанына қарамастан нышлы беллерин ийнине салып, жап-салма, атыз шеллерди жағалап күн бойы көкирек аўызларына келип қалған мәкке атызларын суўғарып жүрген хош кеўилли аўыл жасларын көплеп ушыраттық. Суўшылар бригадасының жетекшиси Толыбай Қарлыбаев пенен атыз басында гүрриңлескенимизде:

­ Бүгинги күнге шекем 150 гектар жерге суў ашылды. Аз муғдардағы келип тур­ған суўды оқпан тартып кетпеси ушын суўшыларымыздың ис ўақты таң азаннан басланып, түн ярымына шекем даўам етеди. Хызмет ўазыйпаларын жақсы билгенликтен ҳәр қандай көрсетпелерге зәрүр емес. Өз есабына  20 гектар жер ал­ған жасларға қосымша үш гектардан жер ажыратылып, қәлеген егинлерин егип алыўға имканият жараттық. Мийнет адамларына атыз басларында қолайлы турмыс шараятлары жаратылған, шай-суўы, ыссы аўқат шөлкемлестирилген.

­ Жасларымыз қызғын жумыс барысында бир ис пенен шекленип қалмайды, - дейди екинши  сәўбетлесимиз Жарас Жолдасбаев.

­ Быйыл, биринши жылы болғанлықтан жумыс­тың түри көп. Суўғарыўдан басқа егиске, атызларды жабайы шөплерден тазалаўға араласып кете беремиз. Ҳәзирше  суўдың жағдайына қарай атызларды бир мәрте суўғарып үлгердик. «Кәрўан жүре келе дүзеледи» дегендей, келеси жылларда егислик жерлеримизге от-жемлик дақыллар менен қатар азық-аўқатлық егинлерден салы, гүнжи, овощ-палыз егинлерин көплеп егиў жобаластырылды.

Күнделикли жумысларымызды қыйыннан қыйыс­тырып шөлкемлестириўде Мойнақ районлық айрықша жағдайлар бөлиминиң баслығы Т.Сатуллаев, «Ақшолақ» өртке қарсы гүресиў бөлими баслығының орынбасары А.Уснатдиновлар бас-қас болмақта.

АПЖ аймағындағы дийқаншылық ислери менен шуғылланатуғын тоғыз фермердиң төртеўиндеги 220 гектарлық гүзлик бийдай сабағында сарғайып пискенликтен орып-түйеклеў ушын ғаз-қатар дизилген комбайнлар атызларға түсе баслады. Турмыстан өз орынларын таўысып, жар­қын келешекти ойлап ис тут­қан алдынғы шектеги мойнақшы жасларымыздың бүгинги табыслары кимди болса да шексиз қуўанышқа бөлейди.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF