Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:09:54, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫСШЫ ТОПАР ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ТҮСИНИК БЕРМЕКТЕ

Исбилерменлик мақсетлери ушын жер орынларын ажыратыўға байланыслы мәселелер бойынша барлық процесслерди үйретиў бағдарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Әдиллик министрлиги, республикамызда жумыс алып барыўшы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин  қорғаў бойынша ўәкил аппараты, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен қала ҳәм районларда семинарлар өткерилмекте.

Усы мазмундағы семинар Беруний районында да болып өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 26-августтағы «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос турған жер участкаларын бериў және архитехтура-қурылыс жумысларын әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәми­йинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрьдеги «Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос тур­ған жер участкалары исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын тек «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукцион арқалы бериледи. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң қарарларына муўапық жер участкаларын бериў жағдайлары буған кирмейди.

Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге «YERELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме сис­темасында анық инвестиция миннетлемелери менен бирге жер участкасы ҳәм режелестирилип атырған қурылыс объекти ҳаққындағы мағлыўматларды ке­йин ала оларды  электрон онлайн-аукцион қойыў мәселесин белгиленген тәртипте көрип шығыў ушын жайластырыў бойынша  усыныслар киргизиў ҳуқықы берилди. Усы қарар менен автоматластырылған мәлимлеме дизимине киргизилетуғын министрликлер, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң дизими қәлиплестирилди.

Илажда қәнигелер тәрепинен қатнасыўшыларға жер участкаларын таңлаў материалларын келисиў ҳәм жер участкаларын «YERELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме сис­темасына жайластырыў, исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў усынылмайтуғын аймақлардың координаталарын бериў ҳәм оларды жаңалаў тәртиби, жер участ­касынан турақлы пайдаланыў ҳуқықын аукционға таярлаў бойынша толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, аукционды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериўдиң улыўма шәртлери, өткериў ҳаққындағы хабарнаманы жайластырыў, аукционда қатнасыў шәртлери менен тәртиби, лотты аукционнан шақырып алыў тәртиби ҳәм мүддети, аукционның нәтийжелери бойынша протоколды рәсмийлестириў, оннан түсетуғын қаржыларды бөлистириў мәселелери түсиндирилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған басқа да сораўларға жуўап алды.

Усы мазмундағы семинар республикамызда даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF