Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:29:15, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АВТОБУСЛАР ЖҮРДИ, БИРАҚ...

Усы жылдың 8-июнь күнинен баслап аймақларда жәми­йетлик транспортларға-автобуслар ҳәрекетине руқсат берилди. Бирақ, карантин талапларының жумсартылыўы айдаўшы менен жолаўшыларды белгиленген ўазыйпаларынан азат етпейди.

Яғный, олардың карантин талаплары тийкарында ҳәрекетлениўи қатаң бақлаўға алынған.

«Автобуслардың жумысларына руқсат берилди, адамларда кеселликти жуқтырып алыў қәўпи күшейип кетпей ме?» деген сораўлар келип шықпақта. Жәмийетлик транспортларда төмендеги талаплар белгиленген:

- транспорт қуралын соңғы жөнелис ноқатында дезинфекциялаў;

- автобус салонына тек ғана медициналық нықаплардағы жолаўшыларды киргизиў;

- транспорт басқарыўшыларды медициналық қолғап ҳәм медициналық нықаплар менен тәмийинлеў және олардың турақлы түрде өз ўақтында алмастырып барылыў илажларын көриў.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт Министрлигиниң автомобильлерде тасыўлар қәўипсизлигин тәмийинлеўди бақлаў бөлиминиң инспекторлары тәрепинен аймақларда қатнап жүрген автобус ҳәм де жөнелиссиз таксилер ҳәрекетиндеги айдаўшы ҳәм жолаўшылардың санитария ҳәм гигиена қағыйдаларына әмел етиў жағдайларын бақлап бармақта.

Әсиресе, автобус ҳәм жөнелиссиз такси айдаўшыларының медициналық нықап ҳәм қолғапта болыўы, такси салонларында жолаўшы ҳәм айдаўшы орынлықларының арнаўлы плёнка менен ажыратылыўы күнделикли рәўиште қадағаланбақта. Соның менен бирге жолаўшылардың транспортта нықапта жүриўлерине де итибар бермекте. Анықланған жағдайлар бойынша тийисли шаралар көрилмекте.

Кеселликтиң алдын алыў ҳәм карантин илажларына әмел етиў өз қолымызда. Хүрметли жолаўшылар! Жәми­йетлик транспорт хызметинен пайдаланыўда өз саламатлығыңызға бийпарқ болмаған ҳалда карантин талапларына қатаң әмел етиўлерин сорап қаламыз.

 

З.Қалжанова,

ҚР Транспорт министрлиги

мәлимлеме хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF