Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:54:16, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НӨКИСЛИ ОҚЫЎШЫ ЖЕҢИМПАЗ БОЛДЫ

Испания мәмлекети тәрепинен онлайн форматта өткерилген «WORLD ART GAMES» халықаралық таңлаўында Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқыўшысы Сарвиноз Олимова жеңимпаз болды.

Оның фортепианода атқарған қарақалпақ композиторы Ғайып Демесиновтың «Прелюдия» шығармасы абырайлы төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен жоқары баҳаланды ҳәм биринши орынға мүнәсип деп табылды. Жас талант ийеси тәрепинен шығарманың оғада тәсирли, динамикалық жақтан күшли ҳәм техникалық жақтан анық атқарылғанлығы айрықша атап өтилди.

— Елимизде жәриялан­ған карантин илажлары дәўиринде де шәкиртлеримиз бенен онлайн таярлықлар алып барып, түрли таңлаўларға қатнасыўға ҳәрекет еттик,-дейди жеңимпаз оқыўшының устазы Гүлнара Алланиязова. — Сарвиноз өткен жылдың ноябрь айын­да Испания мәмлекети тәрепинен Ташкент қаласында өткерилген «OPEN-ASIA» халықаралық таңлаўда екинши орынды ийелеген еди. Бул елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыў, талантлы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың қәбилетин жүзеге шығарыўына қаратылып атырған итибар және ғамқорлықтың нәтийжеси деп билемен.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF