Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:59:33, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚЫРДА  ЖҮЗГЕН «АҚ  КЕМЕ»

Мойнақ беттен хош хабар, талабы келискенниң кемеси қырда да жүзеди. Президентимиз Ш.Мир­зиёевтиң келешегимиз болған жас әўладларға ўәде еткен әжайып саўғасы, «Шағырлы» аўылында Тикөзек бойындағы ең пайызлы жер, қалың тораңғыллықтың арасына бир ярым жылдан берли салынып атырған 250 орынлық «Ақ кеме» балалардың жазғы дем алыў мәсканы қурылып, пайдаланыўға берилди. 

Теңиз жағасынан шегинбесинен алдын балалар ҳәм кекселердиң дем алыў орынлары бар еди. Суўдың орнын көшпели қумлар ийе­леп, экологиялық аўыр жағдайлар жүзеге келгенде, журтын таслап көшкенлер көшти, қалғанлар қалды. Халқымыз Аралдай теңизи, балықшылар порты санал­ған Мойнақтай тарийхый қаласының географиялық картадан өшип кетпеўи ушын туўылған жерине деген сүйиспеншилиги, садықлығы, ертеңги күнине деген беккем исенимине бола ғәрезсизлик жылларын күтиў менен табан тиреп жасап, аўызбиршиликли мийнет ете билди.

Қәне, сыр минез болып қалған дәрья, теңиздиң қас қағымда өзгеретуғын бүгинги қубылмалы тәбиятын бақлап көрейик. Кешеги тамылжыған ыссы бүгин жоқ. Теңиз тәрептен көтерилип, аспанды бир тегис қаплаған аппақ думан, дузлы шаң арасында қуяштың көзи сығырайып көринеди. Әдетте, усындай тәбият тонын терис кийген пайытлары таў теңселдиретуғын самалы булт шақырып, нөсер жаўынынан жыйналғанлар жаўрап қалмаса болар еди, деп қәўетер алдық.

Ашық майдан астындағы байрам салтанатлары өткерилетуғын майданшаға ел ағалары, республикамыздың барлық жерлеринен келген ҳүрметли қонақлар, 150 ден аслам дәслепки дем алыўшылар менен лыққа толды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары гимнлери жаңлап еситилгеннен соң балалардың қуўанышларын бөлискен Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары федерациясы баслығы К.Рафиков, Өзбекстан Республикасы «Нураный» қоры баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы С.Турдиев, академик А.Саидов, жазыўшы-шайырлардан Минхожиддин Мирза ҳәм Б.Эргашев, биринши дем алыў бахтына миясар болған М.Кәримов ҳәм Д.Әбилғазиевалар халықаралық талап ҳәм үлгилерге толық жуўап беретуғын дем алыў имаратының қысқа мүддетлерде сапалы қурылып пайдаланыўға  тапсырыўға мүмкиншилик жарат­қаны ушын Президентимиз Ш.Мирзиёевқа өз миннетдаршылықларын билдирди. Шығып сөйлеўшилер өз сөзлери, өз-ара пикир алысыўларында күндизги күнде аралаған бүгинги жәннет мәканға айланып атырған Мойнақтағы ири қурылыслар, өндирис орынларының ашылыўы, таң қалғандай өзгерислерге кеўли толғанларын, соңғы төрт жылдағы исленип атырған жумыслар отыз жылға тең келерин толып-тасып сөз етисти.

13-июньнен баслап биринши гезекте қабыл етилген дем алыўшылары, Хожелидеги «Меҳрибанлық үйи»нен алпыс, И.Юсупов атындағы инталы балалар мектеп-интернаты тәрбияланыўшылары, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл районларындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың ул-қызлары  бос ўақытларын кеўилли өткерип, қымбатлы денсаўлықларын беккемлеўге мүмкиншиликлер алды. Усындай шексиз ғамқорлықларға ылайық өз Ўатанын сүйетуғын, садық избасарлар болып өсетуғынына беккем исеним билдиристи.

Мәскан ушын улыўма 13 гектар жер ажыратылып, соның 5 гектарына егилген түрли мийўе нәлшелери ҳәм саяманлы тереклер жерге терең тамыр урып, қыр-дөгерек қулпырып тур.

Кешеде балалардың дем алыў орайы директоры З.Сайтбековаға дәстүрий «алтын гилт»ин тапсырып, өз гезегинде белсендилик көрсеткен қурылысшыларға да саўғалар инам етилди.

Мойнақ районын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша үш рет арнаўлы ҳүкиметлик қарар қабыл етилип, еки рет хызмет сапары менен келген Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң район халқы менен ушырасыўларындағы айт­қан... «Қайда жүрсем де Аралды, Мойнақты жүрегимниң төринде сақлаў менен сағынып, жетип барғанша асығаман...», «Еле, көресизлер, мәденият, халық хожалығының барлық тараўларындағы жоқары раўажланыўлар Мойнақтан басланып, пүткил дүнья ҳәўес пенен қарайтуғын үлкеге айланады», «Егер, бизиң жүргизип атырған экономикалық реформаларымызға исенимсизлик пенен қарайтуғынлар болса, Мойнаққа келип, ийгиликли ислеримиз бенен таныссын» деген жалынлы гәплери видеокөрсетиўлер арқалы қайталап берилгенде терең мағаналы сөзлери мәзи айтылмағаны, ис пенен өз тас­тыйығын тапқанына гүўа болғанлар тик аяғынан турып, қол шаппатлаўлар менен күтип алысты. Халқымыздың беккем аўызбиршилигин кеўип кеткен Арал теңизи ултанына сексеўил еккенде қолға-қол усласып еткен пидәкерли мийнетлеринен де көриўге болады.

Дем алыў орнында 34 тәжирийбели тәрбияшы, бас­қа да хызмет түрлерин көрсетиўшилер ықлас пенен жумыс ислеп атырғанына қуўанышлы.­

Өткен жылы Мойнақтағы Жаслар фестивалына қатнасқан едим. Соннан берли Арал теңизи, Мойнақ мени өзине магниттей тартады, - дейди топар тәрбияшысы Айзада Таженова. ­ Кешеги күнниң өзинде жақын әтираптағы тәбийғый орталықты тамашаладық, дәрья, теңиз бойларына шығыўға асығып атырмыз. Спорттың барлық түрлери бойынша дөгереклер ислеп турыпты, китапхана қоры жүдә бай, газета-журналлардың таза санларын оқыў мүмкиншилигине ийемиз...

Салтанатлы мәресимде республика көркем өнер ғайраткерлериниң концерти, ортаға жағылған от әтирапындағы саз-сәўбет, аяқ ойынлар түнниң бир ўақтына шекем даўам етти...

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ, өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Дәслепки дем алыўшылар «Ақ кеме»сине минип, теңизде жүзбекши. 

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF