Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:37:27, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘКИМШИЛИК СУДЫ ҲӘМ РАЙОН (ҚАЛА) ҲӘКИМШИЛИК СУДЛАРЫНЫҢ ЖУМЫСЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Бүгинги күни дүнья жәмийетшилиги коронавирус пандемиясы дәўиринде бул эпидемияға қарсы гүресиў бойынша барлық илажларды ислемекте. Карантин қағыйдаларын бузғанлар нызамға сай жазаланбақта. 

Усы жылдың 16-март ҳәм 4-июнь аралығында Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды ҳәм ра­йон (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен жәми 576 шахсқа ҲЖҳКниң 54-статья­сы  (эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў), 183-статьясы (майда бийзарылық)  ҳәм 194-статья­сы (ишки ислер уйымы хызметкерлериниң нызамлы талапларын орынламаў) менен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы 482 ҳәкимшилик  иси көрилди. Соннан жәми 420 шахс­қа жәрийма жазасы тайынланды, ал, 148 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылды.

Көрилген жәми 576 шахс­тан 23 шахсы ҳаял-қызлар, 2 шахс ержетпеген, 3 шахс алпыс жастан асқан шахслар, ал, басқалары орта жас­тағы ер адамлар тәрепинен исленгенлиги анықланды. Булар барлық районларда жүз бергенлигин атап өтемиз.

Бир мысал келтирейик, Т.Б.исмли пуқара алдын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылғанынлығынан тийисли жуўмақ шығармастан, автомашина басқарыўға рухсат бериўши айдаўшылық гүўалығына ийе болмай турып, усы жыл 3-май күни саат 05:00лер шамасында өзиниң басқарыўындағы «Кобальт» маркалы автомашинасында белгиленген мәжбүрий қағыйдаларды бузып, Нөкис қаласы, Ислам Кәримов гүзары бойлап ҳәрекет етип киятырған ўақытта ЖПХ инспекторлары тәрепинен иркилген. Ол бул ҳәрекети менен бир неше нызам қағыйдаларын, атап айтқанда, «Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында»ғы Нызамының 17-ста­тья­сы талапларын бузған. 

Ол спиртли ишимлик ишкенликте гүманланып, Республикалық наркология диспансерине алып барылды ҳәм алкоголь ишимлик ишкенлигин тексериў ушын көриктен өтиўден бас тартып, қарсылық билдирген. Оның медициналық көриктен өтиўден бас тартқанлығы ҳаққындағы усы жыл 5-май күнги 390-санлы медициналық баянламасы алынған ҳәм де акт дүзилген.

Суд тәрепинен оған Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 54-статьясының 2-бөлими менен базалық есаплаў муғдарының 20 есеси, яғный, 4.460.000 сум жәрийма жазасы тайынланған, ҲЖҳКниң 136-статьясы 2-бөлими менен базалық есаплаў муғдарының 30 есеси, яғный, 6.690.000 сум жәрийма жазасы белгиленип, Кодекстиң 34-статьясы талапларына тийкар үзил-кесил базалық есаплаў муғдарының 30 есеси, яғный, 6.690.000 сум жәрийма жазасы тайынланған.

Бундай мысаллар оғада көп. Сонлықтан, барлық пуқаралар карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиўи ҳәм нызамларға сөзсиз бойсыныўы тийис. Өйткени, нызам бузыўшылық ҳәрекетлери биринши гезекте өзине ҳәм басқаларға зыян тийгизетуғынлығын умытпайық.

А.АДИЛОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF