Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:43:18, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎДАҒЫ ТЕКСТИЛ КӘРХАНАСЫ ҚАЛАЙ ИСЛЕМЕКТЕ?

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў минис­трлигиниң жуўапкерлери Бозатаў районындағы «Бозатаў» посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жайлас­қан «Боз-тех» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген «Текстиль» кәрханасының жумысы менен танысып, карантин дәўиринде жүзеге келген машқалаларына шешим табыўға әмелий жәрдем бериў мақсетинде ушырасыў өткерди.

 Ушырасыў даўамында атап өтилгениндей, коронавирус эпидемиясының тарқалыўына қарсы жәрияланған карантин мүнәсибети менен исбилерменлер ушын салық төлеў менен байланыслы ҳәм басқа да бир қатар жеңилликлер жаратылды. Бул бағдарда Президентимиздиң көплеген пәрманлары ҳәм қарарлары қабыл етилип, усы мәселелер бойынша видоеселектор мәжилислерин өткерип келмекте. Елимизде исбилерменлер өзлери ушын жаратылған усындай шараятлардан нәтийжели пайдаланып, халқымызға сапалы хызмет көрсетип келмекте.

— Бүгинги күнде кәрханамызда 100 ге шамалас жумысшы мийнет етпекте. Олар пандемия дәўиринде талап етилетуғын карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда өз жумысларын алып бармақта. Бул жерде хызметкерлер ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Ҳәзирги ўақытта кәрханамызда карантин талапларына бойсынып, медициналық нықаплар менен трикотаж өнимлери тигилмекте, -дейди кәрхана баслығы Р.Сабуров.

Министрлик басшысы кәрханадағы жумысшылар менен де сәўбетлесип, машқалаларын үйренди ҳәм олардың пикир-усынысларын тыңлады. Ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмай, үйренип шығылатуғыны атап өтилип, олардың орынланыўы бойынша ти­йисли тапсырмалар берилди.

Буннан соң аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж, көп балалы шаңарақлардың ҳалынан хабар алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF