Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:25:55, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШОМАНАЙЛЫЛАР ПИЛЛЕ САТЫЎ РЕЖЕСИН ОРЫНЛАДЫ

Халқымыз пилле жетистириў менен бурыннан шуғылланып келеди. Бүгинги күнде де елимизде наўқан қуртын бағыўды пуқта өзлестирген шаңарақлар көп.

Олар әпиўайы үй шараятында да ҳәр бир қуты наўқан қуртынан 65 килограммға шекем сапалы өним жетистиреди.

Наўқан қуртын бағыў қысқа мүддет даўам етсе де оны бағыўға алған шаңарақтың үлкен-кишиси бир ай таң сәҳәрден түн жарпына шекем тутзардан жапырақ кесип келиў, жапырақты шақасынан ажыратыў ҳәм қуртларға салыў менен бәнт болады. Қуртлардың үлкейген сайын азықлыққа — жапыраққа болған талабы артып бара береди.

Шоманай районында усындай ҳадал мийнети менен дәрамат таўып отырған 38 жумысты үйге бөлип алып ислеп атырған шаңарақ бар. Олар быйылғы жылы 2 тонна пилле өнимин жеткерип бериўди режелестирген еди.

  2020-жыл 11-июнь күни Шоманай ра­йоны пиллекешлери мәмлекетке 2 тонна 123 килограмм сапалы пилле шийки затын тапсырып, режени бириншилерден болып орынлады. Шоманайлы пиллекешлер зүрәәтти режелестиргенинен 6,15 про­центке артығы менен тапсырды. 

Пиллешилик елимиз аўыл хожалығының дәраматлы тармақларынан бири болып табылады. Президентимиздиң бул бағдарда 2017-жыл 29-марттағы «Өзбекжипексанаат» ассоциациясы жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы, 2018-жыл 4-декабрьдеги «Республика пиллешилик тармағын және де раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ҳәм «Пиллешилик тармағын және де раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлары қабыл етилген болып, олардың орынланыўы бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде усы қарарлар тийкарында елимизде пиллешиликти раўажландырыў, шийки зат өндириси муғдарын арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратылған болып, тараўды және де раўажландырыў тек пиллекешлердиң дәраматын арттырып қоймай, ал пиллени өзимизде қайта ислеп, сырт елге ярым таяр ҳәм таяр өнимлерди экспорт етиў көлемин арттырыўға хызмет етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF