Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:52:21, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУЎАПКЕРСИЗЛИКТИҢ ЖАЗАСЫ

Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 1842-статьясына көре диний мазмундағы материалларды тарқатыў мақсетинде нызамға қайшы рәўиште таярлаў, сақлаў, ғәрезсиз мәмлекетимиз аймағына алып кириў яки тарқатқанлығы ушын жуўапкершилик белгиленген.

1996-жылы Әмиўдәрья районында туўылған, орта арнаўлы мағлыўмат­қа ийе, Маңғыт қаласы, Пахтакор көшеси 26-жайда жасаўшы Рахимбаев Худойберган Отабек улы да келтирилген Кодекс статьясы талапларын бузғанлықта айыпланған.

Атап айтқанда, ҳуқықбузар Х.Рахимбаев 2020-жыл 22-январь күни өзиниң «ARTEL» маркалы қол телефонынан «MANGIT CITI» телеграмм социаллық топарына бир дана видеокөринистеги диний мазмундағы материалды тар­қатқанлығы тийисли уйым хызметкерлери тәрепинен анықланған. Нәтийжеде ҳуқықбузарлыққа жол қойған Х.Рахимбаевтың нызамсыз ҳәрекетлери суд тәрепинен көрип шығылды ҳәм базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарындағы жәрийма жазасына тартылды.

Әне, ойланбай ат­қан қәдем, жуўапкерсизлик ақыбети шаңарақ ырысқысына әдеўир материаллық зыян алып келди. Жуўапкерсизликтиң жазасы бул. 

 

 

Б.ҚУРБАНОВ.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF