Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:31:30, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТКЕ ЖӨНЕП КЕТТИ

Коронавирус панде­миясы себепли орнатыл­ған карантин илажларының жумсартылыўы себепли ҳәзирги күнлерде армия қатарын толықтырыўға үлгермеген жаслар мүддетли әскерий хызметке жол алмақта.

Усы жыл 9-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты Қорғаныў ислери басқармалары тәрепинен 500 ге шамалас жаслар мүддетли әскерий хызметти өтеў ушын «Өзбекстан темир жоллары» АЖ тәрепинен жолға қойылған арнаўлы поездларда жөнеп кетти.

Әскерий хызметти өтеўге жол алған жаслар кетиўден бир неше күн алдын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты Қорғаныў ислери басқармаларында шөлкемлестирилген әскерий-медицина комиссиясы тәрепинен тексериўден өткерилди. Олар COVID-19 жуқпалы кеселлигине медициналық тест сынақларын тапсырып, нәтийжелери унамлы тастыйық­ланғаннан соң Қураллы Күшлер қатарын толықтырыў ушын рухсат берилди. Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, армияға шақырылған қарақалпақстанлы ҳәм хорезмли жаслардың барлығында тест нәтийжелери жақсы екенлиги тастыйықланды.   

Елимизде енгизилген карантин ҳәм аралық қағыйдаларды сақлаўда мүддетли әскерий хызметке шығарып салыў салтанаты олардың ата-аналары ҳәм жақынларының қатнасыўысыз өткерилди. Илажда қатнасқан Арқа-Батыс әскерий округи сәркардалығы бүгинги сынаўлы күнлерде Ўатанды қорғаўға атланған жигитлердиң хызметлерине табыслар тиледи.   

Мүддетли әскерий хызметке жол алған жаслардың белгиленген мәнзиллерине жетип алыўы ушын рейске қойылған арнаўлы поездлар Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен дезинфекцияланды. Сондай-ақ,  ҳәр бир вагонға әскерий-медицина қәнигелери бириктирилип, олар шақырылыўшылардың аралыққағыйдаларына ҳәм жеке ги­гиена талапларына әмел етиўи үстинен қадағалап барыўды ҳәм зәрүр жағдайларда тез медициналық жәрдем көрсетилиўин тәмийинлейди.   

Қураллы Күшлер қатарын толықтырыўға жол алған жаслар әскерий бөлимлерге жетип барғаннан соң 14 күнлик карантин қадағалаўында болады. Буның ушын орынларда тийисли илажлар әмелге асырылды. Белгиленген мүддет табыслы тамамланған соң, карантин ҳәм жеке гигиена талапларына қатаң әмел еткен ҳалда мүддетли әскерий хызметкерлер менен оқыў-тактикалық шынығыўлар алып барылады. 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF