Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:09:44, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТҮСИНДИРИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА

“Uz-Kor Gas Chemical” ЖШЖ  ҚК  жайласқан айрықша әҳмийетли ҳәм категория­ланған объектлердеги өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў инспекторлары,  жеке қурам хызметкерлери ҳәм исши хызметкерлер арасында өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў, оны болдырмаў мақсети үйренилип шығылып,  ис-режелер белгиленип, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақда.

Жаз мәўсиминиң басланыўы, ҳаўа- райының кескин ысып кетиўи мүнәсибети менен айрықша әҳмийетли ҳәм категорияланған объектлер басшылары тәрепинен буйрық ҳәм ис-режелер ислеп шығарылды, өрт техникалық комиссия ағзаларының алдына жуўапкерли ўазыйпалар белгилеп берилди. Өрт техникалық комиссия ағзалары қатнасыўында кәрхана аймағында жайласқан цех ҳәм участкаларды өрт қәўипсизлиги илажларын кадағалаў бойынша тексериўлер өткерилмекте. Ҳәр бир цех участкаларында өрт қәўипсизлиги мүйешлери исленип, еслетпелер шығарылды. Ўазыйпалардың орынланыўы бойынша түсиндириў жумыслары жүргизилмекте.

Атап айтқанда, цехлардың  басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлер менен биргеликте жарылыў ҳәм өрттиң келип шығыўы қәўпи жоқары болған орынларда өртлерди автомат өшириў ҳәм өрт ҳаққында хабарлаў, түтинди шығарыў, қәўипли газ муғдарын анықлаў ҳәм усыған усаған қурылмаларды оңлаў, насазларын сапластырыў, өртке қарсы сыртқы ҳәм ишки суў тармақларын жақсылаў барысында теориялық ҳәм әмелий ислер алып барылып, орынланбай қалып атырған өртке қарсы ис-илажлардың алдын алыў шаралары көрилди.

Объектлерде болыўы мүмкин болған өртлерди, әсиресе жарылыў ҳәм өрттиң келип шығыўы қәўпи жоқары болған, күшли тәсир етиўши затлар сақланатуғын орынларда, өрт аварияларының алдын алыў бойынша исши-хызметкерлер арасындағы ушырасыўларда үгит-нәсият, түсиндириў жумыслары жүргизилип, жуўапкер  хызметкерлер менен биргеликте әмелий өрт өшириў шынығыўлары өткерилмекте.

Айрықша әҳмийетке ийе ҳәм категорияланған объектлерде өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм болдырмаў мақсетинде барлық басшы ҳәм исши хызметкерлер өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қараса, әлбетте, аянышлы жағдайлардың алды алыныўына исенемиз.

Р.РЕИМОВ,

Uz-Kor Gas Chemical” ЖШЖ  ҚК ҳәм оның қурамындағы объектлери имаратларында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириў бөлими профилактика ҳәм қадағалаў бөлимшеси өрт қадағалаў ҳәм профилактика бойынша инспекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF