Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:37:25, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАҒЫЙДАЛАР ИТИБАРДЫ ТАЛАП ЕТЕДИ

Республикамызда өним ислеп шығарыўшы кәрханалар хызмет көрсетиўинде яки заманагөй технологияларды иске қосыўда электр энергиясынан пайдаланбайтуғын бирде-бир тараў жоқ.

Солай екен, ҳәр бир кәрхана да, шөлкем, мәкемелерде электр қурылмалары ҳәм оларды эксплуатациялайтуғын қәнигелер бар. Олар, хызмет ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен жантасыўын бүгинги күнниң өзи талап етпекте.

Негизинде, электр қурылмаларын қәўипсиз, авариясыз ҳәм исенимли пайдаланыўды тәми­йинлеў болса, тийисли нормативли қағыйдаларға, инструкцияға, буннан тысқары ислеп шығарған завод инструкциясына қатаң бойсыныўды талап етеди. Сонлықтан, электр энергетикасы тараўын қадағалаў инспекциясы «Ўзэнергоинспекция»сы тәрепинен,   «Тутыныўшылардың электр қурылмаларын техникалық эксплуатациялаў қағыйдалары», ал, Өзбекстан Республикасы Әдиллик минис­трлигинен 2004-жыл 9-июльде рус тилинде мәмлекетлик дизимнен өткен «Правила технической эксплуатации электроустановок потребителей» қағыйдасы  ғалабалық болып, оннан пайдаланыўшыларға қолайлылық жаратыў мақсетинде, олар өзбек ҳәм рус тиллеринде китап үлгисинде басып шығарылған.

Бул қағыйдалар, административлик тийислилигинен ҳәм мүлкшилик формасына қара­мас­тан барлық электр энергиясы тутыныўшылары ушын мәж­бүрий болып саналады.

Қағыйдалардың мақсети,  электр қурылмаларын ҳәм тармақларын исенимли, қәўипсиз ҳәм ақылға уғрас эксплуатация етиўди тәмийинлеў, оларды жумысқа жарамлы жағдайда сақлап турыўдан ибарат.

 Ҳәр бир электротехник хызметкер, өз кәрханасының технологиялық айырмашылықларын анық түсинип мийнет етиўи, ислеп шығарыў тәртибине қатаң бойсыныўы ҳәм барлық қәўипсизлик илажлары менен оларды беккемлеўи керек.  Буған қосымша, басқа нормативли ҳүжжетлер талапларын билиўи ҳәм соларға бойсынған ҳалда жумыс алып барыўы шәрт.

Мине, сонда ғана күтилмеген авариялық жағдайлардың, электр энергиясы үзилислериниң алдын алған боламыз, өндирис технологияларының узақ мүддетли ислеўине ерисемиз.

Б.ЗАРИМОВ,

«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлиминиң бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF