Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:45:05, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПЕДАГОГ ХЫЗМЕТКЕРЛЕР ХОШАМЕТЛЕНДИ

Бүгинги күнде коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў ҳәм  оның алдын алыў бойынша мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар алып барылмақта. 

Усындай бир сынақлы  ўақытта да мектеп оқыўшыларының сапалы билим алыўы ушын  Қарақалпақстан Республикасы  Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен  Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң  үзликсизлигин толық тәми­йинлеў мақсетинде 600ге шамалас телесабақлар таярланып, эфир арқалы  оқыў­шыларымыздың нәзерине усынылды. Жақында Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы жәмәәти қарақалпақ  тилинде  «Онлайн-мектеп»  рубрикасы астында өткерилген телесабақларға белсене  қатнасқан бир қатар педагог-хызметкерлерди  мүнәсип хошаметледи. 

Телесабақларды эфирге таярлаў барысында улыўма орта билим бериў мектеплеринен ең тәжирийбели  пән муғаллимлери таңлап алынып, 138 пән муғаллими ҳәм 11  сурдопедагог белсене қатнасты. Бул дөретиўши топардың   бәршеси сыйлықланды.   Олардан 15 муғаллим «Меҳр саховат» көкирек нышанына, 21  муғаллим  Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы, 28  муғаллим Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайының  Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Пайтахтымыздағы  15-санлы   улыўма орта билим  бериў мектебинен телесабақларға белсене қатнасқан физика пәни муғаллими  З.Балта­баева,  технология пәнинен Ж.Қалилаева, инфор­мати­ка  пәни муғаллимлери Н.Рейм­баева ҳәм К.Халмуратовалар да сыйлық алыўға миясар болды.

­ Маған   бундай жуўапкершиликли ўазыйпаны тапсырғанда   дәслепки ўақытлары албыраўшылық пайда болды. Себеби, мениң қыялыма  республикамыздағы барлық мектеп оқыўшылары менен ата-аналары көреди, деген ой келди, - дейди К.Халмуратова.  Соңын ала, оқыўшылардың қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде  сабағыма байланыслы ҳәр қыйлы көргизбели қураллар  ҳәм слайдлардан пайдаландым...

 Ҳақыйқатында да,   ҳәзирги ўақытта  оқыйман, билим аламан деген жаслар ушын  мәмлекетимиз тәрепинен барлық шараятлар жаратылған. Карантин ўақтында да  оқыўшылар  билим алыўға тырысты. Түсинбеген  темаларын   муғаллимлеринен сорап  барды. Онлайн-мектеп бағдарламасы муғаллимлер ҳәм оқыўшылар арасындағы байланысты тағы да беккемледи.

 

 

Г.КАРИМОВА.

Нөкис қаласындағы 15-санлы мектептиң  қарақалпақ

тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF