Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:28:07, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЯКИ КАМЕРА АРТЫНДАҒЫ ЖАСЫРЫН ЖАҒДАЙЛАР

Адамлар бир ғана принципке әмел етиўди баслады. Бул принциптиң адамлар арасында тамыры терең ен жайып бармақта. Буны бүгинги карантин дәўиринде әпиўайы мысалларда көриўимиз мүмкин.

Карантин жәрия етилди, тәртип-қағыйда белгиленди. Кимлер қағыйдаға әмел етти, неше процент адамларда қағыйдабузарлық жағдайлары анықланды!

Карантин жумсартылды. Лекин, бул «карантин тамам» дегени емес еди. Бирақ, сиз қандай жол туттыңыз? Ҳәтте, орайлық көшелерде емин-еркин «нықап»сыз жүрдиңиз. «Аўылда, мәҳәллемде, үйимде ҳеш ким көрмейди» деп ашып кеткен сүт, талапқа жуўап бермейтуғын жасалма «фрейзер»лерге музқаймақ қуйып, балаларға тарқатып атырсыз. Үйиңизде қолда таярланған салқын ишимлик, морсларды арқайын сатып, дәрамат таўып атырсыз. Буның ақыбетинде сизиң музқаймағыңыз, салқын ишимликлериңизди ишип-жеген бала емлеўханаға жатқарылмақта. Биймәлел көше-күйде еки-үш күн алдын таярланған гөже, айраныңызды сатып жүрипсиз. Шыбын басқан мазалы затлар, гөшлер,,. Вирус қәўпи сизди ҳеш қандай қызықтырмайды. Тилекке қарсы, вирус жуқтырып алыў әпиўайы халық арасында да жүз берди. Не себептен? Карантин қағыйдаларын менсинбеўшилик, бийпәрўалықтың ақыбетинен...

Сизди видеокөриниске алыў барысында яки «тексериў» болғанда ғана нықап тағасыз, дезинфекция... Қулласы, «қаш, камера киятыр, ҳәмме нықап тағың, қолғап кийиң». Негизинде «камера» кеткеннен кейин ҳақыйқый тамаша басланады. Нықаплар шешиледи, жыйналысып карта ойнап атырған, нарда таслап атырғанларға гүўа боласыз. Айырым биналарға кирип те болмайды. «Апам кетти, мен қалдым» тақылетте. Нәўбет күтиўде аралықты сақлаў былай турсын, айырымларында нықап та жоқ. Гейбир жағдайларда сатыўшылардың қолында арнаўлы қолғап та жоқ. Пайдаланылатуғын өнимлерди жуўылмаған қоллары менен қарыйдардың ыдысына салып бериў мүмкин бе? Тек «камера» келгенде ғана сиз ақ халат, қолғап ҳәм нықапта өз орныңыздасыз? «Камера» кеткеннен соң және сол жағдай, «диск» бурынғысынша айнала береди. Буны ҳеш ким билмейди, көрмейди деп ойласаңыз, қәтелесесиз. Буны әтирапыңдағы кең аламан көрип турыпты. Мине, усы принцип! «Атына ғана»...

Есабат ушын исленген жумыстың халыққа неге кереги бар? Не ушын қағыйдаларға қатаң, ҳәмме бирдей әмел етпейди?! Буның ушын инфекция дизимге алыныўы шәрт пе? Сиз жора-жолдасларыңыз бенен үйде зыяпатлар шөлкемлестирдиңиз. Сиз, ҳәтте, жасырын аўыз ашар бердиңиз... әлбетте, есикти иштен қулплап. Сиздеги пикир... «Бизде коронавирус жоқ». Қатаң тәртип, қағыйда ҳүким сүрип турған бир ўақытта сиздей руўхы сайыз, адамгершилиги пәс кимселердиң бундай қағыйдабузарлық ҳәрекетлерин «халыққа, журтқа қыянет» деп баҳаласақ туўры болады. Ҳәтте, жасырын жоллар менен қалаға адам тасыйсыз. Жол кирей пулларын бурын­ғысынан үш-төрт есе қымбатлатасыз. Туўры гәп айтылса яки «жәрийма» төлесеңиз сизге аўыр батады. Онда нызам-қағыйдалар неге қабыл етиледи? Атына ғана ма? Сиз ким болыўыңызға қарамастан нызамға бойсынасыз. Нызам ҳәммеге тең, сизге жаға ма, жақпай ма, бул ҳақыйқатлық. Бул ҳақыйқатлықларды халық биледи, көрип тур.

Карантин қағыйдаларына әмел етилмесе, тәртип-интизам күшейтилмесе ҳәрекетлер нәтийже бермейди. Карантин жумсартылғаны менен еле талап-қағыйдалар «тамам»ланғаны жоқ. Егер, биз бул жағдайларға көз жумып қарар екенбиз, журтымызда жаңа кеселликлер пайда бола береди. Бул болса, әлбетте, қыйын жағдайды келтирип шығарады. Сергек болың! Көшеде жасалма усылда таярланған музқаймақ жеўден, газлы суў ишиўден өзиңизди тыйың! Карантин қағыйдаларына қатаң әмел етип, өзиңиз ҳәм әтирапыңыздағылардың саламатлығына бийпарқ болмаң! Нықапсыз жүрмең! Ҳәр қандай қағыйдабузарлық ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады. «Атына ғана» принципи тийкарында ҳәрекет етпең! Буның менен өзиңизди, басқаларды алдайсыз! қалғаны енди ҳүжданыңызға байланыслы...

Лобархан БАЗАРБАЕВА,

Беруний районы «Халқ минбари» газетасы хызметкери.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF