Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:30:42, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘДЕНИЯТ ҲӘМ КӨРКЕМ ӨНЕРГЕ АЙРЫҚША ҒАМХОРЛЫҚТЫҢ КӨРИНИСИ

Президентимиздиң елимиздеги барлық тараўлар қатары көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қаратып атырған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде тараўда нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Бүгин мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, әсиресе, нәўқыран әўладты көркем өнерге қызықтырыў, қәбилетли жасларымызды излеп табыў ҳәм қоллап-қуўат­лаўға итибар айрықша.

Усы жылдың 26-май күни Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў  илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң жумысын жетилистириў  илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи үлкен тарийхый ўақыя болды.

Елимиздиң миллий мәдениятын және де раўажландырыў, жаңа Өзбекстанның жаңа тарийхын жаратыў, мәдений мийрасларымызды қәстерлеп сақлаў, халық аўызеки дөретиўшилиги ҳәм ҳәўескерлик көркем өнерин еле де ғалаба ен жайдырыў, журтымыздың жәҳән мәдений орталығына жедел интеграцияланыўын тәмийинлеў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын иннова­циялық раўажландырыўға қаратылған бул тарийхый ҳүжжетлер узақты гөзленген мақсетлерге ерисиўде мәнзилимиздиң айдын болыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Пәрманға бола мәмлекетлик концерт ҳәм мәденият сарайларында толық жанлы атқарыўда өткерилетуғын концерт  бағдарламалары ушын ижара төлеми 50 процент шегирме тийкарында берилетуғын болды. Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өткерилетуғын илажлар, концерт-тамаша хызметин  әмелге асырыўшы шахслар хызмет көрсеткенде, әлбетте жазба ҳәм ҳақы төлеў есабына дүзилетуғын шәртнама дүзилиўи,  дөретиўшилердиң  ҳәм атқарыўшылардың авторлық ҳуқықларын қорғаўшы палата шөлкемлестирилиўи белгиленди. Усы жылдың сентябрь айынан баслап, ҳәр айдың биринши екшембиси «ашық есиклер күни» болып, усы күни музейлерге кириў бийпул болады. Ал, ҳәр бир қала ҳәм аўылларда басқышпа-басқыш үлкетаныў музейлери шөлкемлестириледи. 15-апрель — Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни деп белгиленди. Әлбетте, бундай итибар ҳәм ғамхорлықтан бүгин тараў хызметкерлери шексиз қуўанышта. Өйткени, жаратылып атырған бундай имканиятлар жәмийетимизде дөретиўши инсанлар, көркем өнер шеберлери менен тараў хызметкерлериниң орнын ҳәм абырайын көтериўде үлкен роль атқарады. Соның менен бирге, республикамыздың ҳәр бир аймағында көшпели цирклер (шапито, дәрўазлар топарлары) менен ҳайўанат бағлары шөлкемлестирилетуғын болды. Министрликке қараслы Мәдений мийрас департаментиниң жумысларына да бир қанша жеңилликлер берилип, департамент жанынан юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм көркем өнер экспертизасы бөлимлери шөлкемлестирилетуғын болды. Бул да бизиң бай тарийхқа ийе материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрасларымызды және де қәстерлеп сақлаў, оларды келешек әўладқа сап ҳалында жеткериўде кең имканиятлар есигин ашады.

Халқымыз арасында талантлы жаслар оғада көп. Олардың көпшилиги бүгин өз өнерлери менен жәҳән сахналарын таң қалдырмақта. Пәрманда тараўды жас қәнигелер менен тәмийинлеў, олардың илимий ҳәм дөретиўшилик қәбилетлерин жүзеге шығарыў бойынша да әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, 2020-2021-оқыў жылынан баслап ноталар топламлары ҳәм арнаўлы оқыў әдебиятлары мәмлекетлик қаржы есабынан баспадан шығарылып, билимлендириў мәкемелерине жеткериледи. Ендигиден былай балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери қатарында имканияты шекленген балалар да оқыйды. Мақам атқарыўшылығы, бақсышылық, қосықшылық бағдарлары бо­йынша кадрлар таярлайтуғын жаңа Юнус Ражабий атындағы өзбек миллий музыка көркем өнери институтының шөлкем­лес­тирилиўи де  бизиң неше әсирлик бай миллий қосықшылық өнеримиздиң еле де раўажланып, уллы устазларымыздың даўамшылары жетилисип шығыўына тийкар жаратады. Және министрликке қараслы қәнигелестирилген мектеплер тийкарында Республикалық музыка ҳәм көркем өнер колледжи, В.Успенский ҳәм Р.Глиэр атындағы Республикалық қәнигелестирилген музыка академиялық лицейлери Республикалық қәнигелестирилген музыка мектеплерине айландырылыўы, Карим Зарипов атындағы Республикалық эстрада ҳәм цирк колледжлериниң қайта шөлкемлестирилиўи де усылар қатарына киреди.

Усы жылдың 1-сентябринен баслап жеке меншик театрларда да музыкалы, драмалық шығармаларды да сахналастырыўға рухсат етилиўи ҳәм бул ушын оларға авторлық ҳақы төлеўди жолға қойыў республикамызда жеке меншик театрлар жумысының белсендилигин арттырып қоймастан, олардың санының көбейиўине де себепши болады.

Мәденият ҳәм көркем өнер ҳәр дәўирде де өзиниң қунын жойтпаған. Олар барлық тараўлар менен бирге теңдей қәдем таслап жүреди. Талантлы қурылысшы әжайып имарат қурса, ол ҳақыйқый көркем өнер дөретпесине айланады. Мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, дөретиўши зыялылар миллеттиң мәдений, мәнаўий келбетин белгилейди. Сонлықтан да, мәденият миллет айнасы, жәмийет көриниси саналады. Ҳәр бир миллет өз мәдениятын терең аңламас екен, оны қанатсыз қусқа мегзетсе болады. Сыр емес, бүгин көпшилик жасларымыз ғалабалық мәденияттың айырым түрлеринен үлги алып атырған бир  пайытта, оларды миллий қәдириятларымызға тән болған руўхта тәрбиялаў, өзлигимизди аңлатыў, олардың қәлбинде ана Ўатанымызға, миллий мийрасларымызға деген ҳүрметти оятыў баслы ўазыйпамыз.

Елимизде барлық тараўларды тең қәдем таслатыў, бүгинги заман талабы ҳәм талғамына сай раўажландырыў — дәўир талабы. Усы көзқарастан Журтбасшымыздың бүгин пүткил дүнья жүзи коронавирус пандемиясының аўыр ақыбетлерин бастан кеширип атырған бир пайытта, бизиң Өзбекстанымызды да шетлеп өтпеген тажлы бәлениң қәўпине қарамастан, елимиздиң барлық тараўларын теңдей раўажландырыўдағы жанкүйерлик ислери мақтаўға ылайық.

Өзбекстанның экономикалық жақтан қүдиретли болыўы, бул жолда турақлы раўажланыў ушын бийтәкирар мәденият ҳәм қәдириятларымызды терең аңлайтуғын жәмийеттиң қәлиплесиўине үзликсиз байланыслы екенлигин умытпаўымыз керек.  Усындай сынаўлы күнлерде мәденият тараўы хызметкерлерин жигерлендирген бул Пәрман ҳәм қарардың қабыл етилиўи бәршемизди елимиздиң мәдения­ты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы мақсетимизге қанат болып, айдын мәнзилге қарай исенимли қәдем таслаўға ийтермелейди.

 

 

Қалбай ТУРДИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF