Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:13:08, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДЕБИЯТҚА ҮЛКЕН  ИТИБАР

Ташкенттиң нақ жүрегинде жайласқан Олий Мажлис Нызамшылық палатасы саўлатлы имаратының жанындағы көркем «Миллий бағ»қа пүткил елимиздиң дыққат-итибары қаратылды. 

20-май күни ол жердеги «Әдиблер қыябаны»ның ашылыўына Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң өзи келип, жәҳән поэзиясы султаны деп тән алынған Әлийшер Наўайы ескерткишине гүлшеңбер қойыўын халық, жазыўшы-ша­йырлар үлкен көтериңкилик пенен күтип алды.

Бир-еки жыллықта тазадан қурып питкерилген Жазыўшылар аўқамының көр­кем имараты жанынан «Әдиблер қыябаны»н шөлкемлестириў ҳүрметли Президентимиздиң басламасы еди. Қурылысшылар менен дөретиўшилер топарының пидәкерлик мийнети арқасында өзбек миллий ҳәм туўысқан халықлар әдебиятының көрнекли ўәкиллериниң скульптуралық ескерткишлери бой тиклеп, көркем бағды тағы да шырайландырап жиберди.

Президентимиз аллеяны көзден кеширип, тийисли басшыларға бул жерди келешекте китап қумар жаслардың мушайралар, әдебий кешелер, китап көргизбелерин өткизетуғын орнына айландырыў, «Әдиблер қыябаны» атамасы астында интернет ашыў бойынша усыныс ҳәм тапсырмалар берди. Өзбек, рус, инглис тилинде жумыс ислейтуғын сайт миллий әдебиятымызды әлемге танытыўда хызмет етеди.

Әлийшер Наўайыға бағышлап қойылған ескерткиш жанынан орын алған 20 тулға шах ҳәм шайыр, темурийлар әўлады Заҳриддин Муҳаммад Бабур, Агаҳий, Бердақ, Муқимий, Фурқат, Беҳбудий, Авлоний, Шолпан, Қадирийлерге арналған. Сондай-ақ, олар қатарынан Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов пенен Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың ескерткиши де орын алған.

XIX әсир қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили Бердақ бабамыз, сондай-ақ, бүгинги миллий әдебиятымыздың ири тулғалары болған Ибрайым Юсупов пенен Төлепберген Қа­йыпбергеновтың дөретиўшилиги, шығармалары өзбек китап оқыўшылары тәрепинен сүйип оқылмақта. 2018-жылда Бердақ Қарғабай улы шығармаларының 8 томлығы, 2019-жылда Төлепберген Қайыпбергеновтың, Ибрайым Юсуповтың таңламалы шығармаларының 8 томлықлары өзбек тилинде басылып шықты. Май айында еки ақсақалымыздың туўылған күнлерин китапқумарлар жәмийети кең түрде нышанлады.

Арғы дәреги Қорқыт атадан басланатуғын қарақалпақ әдебия­тының тарийхы менен аўыз еки әдебияты оғада бай. Классик әдебиятымыз ўәкиллериниң шығармаларын, фольклорымызды халық аўзынан жазып алып, басып шығарыўға, изертлеўге өткен әсирдиң басларынан баслап кирисилди.

Бул исте пидәкерлик көрсеткен қарақалпақ әдебияты тарийхын изертлеўшилеримиз филология илимлериниң докторы Қаллы Айымбетов, Нәжим Дәўқараев, Наўрыз Жапақов, Марат Нурмухаммедов ҳәм бас­қалар халқымыздың ядында қалды. Сондай-ақ, XIX әсирде жасап, дөретиўшилик пенен шуғылланған Бердақ, Әжинияз, Күнхожа, Өтеш, Омар ша­йырлардың, XX әсирде жасаған көрнекли жазыўшы-шайырларымыздың бизге қалдырған әдебий мийраслары жаңа әўладты қарақалпақ халқының әсирлер бойына тис-тырнақлап жыйнаған руўхый байлықлары негизинде тәрбиялаўға хызмет етип киятыр.

Президентимиз Қарақалпақстан Республикасына сапар па­йытларында сөйлеген сөзлеринде Бердақ, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлардың дөретиўшилигине айрықша тоқталып бул жерде жазыўшы-шайырлар аллеясын шөл­кем­лестириў, ол жерге көрнекли жазыўшы-шайырлардың естеликлерин орнатыў бойынша көрсетпелер берген. Бүгинги күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси менен Минис­трлер Кеңеси бул ислерди жүзеге шығарыў бойынша шөлкемлестириў жумысларын баслап жиберди.

Соңғы жылларда жасларымызды, әсиресе өсип киятырған жас әўладты китап оқыўға қайтарыў, китап оқыў арқалы жеткеншеклеримизди халқымыздың бай үрп-әдет, дәстүрлерин бойына сиңдирген, елин жанындай сүйетуғын азаматлар етип тәр­бия­лаў мәселеси алдымызға қойылған. Бул ўазыйпаны иске асырыўға жәмийетлик шөлкемлер, халық тәлими, жаслар шөлкеми, басқа да шөлкемлер белсене кирискен. Изинде өлмес әдебий мийрас қалдырып кеткен жазыўшы-шайырлар атларын мәңгилестириў, оларға ескерткишлер орнатыў, дөретиўшилигин үйрениў бо­йынша дөгереклер, әдебий китап оқыўға қызықтырыўдың ажыралмас бир бөлеги болып табылады. Көркем әдебият, көркем шығармалар халықтың, миллеттиң, мәмлекет турмысының көркем тарийхы, мәдениятын, салт-дәстүрин әўладтан-әўладқа жеткизип отырыўшы бир қуралға мегзейди. Сол ушын да оған ҳәр дайым дыққат итибар қаратылған, қоллап-қуўатланған. Әсиресе бүгинги күни пүткил дүньялық масштабта жүзеге келген машқалалар көркем әдебияттың инсаният ушын қаншелли зәрүр екенин тағы бир мәрте уқтырды.

Президентимиз гүл қойыў мәресиминде сөйлеген сөзинде «бүгинги күн қаҳарманлары»н жаратыў зәрүрлигине де тоқталды. Биз, жазыўшылар бүгинги күн қаҳарманларын дөретиўде пидәкерлик пенен мийнет етиўимиз дәркар екенин тағы да тереңирек уғындық.

Коронавирус пандемиясы, тәбияттың қырсықлықлары нәтийжесинде пайда болған қы­йыншылықларға қарамастан «Әдиблер қыябаны»на келиўи, Президентимиздиң әдебият жан ашыры екенин айқын дәлилледи. Ал, қыябандағы ескерткишлер арасында қарақалпақ әде­бияты ўәкиллериниң орын алыўы қарақалпақ халқы, жазыўшылары қәлбинде мақтаныш Президентимизге деген шексиз миннетдаршылық сезимлерин оятты.  

К.Каримов,

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы,

Қарақалпақстан халық ша­йыры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF