Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:11:59, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЖЫХАНАДА ҚАНДАЙ НӘСИЛЛИ ҚАРАМАЛЛАРҒА ЖЕҢИЛЛИКЛЕР БЕРИЛМЕКТЕ?

Соңғы жыллары халықты сапалы және арзан гөш ҳәм сүт өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў бо­йынша бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 18-март­тағы «Шарўашылық тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарарында усы тараўда жумыс ислейтуғын исбилерменлик субъектлерине мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын субсидиялар ҳәм жеңиллетилген тәризде берилетуғын кредит түрлери белгилеп берилген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 12-апрельдеги 110-санлы қарары да усы мақсетке хызмет етеди. Қарарға муўапық, 2021-жылдың 1-январына шекем белгиленген талапларға жуўап беретуғын ти­йисли ҳүжжетлерге ийе бол­ған нәсилли қарамалларды республикамыз аймағына алып кириўде бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын төленетуғын бажыхана жыйы­мынан басқа) жеңилликлер белгиленген.

— Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана бас­қармасы арқалы усы жылдың май айының өзинде 6 исбилерменлик субъектиниң атына жәми 11 партияда 297 бас қарамал импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди,-дейди басқарманың мәлимлеме хызмети инспекторы Ю.Қудиярова. — Австрия, Литва, Россия ҳәм Украина сыяқлы мәмлекетлерден алып келинген усы қарамаллардың нәсиллилиги ҳәм усыныс еткен ҳүжжетлери бойынша, жәми 238 бас «Симментал» нәсилли қарамалға әмелдеги нызамшылыққа муўапық, бажыхана төлемлеринен дерлик 725 миллион сум жеңиллик қолланылды.

Басқарма хызметкерлери шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумысларда белсендилик көрсетип, сырт еллерден нәсилли қарамал алып келген исбилерменлик субъектлери ҳәм шарўашылық тараўы хызметкерлери менен ушырасыў өткерди. Олардың жумыслары менен жақыннан танысып, нәсилли қарамаллардың алып кирилиўинде ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған қолайлықлар ҳәм жеңилликлер туўралы мағлыўмат берди. Сондай-ақ, ушырасыўларда экспорт талапларына жуўап беретуғын дәрежедеги өним ислеп шығарылса, оны дүнья базарына шығарыў жоллары бо­йынша түсиниклер берилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF