Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:18:53, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКОНОМИКАНЫҢ ЖЕТЕКШИ ТАРМАҒЫНА АЙЛАНАДЫ

Бүгинги күнге келип, дүньяда жедел тарқалып атырған Коронавирус пандемиясы жәми­йеттиң барлық тараўларына, сол қатары, туризм тараўына да өзиниң кери тәсирин тийгизбекте.

Кеселлик тарқалыўының алдын алыў мақсетинде барлық мәмлекетлер өз шегараларын жаўып, мәмлекетлераралық транспорттың барлық түрлери тоқтатылды. Бул болса пүткил дүнья мәмлекетлери ортасындағы интеграция процесине кери тәсир етип, биринши орында дүнья бойлап туристлер ағымын кескин кемейтти. Бул жағдай елимизди де шетлеп өткен жоқ. Соңғы жыллары жедел раўажланып атырған туризм тараўы бириншилерден болып үлкен зыян көрди.

Ҳәзирги күнде бир қанша мәмлекетлерде карантин шеклеўлери басқышпа-басқыш жумсартылмақта. Соннан келип шығып, 28-май сәнесинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен «Коронавирус пандемиясының кери тәсирин кемейтиў ушын туризм тараўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы кешиктирип болмайтуғын ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрман қабыл етилди.

Әлбетте, соңғы жылларда журтымызда өзиниң жаңа раўажланыў басқышына кирискен туризм тараўы ушын бул Пәрман әйне кеўилдегидей ис болды. Өйткени, пандемия себепли ишки ҳәм сыртқы туризм пүткиллей тоқтап, мийманханалар, дем алыў орынлары ҳәм басқа да туристлик искерликке байланыслы барлық тараўлар үлкен қыйыншылықларды басынан кеширип атырған еди. Енди Пәрманда белгиленген жеңилликлер себепли бул тараў және аяққа турып, өзиниң алдынғы жағдайына қайтыўы күтилмекте. Себеби, партиямыз Сайлаўалды бағдарламаларында да айрықша атап өтилгениндей, туризм — экономиканың раўажланыў барысын және де тезлестиретуғын тийкар сыпатында әҳмийетли орын тутады. Қосымша жумыс орынларының жаратылыўына, халықтың бәнтлигин, пәраўан турмысын тәмийинлеўге, миллий руўхый ҳәм мәдений мийрасларымызды дүньяға таныстырыўда хызмет етеди.

Статистикалық мағлыўматларға көре, өткен жылы Өзбекстанға 1,7 миллион турист келип, мәмлекетимиз 10 нан артық абырайлы басылымларда ең көркем туристлик мәскан сыпатында тән алынған еди.

Президентимиз 2020-жылы 24-январьдағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатында туризмди экономиканың стратегиялық тармағына айландырыў әҳмийетли ўазыйпа екенлигин атап өткен еди.

Сондай-ақ, усы жылы шет еллерден келген туристлер санын 7,5 миллионға, 2022-жылда 10 миллионға ҳәм 2025-жылда 12 миллионға жеткериў режелестирилген еди. Лекин, коронавирус пандемиясы себепли тек ғана Өзбекстанда емес, ал, пүткил дүньяда туризм тараўы үлкен зыян көрди. Солар қатары Қарақалпақстан Республикасындағы мийманхана ҳәм бас­қа жайластырыў қуралларына жәми 2019-жыл даўамында 46386 дан артық мийманлар келген болса, соннан 21399 ы шет еллилерди қурайды. 2020-жыл январь-март айларында Қарақалпақстандағы мийманхана ҳәм басқа жай­ластырыў орынларына 5283 жергиликли ҳәм 1063 шет елли туристлер келген болып, олар өткен жылдың сол дәўири менен салыстырғында 8 процентке кемейгенлигин көриўимиз мүмкин. Коронавирус пандемиясы себепли бул көрсеткиш кейинги айларда буннан да пәс болыўы турған гәп.

Ендигиден былай Президентимиз Пәрманына көре, бул тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў күшейтиледи. 1-июньнен баслап, туроператорлар, турагентлер, жайластырыў қураллары ҳәм дерлик барлық усы тараў субъектлери санитария-гигиена қағыйдаларына әмел еткен ҳалда және өз искерлигин баслайды. Бар болған жумыс орынлары тикленеди ҳәм сол қатары жаңа ис орынлары да жаратылады, халқымыздың дәраматлары да асады.

Буннан көринип турғанындай, туризм — мәмлекетимиз экономикасын және де жоқарыға көтериўде айрықша орынға ийе болады ҳәм әлбетте, елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қоса алады.

Тәжибай РОМАНОВ,

«Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық бөлиминиң баслығы,

Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси, Жоқарғы Кеңес депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF