Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:41:04, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЫЙЫЛ ӘМИЎДӘРЬЯДА СУЎДЫҢ ЖАҒДАЙЫ ҚАЛАЙ?

Суў хожалығы министрлиги мағлыўмат берди

Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы егинлерин егип, дийқаншылық етиўге бел байлаған жерлеслеримизди бир сораў қыйнамақта. Быйыл Әмиў­дәрьяда суў көп бола ма ямаса аз баЎ Бул сораўға тийисли шөл­кемлердиң болжаў анализлери ҳәм қәнигелердиң пикирлери арқалы Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы ми­нистр­ли­гиниң баспасөз хызмети жуўап берди.

— Көпшиликке белгили, вегетациялық дәўирде дәрьялардағы суў муғдарының қанша болыўы өткен мәўсимлердеги жаўын-шашынлар, таўлардағы қар ҳәм музлар, яғный, суў дәрегинен келип шығып, гидрометеорологиялық хызмет орайы тәрепинен болжаў етиледи, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң Суў ресурслары, гидрометрия ҳәм диспетчерлик хызмети бөлиминиң баслығы Ү.Оразымбетов. — Өзбекстан Республикасы гидрометеорологиялық хызмет орайы тәрепинен гидрометеорологиялық жағдайдың анализи тийкарында 2020-жылдың вегетациялық дәўири (апрель-сентябрь) ушын суў сарпының болжаўы ислеп шығылған. Оған муўапық, Әмиўдәрьядағы суў муғдарына тәсири жоқары болған Вахш ҳәм Зарафшан бассейнлеринде суў сарпы нормасына салыстырғанда 85-95 процент болыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы егислик майданларының суў тәмийнаты Әмиўдәрьяның төменги бөлегинде жайласқанлығы себепли Түйемойын суў сақлағышында топланған суў қоры менен тиккелей байланыслы болып табылады. Быйылғы жыл май айының дәслепки 10 күнлигинде суў сақлағышта топланған суў муғдары орташа 2 миллиард 860 миллион куб метрди қурады. Бул өткен жылға салыстырғанда суўдың муғдары 1 миллиард 475 миллион куб метрге аз екенлигин көрсетпекте.

Усы суў сақлағышқа өткен жылдың усы дәўиринде келип турған суўдың муғдары орташа 1926 м3/секундты қураған болса, быйылғы жылдың сәйкес дәўиринде 646 м3/секундты қурады.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, министрлик республикамыздағы суў тутыныўшыларына соңғы жылларда Әмиўдәрья суў бассейнинде суў муғдарларының сезилерли дәрежеде азайып баратырғанын есапқа алып, аўыл хожалығы егинлерин суў­ғарыўда интенсив усыллардан пайдаланыў және суўды үнемлейтуғын (тамшылатып, жаўынлатып, көшпели ийилиўшең қубырлар, пульсар усылында) технологияларды енгизиўди ҳәм бар болған суў дәреклерин үнемлеп пайдаланыўды усыныс етеди.

Сондай-ақ, егинлерди суўғарыў тармақларының суў менен тәмийинлениў дәрежесинен келип шығып орналастырыў, атызларды гезек пенен суўғарыў және егислик майданларды суўғарыўға таярлаўда агротехникалық илажларды сапалы етип шөлкемлестириў, бар бол­ған суў дәреклерин үнем­леп пайдаланыў мақсетке муўапық болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF