Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:17:57, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРИЙХЫЙ  ЕСТЕЛИКЛЕР — БАЙЛЫҒЫМЫЗ

Жақында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында академик Жуманазар Базарбаев ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты доценти Рахимназар Базарбаевтың «Назлымхан сулыў естелиги Мазда қуда­йының  атына тийисли» атамасында итибарлы мақаласы шықты.

Мақалада авторлар 2003-жылы тарийх илимлериниң кандидаты “айратдин Хожаниязов пенен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен жәрияланған таңлаўда «Әййемги Окс дәрьясының төмениндеги зардуштлик дининиң излери» деген темада грант жеңип алғанлығын ҳәм сол тийкарда бир­қанша изертлеўлер нәтийжеси бо­йынша «Әййемги Окс дәрьясының төмениндеги зар­душт­лик дининиң излери» атлы монография шығарғанлығын жазады. Сол ўақытта авторлар Хожели районындағы Назлымхан сулыў естелигин зардуштликтиң Маздаҳ қудайының атына салынған болыўы керек, деген пикирди алға сүрген, лекин тарийхшылардың, кең жәмийетшиликтиң буған итибары болмаған.

Бизиң итибарымызды тартқаны авторлар мақалада усы естеликтиң жасы ҳәм оның атамасы, тарийхы базы илимпазлар тәрепинен бурмаланғанлығын исенимли фактлер менен береди.

Мәселен, Миздакхан атамасы Маздаҳқан болыўы керек, себеби орта әсир араб-парсы жазба дәреклеринде де Маздаҳқан деп жазылған. Мысалы,  Ибн Русте де, Истахр де, Мандиш де, парсы тилиндеги «Худуз ал-әмел» атлы  шығармада қаланың аты Миздахқан түринде емес, ал, Маздаҳ­қан деп берилген, делинеди.

Атақлы араб географы ал-Мақсудий өз мийнетинде 985-жылда-ақ Миздакхан өзиниң үлкенлиги менен Қыят, Гургандж сыяқлы Хорезм мәмлекетинде үшинши қала, деп көрсеткенлигин тарийхтан жақсы билемиз.

Авторлар Назлымхан сулыў естелигин орта әсир естелиги деп тастыйықланыўына келиспейтуғынын билдирген. Бул пикирлеринде жан бар деп ойлаймыз. Ақыры, Назлымхан сулыў естелиги астында зардуштлик мәденияты қатламы жатырғанын археолог илимпазларымыз анықлады.

Бүгинги күнде тарийхымызға жаңаша көзқарас пенен қараў ҳүкиметлик сиясат дәрежесинде қаралып атыр. Ҳақыйқатында да, өткен әсирде қаншама қунлы тарийхый мийрасларымыз қызыл империя дәўирлеринде жоқ етилди, халық аўызеки дөретпелеримизде қаншама түп нусқалар бурмалаўға ушырады, қаншама бийбаҳа естеликлеримиз сыртқа алып кетилди. Олар бүгинги күнде ғайры еллерде музейлерде көргизбеге қойылған, китапханаларында сақлаўлы.

Бизиң ойымызша, авторлар мәселени күтә дурыс қоймақта. Солай екен, Кеңес ҳүкимети дәўиринде тарийхымыз сиясий тәсир астында киширейтилген, бурмаланған болса бүгинги күнде бул кемшиликлерди дүзетиўимизге имканият туўылды. Журтбасшымыз, ҳүкимет басшылары буны қоллап-қуўатламақта.

Миздакхан естелигине байланыслы авторлар пикирин кең жәмийетшиликте қызғын талқылап, бул бо­йынша көлемли жумысларды қолға алыў керек, деп ойлаймыз. Соннан, Миздакхан, авторлар айтқандай, Маздаҳхан атамасы менен аталыўын, оның тарийхый әҳмийети кең үгит-нәсиятланыўын, бул бойынша халық­аралық көлемде ири илажлар өткерилиўин, оған дүнья илимпазлары менен жәми­йетшилигиниң итибары қаратылыўын, естеликти ЮНЕСКОның мәдений мийраслары дизимине киргизилиўин усыныс етемиз.

Тарийхый естеликлер — бул бизиң экономикамыздың да тиреги. Пүткил дүнья жүзинде, соның ишинде бизиң елимизде де туризм тараўына жоқары итибар қаратылмақта. Президентимиз ҳәм ҳүкимет тәрепинен бул тараўды раўажландырыў бойынша қаншама әҳми­йетли ҳүжжетлер қабыл етилди. Миздакхан естелик комплекси Қарақалпақстандағы туристлер итибарын тартатуғын ең белгили орынлардың бири екенлигин ескерсек, бул орынды үлкен дәрамат дәргайы деп те қабыл етиўимиз зәрүр. Турист­лердиң дыққатын еле де тартыў ушын естелик комплексинде кең көлемде абаданластырыў жумыслары да алып барылыўы керек. Абаданластырыў жумыслары тарийхый естеликлерге зыян жеткермеўи лазым. Естеликлерге тәжирийбели қәнигелерди тартқан ҳалда реставрация жумысларын алып барыў зәрүр.

Қандайдур тәсирлер астында тарийхымызды жоқ қылыў яки бурмалап көрсетиў ең аўыр гүнә саналады. Тарийхый естеликлер — бул мақтанышымыз, руўхый байлығымыз, үлкен дәрамат дәрегимиз. Биз оларды сақлап, келешек әўладларға жеткере билиўимиз дәркар.

Кеңесбай Алламбергенов,

филология илимлери докторы, профессор.

Есимқан Қанаатов,

НМПИ докторанты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF