Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:48:50, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШҚАЛА БИРГЕЛИКТЕ ШЕШИЛДИ

Ҳәр бир инсанға ылайықлы түрде жасаў шараятын жаратып бериў мәмлекетлик уйым­лардың миннети болып есапланады.

Тақыятас районы «Кенегес» АПЖдағы Айтқуслы аўылында жасайтуғын 58 пуқараның турмысы қәўипте екенлиги, яғный, бул жердеги электр тармақларының сымлары аўыл турғынларының өзлери тәрепинен қурылған бақан ағашларға қыстырылып, бир неше жылдан берли усы жердиң тур­ғынларының өмирине қәўип туўдырып кия­тырғанлығы анықланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасына аўыл турғынларының билдирген мүрәжатында, балаларымыз ҳәм ақлықларымызды ток урмайды, деп ким кепиллик бере алады!-деп қәўиплениўинде ҳақыйқат бар.

— Әлбетте, барлық исленетуғын жумысларға мәмлекет тәрепинен қаржы ажыратылатуғынлығына үйренгенбиз. Бирақ, усы аўыл турғынлары бир-бирине жәрдем берип, көмек жолы менен жайлар салған,-дейди райондағы Халық қабыллаўханасының баслығы Д.Наўрызбаев. — Биз усындай маш­қалаларды шешиўде ертеден киятырған дәстүрлеримизге сай халықты усындай жол менен бирлестириўге ҳәрекет еттик.

Тақыятас районы Халық қабыллаўханасы басшылығында усы округтен сайланған депутатлар, сектор басшылары, электр тармақлары кәрханасы ҳәм аймақ турғынларының жәрдеминде бул жерге 15 дана ағаш үстинлер орнатылды. Электр сымлары жоқарыға шығарылды.

Қабыллаўхана хызметкерлери, мәмлекетлик уйымлар тек басшылық етип қалмастан, 42 градуслық ыссыда бул жумыс­ларға тиккелей қатнасты. Пуқаралар менен биргеликте жумыс алып барды.

Усындай әмелият районның басқа да жерлеринде өткерилип, халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў реже­лестирилмекте.

Д.НАЎРЫЗБАЕВ,

Тақыятас районы Халық кабыллаўханасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF