Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:43:45, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПРОФИЛАКТИКА – ӘҲМИЙЕТЛИ ЖӨНЕЛИС

Ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың профилактикасы — оған қарсы гүрес тараўындағы ең әҳмийетли, нәтийжели ҳәм инсанпәрўар жөнелис.

Әсиресе, шаңарақ-турмыс, ата-ана ҳәм перзентлер тәрбиясы киби мәселелер ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ушын ең тийкар­ғы орында турады.

Республикамызда 2020-жылдың өткен 4 айы даўамында жас өспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүрес ҳәм оның алдын алыў бойынша бир қанша системалы профилактикалық илажлар әмелге асырылды. Ишки ислер органлары  ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимлери тәрепинен 4 ай даўамында жәми 8138 административлик ҳуқықбузарлықлар анықланып, өткен жылға (2019-жыл 21835) салыстырғанда 62,7 процентке кемейген.

 Өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм де балаларды тәрбия­лаў ҳәм оларға тәлим бериў бойынша мәжбүриятларды орынламағанлығы себепли усы жылда өспиримлер ислери бойынша шөлкем­лерара комиссия­ларға жиберилген ҳүжжетлер 2019-жылдың сол дәўирине салыстырғанда 114 тен 195 ке, яғный 71 процентке асқанлығын көриўимиз мүмкин.

Усы жылдың төрт айы даўамында, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы хызмети ишки ислер органлары таяныш пунктлери профилактика  инспекторлары тәрепинен өспиримлер, жаслар ҳәм перзентлер тәрбиясына кери тәсир көрсетиўши ата-аналарды профилактикалық есапқа алыў ислери 2019-жылдың сол дәўирине салыстырғанда 58 ден 130 ға, яғный 124,4 процентке асқан.

Соннан, ҳуқықбузарлықлар ҳәм басқа себеплер менен профилактикалық есапқа алынған өспиримлер 70 тен 94 ке, яғный 6,9 процентке, олардан қыз балалар 3 еўден 10 ға, яғный 133 процентке көбейген. Мысал ушын, Нөкис районы Қырантаў АПЖ аймағында жасаўшы 2003-жылы туўыл­ған 11 класс оқыўшысы Ж.Птың қол телефонынан порнографиялық материаллар анықланғанлығы себепли ата-анасына тийисли ҳүжжетлер тийкарында жәрийма қолланылып, өспирим профилактикалық есап­қа алынған.

Өспиримлердиң минез-қулқына кери тәсир көрсеткенлиги ушын профилактикалық есапқа алынған ата-аналар 15 тен 84 ке яғный 460 процентке көбейген.

Есабат жуўмағы бойынша бүгинги күнде ИИОның профилактикалық есабында 286 (өткен жылы 113) болып, алдынғы жылға салыстыр­ғанда 153 процентке көбейген.

Өткен төрт ай даўамында алып барылған профилактикалық илажларына қарамастан Республикада өспиримлер тәрепинен 2 (Беруний биреў, Қоңырат биреў) жынаят жүз берип, 2019-жылға салыстырғанда 100 процентке асқан.

Жынаятта қатнасқан өспиримлер 200,0 процентке 1 ден 3 ке асқан болса, бәршеси, яғный 3 мектеп оқыўшылары екенлиги анықланған. Мысал ушын, 2020-жыл 5-январь күни шама менен 01:00де 2002-жылы туўылған Т.С пуқаралар С.А ҳәм Н.А лар жына­йый тил бириктирип, Беруний районы Бәҳәр көшеси 25-үйде жасаўшы пуқара Д.М үйинен жәми 30млн сум пулларды жасырын рәўиште урлық жолы арқалы талан-тараж еткен.

Сол қатары өспиримлерге социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў орайларына қараўсыз қалғанлығы себепли 23 бала алып келинген. Орайға жайласқан бул балалардың ҳәммеси мектеп оқыўшылары екенлиги ашынарлы.

Сондай-ақ, усы жыл даўамында ишки ислер органлары таяныш пунктлери профилактика (үлкен) инспекторлары тәрепинен жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ушын Денсаўлықты сақлаў шөлкемлери диспансер есабында турған 22836 (соннан нәшебентлик кеселлигине шалынған 106, спиртли ишимликлерге берилген 2674 ҳәм 57 руўхый нерв кеселликлери диспансерлери есабындағы руўхый кеселликлер) шахсларды саламат турмыс тәризине қайтарыў мақсетинде 117 жоқарыдағы типтеги наўқаслар Өзбекстан Республикасының Нызамы тийкарында мәжбүрий даўалаў мәкемелерине жайластырылды.

Бул типтеги шахслардың өспиримлер арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде, ата-аналар жуўапкершилигин күшейтиў, билимлендириў мәкемелериндеги сабақларға қатнаспай атырған оқыўшыларға, олардың сабақтан қалыўы ушын шараят жаратып берип, класс журналына оқыўшының сабақта жоқ екенлиги ҳаққында белги қоймаған оқытыўшыларды, перзентлерин қадағалаўды умытқан, оқыўға қатнатпай атырған ата-аналарды анықлап, оларды билимлендириў мәкемелери педагогикалық жәмәәти кеңеслеринде талқыға алып, кескин шаралар көриў зәрүр.

Аббос Жохматов,

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF