Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:58:41, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨЗГЕ  КӨРИНБЕС  ҚӘЎИП

ямаса тарқалыўы жоқары болған коронавирустан қорғанайық!

— Баҳадыр Бахытбаевич, бүгинги күнге келип халқымыз коронавирус ҳаққында бир қатар түсиниклерди өзлестирди. Солай болса да, интервьюимизди коронавирустың келип шығыў себеплери не менен байланыслы екенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар менен басласақ?

— Ҳәммемизге белгили, бүгинги күнде пүткил дүньяны қәўетерге сал­ған коронавирус инфекциясы биринши мәрте Қытайдың Ухань қаласындағы халықтың надурыс аўқатланыўы, тийкарынан, ҳайўанлар менен байланыслы болып, билиўимизше, олар ҳәттеки ҳайўанларды тирилей жеўи, сондай-ақ, теңиз ҳайўанлары, жылан, тышқан, ҳәттеки жарғанатларды да шийкилей жеўи нәтийжесинде ҳәр қыйлы инфекциялардың бирлесиўи ақыбетинде жүзеге келген мутант дәрежесиндеги инфекция деп есаплаў да мүмкин.

— Коронавирусты толық үйрениў ушын илим-пәнге қанша ўақыт керек болады? Бүгинги күнде биресе ана, биресе мына мәмлекетлерде коронавирустың вакцинасы жаратылғанлығы ҳаққында хабарлар тарқалмақта. Буған пикириңиз, көзқарасыңыз қандай?

— Ең дәслеп «Ҳәр қандай кеселликти берген Аллатаала оның шыпасын да береди» деп муқаддес китапларымызда бийкарға жазылмағанлығын еслеп өтиў орынлы. Солай екен, инсан турмысына бир сынақ ретинде кирип келген бул дәрттен айығыўына исениўимиз керек, әлбетте. Буның менен күтип турыў керек емес. Қуўанышлысы пүткил дүнья алымлары оның даўасын табыў ушын тынымсыз изленислер алып бармақта. Ҳәзирги ўақытта еми табылғанлығы ғалаба хабар қуралларында берилип атырған болса да, оның сынаў мүддетлери, яғный клиникалық нәтийжесин күтиў ушын ўақыт талап етиледи. Ҳәзир де вакциналар жаратыў жумыслары жедел пәтлер менен алып барылмақта.

— Инсанда бул вирусқа қарсы иммунитет пайда болыўы мүмкин бе? Қанша ўақыт талап етиледи?

— Бир нәрсени айрықша атап өтиў керек. Бүгинги күнде инсаният өз өмири даўамында аўқатланыў, яғный азық-аўқатлық өнимлеринен пайдаланыў, аўқатланыў рационын оғада орынсыз түрде бузғанлығын тән алыўымыз керек. Заман раўажланыўға қарай умтылған сайын турмыс шарая­тымызда социаллық ҳәм экономикалық тараўлардағы түпкиликли өзгерислер нәтийжесинде аўқатланыў про­цесимизге де жасалма түрде химиялық азықлық затлар жеке өмиримизди көндириўге өз-өзинен тәрбиялай баслады. Әтирапқа итибар берип адамлардың жасаў орталығындағы көнликпелери тийкарында салыстырмалы жуўмақ шығарыўымыз мүмкин. Мысалы, аўыл шараятында өскен 25 жаслы 10 жигиттиң, қалалы усы жастағы жигитлер менен салыстырып итибар қарататуғын болсақ, еки тайпадағылар ортасында 70 процент аўылда өскен жигитлер тәрезини баса алған. Буған себеп, бириншиден, тәбийғый азықланыўы 95 процентти, жасалма азықланыўы болса 5 процентти қураған. Қалалыларда болса керисинше 50-35 процентке шекем тәбийғый, қалған 50-65 процент жасалма азықланыўы нәтийжесинде инсан организминдеги физиологиялық ҳәм биологиялық күшлерди қурайтуғынлығы анықланған. Бул тек ғана бул жас­тағылар ушын емес, бәлким, халықтың барлық қатламында да бар. Демек, мине усындай жасалма аўқатланыў нәтийжесинде организмдеги иммунитет күши қаншелли пәсейгенлигин көриў мүмкин. Бундай иммунитет пәслиги айырым жағдайларда аўыллық шараятларда да ўақтында аўқатланбаў ямаса шалама-шәкки асқазанды алдаў ақыбетинде де жүзеге келеди. Усындай жағдайлар бүгинги күндеги инсанлар организминдеги иммунитет жетиспеўшилиги анықланыўы процесинде талап дәрежесинде емеслигин көрсетпекте. Егер инсан организминде иммунитет жетиспеўшилиги болса, ол организм ҳәр қыйлы кеселликлер, бәлким жуқпалы вирусларға мейиллиги жоқары есапланады.

Жасалма азықланыў дегенде нелер көзде тутылады, деген сораў да туўылыўы мүмкин. Бунда ҳәр қыйлы реклама етилип атырған шырайлы ыдыслардағы ишимликлер ямаса балалар ушын ҳәр қыйлы жеңил азықлық затлар болып табылады. Булардың сақланыў мүддетин узайтыў ушын буған ҳәр қыйлы дәм ҳәм жағымлы ийис бериўши химиялық концентратларды қосыўдан пайдаланылады.

Бүгинги күнде өзимиздиң тәбийғый орталығымызда жетилистирилген өнимлерден кең пайдаланыўымыз, сондай-ақ, тәбийғый шараятымызда жергиликли ҳәм жабайы орталықта өсип атырған дәрилик өсимликлеримизден көбирек пайдаланыў мақсетке муўапық болады.

— Коронавирус белгилери қалайынша белгили болады ҳәм инсан өзинде бул белгилерди сезсе, биринши гезекте не ислеў керек?

— Коронавирус белгилери дерлик бирдей ушыраспақта. Дәслеп тамақтың қымыршыўы ҳәм жөтелдиң басланыўы, дене температурасының көтерилиўи менен сезиледи. Оны әпиўайы грипп белгиси деп те болмайды. Грипп­те де айырым жағдайларда усындай басланыў белгилери жүзеге келиўи мүмкин. Бирақ, оның парқы мурын силекейлеринен суў ағыў сыяқлы белгилер болмайды. Ол температура көтерип, ҳәлсизлик пайда етеди. Соң өкпеге ҳаўаның жетиспеўшилигин, дем алыўдың қыйынласыўын жүзеге келтиреди, физиологиялық ҳәм биоло­гиялық ҳәрекетлениўди пәсейттреди. Әсиресе, кексе жастағы адамларда көбирек ҳәўиж алыўы ҳәм ҳәттеки өлимшилик дәрежесине шекем алып келиўи мүмкин. Жоқарыда айтып өтилгениндей, иммунитети төмен ямаса биологиялық ҳәрекетлениўи аз организмлер вирус ушын қолайлы орталық болып есапланады, ол жерде раўажланыў ҳәм организмди жеңиў имканы көп болады. Жоқарыдағы жағдайларды өзинде сезген адам әлбетте, биринши тез жәрдем шақырыўы ҳәм медицина хызметкерлерине мүрәжат етиўи шәрт. Коронавирустың жуғыў дәрежеси жоқары болғанлығы себепли әтираптағы инсанлар да әлбетте қорғаныў изоляциясына бақлаўға алыныўы тийис.

— Карантинде сақланыўы қай дәрежеде әҳмийетли?

— Әлбетте, бундай жағдайда карантин жағдайы шәртли түрде шөлкем­лестирилиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, коронавирус пандемиясы жүдә тез жуқпалы вирус есапланып, оның тәсири жоқары дәрежеде халық саламатлығын жоғалтыў ҳәм өлимшилик санының артыўына алып келиўи мүмкинлигин итибарға алып, бул қағыйдаларға халықтың әмел етиў көнликпесин қәлиплестириў шәрт. Соның менен бирге коронавирустың 15 минуттан баслап ҳәм 15 күнге шекем жасырын жағдайда сақланыўы мүмкинлигин аңлаўымыз керек. Алымлардың берген мағлыўматларына қарағанда, бул вирус жаратылысынан ең кишкене клеткадан 100 есе киши микро элементтеги клетка болып, оны ийис ямаса шаң сыпатында аңлаў былай турсын, клетка сыпатында аңлаўдың өзи мүшкил екен. Соның ушын да адам өзин-өзи қорғаў қағыйдаларына, әлбетте әмел етиўи тийис.

Билемиз, арамызда айырым жағдайларда аўзынан жағымсыз ийис келип туратуғын адамлар да бар. Бундайлар менен ушырасқанымызда илажы болғанынша алыслаў турып сорасыўға ҳәрекет етемиз. Себеби, биз бул ийисти сеземиз. Коронавирус кеселлигине шатылған инсан 2-3 метрге шекем дем алыў жоллары ҳәм түшкириўи себепли вирус тарқатады. Бул вирус тек ғана ийиссиз ҳәм көринбес болғанлығы ушын биз буны аңламаймыз. Ҳәттеки, кеселленген наўқас услаған буйымлар ямаса айланыстағы пуллар арқалы да бизге жуғыў итималы жоқары. Коронавирус бизиң мәмлекетимизде ҳәм тәбиятымызда пайда болған жоқ. Ол сырттан кирип келген оғада қәўипли инфекция екенлигин аңлаўымыз керек. Соның ушын да ҳәзирги күнде еле шаңарағымыздағы ҳаўамызды зәҳәрлеп үлгерместен оннан сақланыўымыз тийис.

Биз ҳәзир сезбеген ҳалда бул вирус­ты жуқтырып келген ўатанласларымыздан тарқалып атырған бул иллетти көзимиз бенен көриў ямаса сезиў имканиятына ийе емес екенлигимизди билген ҳалда бизиң ўазыйпамыз сыртқы орталықтан байланыста болыўдан сақланыў, зәрүрлик пенен көшеге шығыў, керек болса адамлардан 2 метр узақлықта аралықты сақлаўымыз шәрт.

— Коронавирус себепли қорқынышқа түспеген адамның өзи жоқ болса керек. Түскинликке түскенлерге қандай мәсләҳәт бересиз?

— Карантин себепли қорқынышқа түспеген адамның өзи жоқ деген гәпиңизге қосылмайман. Себеби, бизиң халқымыз бундай жағдайларды жақын жыллар ишинде ушыратпағанлығы ушын бул мәселеге ҳәр қыйлы итибар қаратпақта. Кимдур жасырын түрде бәзим-шақырықлар, ҳәр қыйлы илажларды елеге шекем даўам еттирип атыр­ғанлары телевидение арқалы ИИБ тәрепинен берилип атырған хабарлардан көрип, бундай жағдайларды улыўма қаралайман.

Жоқарыда айтып өткенимдей, бул коронавирус тарқалыў қәўпи жоқары екенлигин халқымыз сезиниўи шәрт ҳәм бүгинги карантин жағдайына биргеликте бирлесип, керек болса телефонлар арқалы да бир-бирин сергекликке шақырыўы әҳмийетли. Енди түскинликке түсип атырғанларға келсек, еле бизиң үйимизге кирип келмегенлигин есапқа алып, тийкарынан оннан қорғаныў усылларын қолланыўымыз керек. Ең дәслеп, шаңарақ ағзаларымызды сыртқа шығармаў, аўқатланыў рационын дурыс жолға қойыў, қалаберсе, үйдеги барлық шаңарақ ағзалары менен биргеликте үйдиң ишинде ҳәр қыйлы физикалық ҳәм ақылый шынығыўларды шөлкемлестирип, тыныш ғана үйде карантин қағыйдаларына әмел етип отырыўы мүмкин.

Түскинликке түсиў ямаса қорқыныштан өз-өзинен келип шығатуғын жоқ жердеги кеселликлерди өзинде пайда етип алыў қәўпинен сақланыў керек. Адам түскинликке түскенде өзинен-өзи иштейи ҳәм кейпияты жоғалып барыўы себепли иммунитет күши соншелли пәсейип барады.

— Нықаплар ҳаққында пи­кириңиз?

— Нықап бул өз-өзимизди сырттағы ҳаўадан ямаса ҳәр қыйлы тамшылар арқалы жуғыўы мүмкин болған бактериялар ҳәм вируслардан сақланыў ушын қорғаныў қуралы. Соны аңлаўымыз керек, аўыз ҳәм мурын бослықлары дийўалшалары жуқа ҳәм сезиўшеңлиги күшли болыўы менен бирге тәсир көрсетиўи жүдә жеңил жуқа қабатлы дийўаллы перделеринен ибарат. Соның ушын да, әлбетте, бүгинги шараятта бундай қорғаныў қуралынан пайдаланыўымыз қатаң талап етиледи. Коронавирус инфекциясы айтып өткенимдей, ең майда клеткалы вирус бол­ғанлығы ушын ол ҳаўада да жүзип жүриўи кимниңдур организмине ҳаўа арқалы аңсат кирип барыўы ямаса қайсыдур денеде қонып турған вирус бас­қа организмге ҳәр қыйлы жоллар менен кирип барыўы оғада қәўипли есапланады.

Соның ушын затларды, әсиресе, пул ҳәм басқа да қарым-қатнас ўақтында үзликсиз байланыста туратуғын затларды услаўда  арнаўлы қорғаныў қураллары керек. Және де айтып өтемен, коронавирус сыртқы орталықта 15 минуттан 15 күнге шекем жасаў қәсийетине ийе.

— Өзиңиз басшылық етип атыр­ған орай тәрепинен коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқталсаңыз?

— Қарақалпақстан Республикасы ҳәм де аймақлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайлары хызметкерлери тәрепинен бир қанша профилактикалық жумыслар әмелге асырылмақта. Халық көп жыйналатуғын, тығыз жасайтуғын орынларда, дийқан базарларында, супермаркетлерде, магистрал көшелерде, кәрханаларда дезинфекция жумыслары, халықтың санитариялық мәдениятын асырыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумыслары, кеселлик ошақларында профилактикалық жумыслар алып барылмақта. Соның менен бирге орайымыздың 4 хызметкери усы жылы 26-январьда бир ҳәпте даўамында коронавирус инфекциясын ерте анықлап, дәл диагноз қойыўы ҳәм тазадан алынған полимер-шынжыр реакциясы (ПЗР) үскенесиниң ислеў жумысларын жумыс орнында үйрениўи ушын Ташкент қаласындағы Вирусология илимий-изертлеў институтында оқып, билимлерин жетилистирип қайтты. Ҳәзирги күнде вирусология лабораториясының хызметкерлери белгиленген жумыс кестеси тийкарында алмасып, 24 саатлық ис режими тийкарында жумыс алып бармақта. Олардың өнимли жумыс алып барыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Айтып өтиў орынлы, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен коронавирус инфекциясының алдын-алыў илажларына қатнасып атырған хызметкерлер ҳәр 14 күннен мийнет ҳақысынан тысқары, материаллық ҳәм мораллық жақтан хошаметленип барылмақта.

Сондай-ақ, коронавирусқа қарсы гүресиў илажларын алып барыў ушын Ҳүкиметимиз тәрепинен орайлары­мызға 2 Нексия, районлар бойлап 7 Дамас автомашинасы пайдаланыўға тапсырылды.

Covid-19 ҳәзирги күнде бизиң республикамызда 3 жерде, атап айтсақ, Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайында, Республикалық АИЖС (СПИД)ке қарсы гүресиў орайында ҳәм Республикалық оба ҳәм аса қәўипли кеселликлерге қарсы гүресиў орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалында тексериў жолға қойылды.

— Кимлерден шәртли түрде тест сынамалары алыныўы нәзерде тутылған?

— Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Көрсетпе хаты тийкарында Covid-19 коронавирус инфекциясын анықлаў ушын қолланылатуғын полимер-шынжыр реакциясы (ПЗР) анализлеринен ақылға муўапық пайдаланған ҳалда C9v8d-ә9 коронавирус инфекциясын ерте анықлаў мақсетинде биринши гезекте төмендеги пуқаралар шәртли топарларынан ПЗР анализи ушын сынамалар алыныў жолға қойылғанF

- емлеў дәўириндеги коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслар;

- коронавирус инфекциясынан саўалып, мәкемелерде медициналық реабилитацияға өтип атырғанлар;

- коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслар менен байланыста болғанлар;

- эпидемиологиялық вирус кең тар­қалған мәмлекетлерден келгенлер;

- мәкемелерде карантин бақлаўында болып турған пуқаралар;

- Covid-19 бойынша клиникалық-эпидемиологиялық көрсетпелерге ийе пуқаралар.

Коронавирус инфекциясына мурын ҳәм аўыз бослығындағы суйықлықлар алынып тексериледи. Нәтийжеси 5 сааттан соң анықланады. Бүгинги күнге шекем республикамызда 14 мыңнан аслам адам коронавирус инфекциясына тест тапсырды.

— Республикамызда коронавирус пенен кеселленген пуқаралардың денсаўлық жағдайлары қалай?

— Бизиң республикамызда карантинде емленип атырған пуқараларымыздың кеселлиги жеңил дәрежеде болып, орташа ямаса аўыр жағдайдағы наўқаслар көп болмады.

Бул кеселликти басқаларға жуқтырмаў ушын ҳәр бир пуқара өзинде жеке жуўапкершиликти сезиўи, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўи, зәрүрлик болмаса үйден шықпастан басқалар менен қарым-қатнаста болыўды шеклеў керек.

Кеселликти жасырып, өз-өзине диаг­ноз қойыў, үй шараятында ҳәр түрли дәрилик затларды қабыл етиў пуқараның өзин ҳәм оның шаңарақ ағзаларын, әтирапындағыларды қәўип астына қояды.

Жүзеге келген жағдайды сапластырыўда бәршени карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиўге ҳәм сергекликке шақырып қаламан.

«Бүгинги күнниң қаҳарманлары» деп тәрийп берилип атырған Сизлердиң машақатлы ҳәм жуўапкершиликли жумысларыңызда табыслар тилеймиз. Әҳми­йетли сәўбетиңиз ушын рахмет!

 

Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF