Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:19:51, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘДЕНИЯТ ҲӘМ КӨРКЕМ ӨНЕР ТАРАЎЫНЫҢ ЖӘМИЙЕТЛИК ТУРМЫСТАҒЫ ОРНЫ ҲӘМ ТӘСИРИН БУННАН БЫЛАЙ ДА АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы

Соңғы жылларда Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў, жаңа Өзбекстанның жаңа тарийхын жаратыў, материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрас дүрданаларын сақлаў ҳәм  үгит-нәсиятлаў, халық аўызеки дөретиўшилиги ҳәм ҳәўескерлик көркем өнерин және де оптималластырыў, елимиздиң дүнья мәдений орталығына белсене интеграцияласыўын тәмийинлеў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын иннова­циялық раўажландырыўға қаратылған системалы  илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда:

бириншиден, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-ноябрьдеги ПҚ-4038-санлы қарары  менен Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты және де раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда — Концепция) ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «жол картасы» тастыйықланды;

екиншиден, мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлериниң «дослар клублары» жумысын жолға қойыў арқалы оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша улыўма жаңа нәтийжели система жаратылды;

үшиншиден, музейлердиң реновация бағдарламасы қабыл етилди, өзбек халқының ески ҳәм бийтәкирар көркем өнериниң үлгиси болған «Хорезм лазгиси» ЮНЕСКОның Инсаният материаллық емес мәдений мийрасының репрезентатив дизимине киргизилди;

төртиншиден, мәдений мийрас объектлери ҳәм көркем өнердиң айғақлы затларын реставрациялаў бойынша миллий мектеп, сондай-ақ, халық саз-әсбаплары, миллий аяқ ойын, мақам бағдарларында республикалық таңлаўлар қайта тикленди;

бесиншиден, мәмлекетимизде турақлы түрде өткерилетуғын Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы, Халық­аралық бақсышылық  көркем өнер фестивалы, «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фес­тивалы, «Буюк ипак йўли» халықаралық фольклор көркем өнери фестивалы ҳәм «Рақс сеҳри» халықаралық фестивалы  шөлкемлестирилип, өзбек классикалық ҳәм фольклор көркем өнериниң айрықша үлгилери ҳәм дәстүрлерин және мәдений байланысты және де раўажландырыў бойынша нәтийжели  система жолға қойылды.

Соның менен бирге, Концепцияны әмелге асырыў, тараўда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў, талантлы жас дөретиўшилерди излеп табыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, билимлендириў мәкемелерин музыка сабақлықлары, ноталардың топламлары ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеўдиң бир пүтин системасы жаратылмаған.

Халық, әсиресе, узақ аймақларда жасайтуғын пуқараларға мәдений дем алыў хызметлерин көрсетиў дәрежесин арттырыў, оның ушын республиканың барлық аймақларында театр, музей, көшпели цирк ҳәм ҳайўанат бағларының жумысын турақлы түрде жолға қойыў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.

Жоқарыдағы ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы реформаларды жедел даўам еттириў, мәденият уйымлары менен мәкемелериниң жумысын және де жетилистириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын тәми­йинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

2020-2021-жылларда Өзбекстан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнер­ди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты және де раўажландырыў концепциясының 2021-2025-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрлер Кабинети Концепцияны әмелге асырыў бойынша «жол карталары» ҳәм илажлар бағдарламасын қабыл етиўде усы бәнтке муўапық тасты­йықланып атырған мақсетли көрсеткишлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша илажларды нәзерде тутсын.

  1. 2021-жыл 1-январьдан баслап:

концерт-тамаша жумысын лицензиялаў, лицензиантлардың мәмлекетлик реестрин жүргизиў, олардың жумысы ҳәм ерисилген нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемелерди киргизип барыў Концерт-тамаша жумысы қатнасыўшыларының бирден-бир онлайн порталы арқалы әмелге асырылатуғынлығы;

концерт-тамаша илажына бир мәртелик рухсатнама бериў ушын өндирилетуғын жыйым бийкар етилетуғынлығы;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функцияларынан  келип шығып, олардың басламалары менен өткерилетуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажлары ҳәр жылы тастыйықланатуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларының календарь режелери (кейинги орынларда — календарь режелер) тийкарында өткерилетуғынлығы;

Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының календарь режелеринде нәзерде тутылмаған мәмлекетлик илажларды өткериўди нәзерде тутатуғын қарарларында усы илажларды шөлкемлестириў бойынша көрсетилетуғын хызметлер бо­йынша буйыртпашылар ҳәм оларды қаржыландырыў үлгилери көрсетилетуғынлығы;

Концерт-тамаша жумысын әмелге асыратуғын шахслар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң буйыртпаларына тийкарланып көрсетилетуғын барлық хызметлер жазба ҳәм ҳақы төлеў есабынан дүзилетуғын шәрт­­нама тийкарында усыныс етилетуғыны, концерт-тамаша жумысын әмелге асыратуғын мәмлекетлик мәкемелердиң хызметкерлери менен дүзилген мийнет шәртнамаларынан келип шығатуғын миннетлемелер буған кирмейтуғынлығы белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги (кейинги орынларда — Мәденият минис­трлиги) ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар тәрепинен мәмлекетлик илажлар ҳәм басқа да илажларға дөретиўшилер ҳәм атқарыўшылардың жәмийетшилик тийкарында тартылыўына жол қойылмаслығы белгиленсин.
  2. Мәденият министрлиги, Қаржы министрлиги, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги 2020-2021-оқыў жылынан баслап ноталардың топламларын ҳәм арнаўлы музыкалық әдебиятларды Өзбекстан Республикасының Мәм­лекетлик бюджети қаржылары есабынан басып шығарылыўын ҳәм олардың билимлендириў мәкемелерине толық жеткерилиўин тәмийинлесин.
  3. 2020-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер системасындағы концерт, мәденият сарайлары ҳәм басқа да мәкемелерде толық жанлы даўыс тийкарында өткерилетуғын концерт бағдарламалары ушын ижара төлемнен 50 процент шегириў тәртиби енгизилсин.
  4. Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллериниң Көркем өнер ғайраткери, дөретиўши ҳәм атқарыўшылардың авторлық ҳуқықларын қор­ғаў палатасын (кейинги орынларда — Палата) шөлкемлестириў ҳаққындағы басламалары қоллап-қуўатлансын.

Палата мүлкшилик ҳуқықларын жәмийетлик тийкарда бас­қаратуғын шөлкем есапланатуғынлығы белгиленсин.

Мәденият министрлиги палата жумысының дәслепки бас­қышларында оны қоллап-қуўатлаў ушын Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының қаржылары есабынан 1 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары  Б.А.Мусаев, мәденият минис­три О.А.Назарбеков Палата ҳәм мүлклик ҳуқықларды жәми­йетлик тийкарда басқаратуғын басқа шөлкемлердиң жумысын шөлкемлестириўге ҳәр тәреплеме жәрдем берсин.

  1. Мүлклик ҳуқықларды жәмийетлик тийкарда басқаратуғын шөлкемлер оларға тиккелей ҳуқық ийелери ямаса олардың мийрасхорлары тәрепинен берилген ўәкилликлер шеңберинде даўа менен судқа мүрәжат еткен жағдайда мәмлекетлик бажыны төлеў мүддети кешиктирилип, бул бажы соңынан айыпкер тәрептен өндирип алынатуғыны белгиленсин.
  2. Мәденият министрлиги тәрепинен сатып алынған, ғалабалық атқарыўға мөлшерленген драмалық, музыкалық ҳәм музыкалық-драмалық қосықларды 2020-жыл 1-сентябрьден баслап жеке меншик театрларда да сахналастырыў ҳәм атқарыўға рухсат берилсин.

Онда, жеке меншик театрларда сахналастырылған ҳәм атқарылған шығармалар ушын авторлық ҳақыны төлеў Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорына ҳәр жылы Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар ҳәм усы қордың басқа дәраматлары шеңберинде әмелге асырылатуғынлығы белгиленсин.

  1. Бай тарийхы, өзбек миллий қуўыршақ театры мектебиниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўындағы шексиз үлесин есапқа алып, Республикалық қуўыршақ театрына Өзбек Миллий қуўыршақ театры атамасы берилсин.

Мәденият министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги Наўайы, Наманган, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте еки ай мүддетте усы ўәлаятларда қуўыршақ театрларын шөл­кемлестириў ҳаққындағы Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў минис­трлиги, Қаржы минис­трлиги, Мәденият министрлиги, Қурылыс минис­трлиги:

Өзбекстан Республикасының 2021-2023-жылларға мөлшерленген социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламаларында 2021-жылы Наўайы, Наманган, Сырдәрья, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары қуўыршақ театрларының имаратларын қурыў, олар­ға ажыратылған имаратларды реконструкциялаў, заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў жумысларын нәзерде тутсын;

2020-жылға мөлшерленген социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде бөлис­тирилген қаржылар есабынан «Өзбек мәмлекетлик цирки» мәмлекетлик мәкемесиниң имаратлары менен объектлерин реконструкциялаў, қосымша түрде ҳайўанларды сақлаў ханаларын қурыў ҳәм заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў жумысларының толық қаржыландырылыўын, сондай-ақ, қурылыс, реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жумысларын быйылғы жылдың ақырына шекем жеткерип, пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Мәденият министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте 2020-2021-жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың бюджетлери қаржылары есабынан ҳәр бир аймақта көшпели цирклер (шапито, дәрўазлардың топарлары) ҳәм ҳайўанат бағларының шөлкемлестирилиўин ҳәм турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлесин.
  2. 2020-жыл 1-сентябрьден баслап сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық:

көшпели цирклер (шапито, дәрўазлардың топарлары) тәрепинен өткерилетуғын тамаша илажларына ғалабалық илаж өткериў ушын рухсатнама ҳәм рухсат бериў өзгешелигине ийе басқа да ҳүжжетлерди алыў талап етилмейди, онда илаж шөлкемлестириўшилери оны өткериў орны ҳәм ўақты ҳаққында ишки ислер уйымларын кеминде 10 күн бурын жазба түрде хабардар етеди;

ишки ислер уйымлары, Миллий гвардия ҳәм Айрықша жағдайлар министрлигиниң уйымлары көшпели цирклер (шапито, дәрўазлардың топарлары) тәрепинен өткерилетуғын тамаша илажларында жәмийетлик тәртип ҳәм өрт қәўипсизлигин төлем өндирилмеген ҳалда тәмийинлейди;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң системадағы мәденият ҳәм дем алыў бағлары, спорт объектлери, сейил етиў орынлары ҳәм басқа да ашық аймақларда көшпели цирклер (шапито, дәрўазлардың топарлары) тәрепинен тамаша илажларын өткериў ушын ижара ҳәм басқа түрдеги төлемлер өндирилмейди;

материаллық емес мәдений мийрас объектлерин (дәрўаз, аския ҳәм лапар) қәстерлеп сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў жумысы өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға ўақтынша мийнет гүўалықлары берилетуғын жумыс (хызметлер, жумыслар) түрлери дизимге киреди (мәденият орайларының қурамында жумыс алып барып атырған шахслар буған кирмейди) ҳәм олардың усы жумыстан алынған дәраматларына физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы енгизилмейди.

  1. Мәденият министрлиги сис­темасында:

Мәденият министрлиги орайлық аппаратының структурасында мәденият мәкемелери ҳәм ҳәўескерлик көркем өнерди раўажландырыў, тараўда мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм санластырыў мәселелерине жуўапкер министрдиң орынбасары лаўазымы енгизилсин;

Өзбекстан мәмлекетлик консерватория­сының «Өзбек мақам көркем өнери факультети» ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият инс­титутының тийисли тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлериниң негизинде мақам атқарыўшылығы, бақсышылық ҳәм катта ашула бағдарлары бойынша кадр­лар таярлаўшы таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси — Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институты шөл­­кемлестирилсин;

мәмлекетлик мәкеме түриндеги Мәдений мийрас илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилсин;

Республикалық қәнигелестирилген эстрада ҳәм цирк мектеби Карим Зарипов атындағы Республикалық эстрада ҳәм цирк колледжи етип қайта шөлкемлестирилсин;

В.Успенский ҳәм Р.Глиэр атындағы Республикалық қәнигелестирилген музыка акаде­миялық лицейлери мектеп-интернатлар ушын белгиленген жеңилликлерди енгизген ҳалда тийислисинше В.Успенский ҳәм Р.Глиэр атындағы Республикалық қәнигелестирилген музыка мектеплерине айландырылсын.

Өзбекстан мәмлекетлик консерватория­сы жанындағы Талантлы балалар академия­лық лицейи ҳәм Ташкент қәнигелестирилген мәденият мектеби негизинде Мәденият министрлиги системасында Республикалық музыка ҳәм көркем өнер колледжи шөлкемлестирилсин;

  1. 2020-жыл сентябрь айынан баслап мәмлекетлик музейлерде ҳәр айдың биринши екшембиси «ашық есиклер күни» деп жәриялансан.

«ашық есиклер күни»нде пуқаралар музей затлары ҳәм музей коллекцияларын кирип көриў ушын мәмлекетлик музейлерге бийпул киргизиледи.

  1. Мәденият министрлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери 2020-2025-жыллар даўамында басқышпа-басқыш ҳәр бир район ҳәм қалада тарийх ҳәм мәденият мәмлекетлик музейлериниң филиаллары түринде үлкетаныў музейлериниң шөлкемлестирилиўин ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғын музейлер, олардың филиал ҳәм бөлимлериниң дизимине киргизилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейине — көркем өнер тараўындағы, Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейине — мәденият ҳәм тарийх тараўындағы барлық музейлердиң жумысын илимий-изертлеў ҳәм методикалық жақтан муўапықластырыў, олардың усы бағдарлардағы өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў, кадрлардың илимий потенциалын арттырыў ўазыйпасы жүкленсин.

Мәденият министрлиги ҳәм Илимлер академиясы 2021-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейинде музейтаныў, көркем өнертаныў, мәденияттаныў бағдарларында нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қәнигелестирилген илимий кеңеслер ҳәм илимий-методикалық кеңеслер шөлкем­лестириў илажларын көрсин.

Мәденият министрлиги Қаржы минис­трлиги ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте 2021-жыл 1-январьдан баслап музейлердиң илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлериниң базалық лаўазым айлықларын арттырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте жетекши дөретиўшилик шөлкемлердиң «дослар клублары»н шөлкемлестириў бойынша унамлы тәжирийбесин музейлер тараўына енгизилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Мәденият министрлиги, «Өзбеккино» миллий агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы, Өзбекстан театр ғайраткерлери аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы ҳәм кең жәмийетшиликтиң мәденият ҳәм көркем өнердиң жәмийетимиздиң социаллық-руўхый турмысында тутқан орнын есапқа алып, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 15-апрель сәнесин «Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни» деп жәриялаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Мәденият министрлиги он күн мүддетте «Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни»н белгилеў бойынша нызам жойбарын белгиленген тәртипте Минис­трлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-январьдағы «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5630-санлы Пәрманы 6-бәнтиниң «а» киши бәнти биринши абзацы «мәмлекетлик мүлк есаплан­ған материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери буған кирмейди» сөзлери менен толықтырылсын
  2. Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен бир­геликте:

еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары жойбарын;

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа жүкленсин.

 

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2020-жыл 26-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF