Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:20:03, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУТЫНЫЎШЫҒА ДА, ТАРАЎҒА ДА ҚОЛАЙЛЫ СИСТЕМА

Теориялық тәрептен электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасы ­ бул тутыныўшыларға электр энергиясы тутыныўын есапқа алыўдың заманагөй  нормативлик ҳүжжетлер талапларына ҳәм энергетика тараўын реформалаў қағыйдаларына муўапық жүргизиўге имканият беретуғын техникалық, бағдарламалық, шөлкемлестириў комплекси есапланады.

 Бунда бириншиден, бул система сарпланып атырған электр энергиясы көлемин анық өлшеў имканын жаратады. Системаға жалғанған «ақыллы» электрон есаплағышлар тек ғана сарплан­ған электр энергиясы муғдарын есаплаў менен шекленбей, ал, оның сапа көрсеткишлерин (күшлениў, ток күши, актив ҳәм реактив қуўатлылығы, частота, фаза ҳәм бас­қа да) жазып алып, ядында сақлап барады. Бул өз орнында электр тәмийнаты сапасын қадағалаў ҳәм оны жақсылаў бойынша оператив илажлар көриў имка­ниятын береди.

Екиншиден, «ақыллы» электрон есаплағышлардың дифференцияластырылған тарифлер бойынша есапласыў парқы электр энергиясы ушын қәрежетлерди оптималластырыўға мүмкиншилик береди. Система энергия дереклеринен үнем­ли пайдаланыў ҳәм тутыныўшылар арасында дурыс бөлистириўдиң әжайып усылы саналады.

Үшиншиден, бүгинги күнде электр тәмийнаты кәрханасы хызметкерлери үйме-үй жүрип жыйнайтуғын мағлыўматларды система турмысқа енгизилгеннен соң, заманагөй байланыс қураллары арқалы тез пурсатта жыйнаўға болады. Сис­тема тутыныўшылардың мобиль телефон номерлерине !M! хабар арқалы керекли мағлыўматларды автомат түрде жеткереди. Сондай-ақ, қадағалаўшылар пуқараларды өз хызмет ўазыйпалары менен тынышын бузбайды. Тағы бир қолайлық, «меншик кабинет» арқалы ҳәр бир тутыныўшы өзине тийисли мағлыўматларды бақлап барыў имканиятына ийе болады. Тутыныўшы төлемлерди үйинен шықпай «9nl8n3»  режиминде әмелге асырыўы мүмкин.

  Төртиншиден, система диагностика ўазыйпасын да орынлайды. Яғный, электр тәмийнатындағы үзилиўлер қайсы аймақта жүз бергенлиги, қай жерде жоғалтыўлар көп, қайсы аймақта тармақты реконструкциялаў кереклигин анализлеп береди.

Ең әҳмийетлиси, мағлыўматларды қәлбекилестириўге урыныўға, түрли дәмегөйлик жағдайларына шек қойылады, жаңа системада дебитор қарыздарлық деген түсиник болмайды, алдыннан төлем тийкарында есаплаў әмелге асырылып, төлемди әмелге асырыў ҳаққында ескертилип, белгили мүддеттен соң аралықтан өширип тасланады. «Ақыллы» есаплағышқа урлық мақсетинде сыртқы ҳәр қандай тәсир өткериў жағдайлары жүзеге келсе, дәрҳал автоматик тәризде өшеди ҳәм бул туўралы сол заматта системаға хабар жибериледи.

Жасыратуғыны жоқ, жаратылып атырған имканиятларға қарамай, бизде бул сис­темаға өтиўге надурыс көзқарастағылар да жоқ емес. Атап айтқанда, системаның сыртқы араласыў­ларға жүдә сезгирлиги, ең кем энергия сарпланыўын да есапқа алыўы, пулы таўсылса дәрҳал өшиўи яки адам араласыўына жол қойылмаслығы айырым нызамбузыўшылар ҳәм коррупцияға мейил адамлар ушын қол келмейди.

Жуўмақластырып айт­қанда, системаны турмысқа енгизиўден гөзленген мақсет ­ тутыныўшыларды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў, халықты қыйнап киятырған электр энергиясына байланыслы машқалаларға шек қойыўдан ибарат.

 Солай екен, жаңа система тек тутыныўшыларға емес, ал, тараў қәнигелерине де қолайлылық жаратады.

С.АЯПОВ,

«Ўзэнергоинспек­ция»ның Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF