Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:35:36, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАМЫРҒА  БАЛТА  УРЫЛМАЙДЫ 

ЯМАСА БАСПАСӨЗ ТАРАЎЫНДАҒЫ МАШҚАЛАЛАР ҲАҚҚЫНДА СӨЗ

Белгили жазыўшы ҳәм журналист Асқад Мухтар «Ҳәр қандай жаңалық бир пайытлар умытыл­ған ескилик  тийкарында жаратылады» деп айтқанындай, жаңалық тарқатыў, билим, мәрипат үлесиў дәслеп аўызеки усылда соң бир бет қағаз ҳәм газета-журналлар көринисинде жүзеге келген еди.

Радио, телевидение ҳәм дүньяны бир глобаль тармаққа бирлестирген интернет әне сол баспасөз даўамшысы ретинде ойлап табылды. Олардың да атқаратуғын тийкарғы хызмети бирдей: адамларға информация жеткерип бериў, хабардар етиўден ибарат. Лекин бүгинги күнге келип, базы «билимданлар» «газета-журналлардың бүгинги жедел пәт пенен раўажланып атыр­ған жәмийетке кереги жоқ, олар ескилик сарқыты» деген көзқарасты алға сүрип, журналистиканың тамырына балта урмақшы болмақта. Баспасөздиң келешегин көре алмай атырғанлар ушын айтарымыз: газета-журналсыз жәмийет, газета-журналсыз ҳәкимият ҳеш қашан болған емес, болмайды да. Буның тийкарғы себеплерин мақаламыз барысында келтирип өтемиз.

Хош, бүгинги күнге келип, газета-журналлар абырайының түсип кетиўине нелер себепши болды?

Биринши орында, адамлардың тезлик принципин бирлемши орынға алып шығыўы болды. Туўры, информация тез ескиретуғын нәрсе. Лекин олар арасында бизге кереклисинен көре керексизи, бизиң ўақтымызды урлайтуғыны көбирек. Солай да болса бул принципти бийкарламаған ҳалда газета-журналлардың электрон версиясын талап дәрежесинде жүргизиўге имканият жаратыў ҳәм керекли, ҳәм анық мағлыўматларды жеткерип бериў зәрүрлиги бар. Себеби, сыр емес, ҳәзир интернет әлеминде анықлық, туўрылық мәселеси ақсап турыпты. Жүз берген ўақыя, ҳалатты фотоға алып, ғала-ғаўыр көтериўге, белгили болыўға талпынған бир топар жас журналистлер бир жағдай бойынша түрли мазмундағы мағлыўматларды тарқатпақта. «Балаға ис буйыр, изинен өзиң жуўыр», дегениндей жағдайға айдынлық киргизиў ушын және жуўапкерлер ўақыя орнына тәжирийбели журналистти жибериўге мәжбүр болмақта. Еки ортада халық жалтақ. Мыш-мыш, бос гәп өршигеннен өршимекте. Демек, профессионал журналистлер процессти қолға алатуғын пурсат келди.

Екиншиден, базы басшылардың  келте пикирлеп, «бизге газета-журнал керек емес, жазылыўға мәжбүр емеспиз» киби қараслары ҳәм бул пикирди қол астындағылар санасына сиңдириўге урыныўы, керек болса зыя­лы кәсип ийелери саналған  мектеп директорларының да муғаллимлерге: «Мәжбүрий жазылыў жоқ, кимде ким газета-журналға жазылса жазаланады» киби доқ урғаны, бул бойынша жоқарының тапсырмасы бол­ғанлығын ескерткенлигин еситип-көрип атырмыз.

Қызық, биз қашан мәнәўияттан, тәлимниң тийкарын салыў­ға үлес қосқан баспасөзден жүз бурыўға, оны ескилик сарқыты деп қараўға үлгердик. Расул Гамзатов «Сен өтмишке топанша атсаң, келешек сени зеңбирек пенен атады», деп туўры ескертеди. Баспасөзди, китапты менсинбесликтиң ақыбетин узақтан емес, бүгинимизден қарап көрип, жуўмақ шығарыўымыз керек.

Не ушын бүгин балаларымызды тәрбиялаў анағурлым маш­қалалы болып қалды? Себеби, жасларымыз жеңилликке (аўырдың үсти, жеңилдиң асты менен жүриўге) үйренбекте. Сана-сезим, пикир жүргизиў қәбилети пәс. Таярға ҳайяр болып қалмақта. Ата-аналар да балаларын қаржылай тәмийинлеў мәселесин ғана өз ўазыйпасы деп түсинип, тәлим-тәрбия ислерине оншелли итибар қаратпай қойды. Ул-қызым ҳеш кимнен кем болмасын, деп қолына ең сонғы модельдеги телефонды алып бердик. Айына интернет ушын трафикке 100 мыңлап пул сарыпладық. Баламыз бул глобаль тармақтан нелер үйренип атыр?! Бәлким, сабақ таярлайтуғын шығар.  Лекин, неге нәтийже биз күткендей емес. Неге балаларымыз умытшақ, уғып алыў қәбилети пәс. Олар көбирек мәзи ядлайды. Түсиниў, аңлап жетиў ушын нелер ислеўимиз зәрүр?

Техниканың ең соңғы модельлерин жаратқан компания басшылары өз перзентлерин ҳеш қандай техникасы жоқ, тек доска, пор, қәлем-дәптер, китаплар болған шетки бир мектепке оқыўға береди екен. Бул исенимли деректен алынған мағлыўмат бизди бир ойланып көриўге шақырады. Не себеп бундай етеди?! Себеп, ҳеш бир техника инсанды саўатлы етип қоймайды. Ол тек ғана бизиң мийнетимизди жеңиллестириўи, узағымызды жақын етиўи мүмкин. Инсанды өзгерттиретуғын күш — пикирлеў, саналы ой жуўыртыў. Буған тек китап, газета-журнал оқыў арқалы ерисиў мүмкин. Бул бийкарлап болмайтуғын ҳақыйқат. Сол қатары адам мийиниң ҳәрекетке келиўи ушын қол да ҳәрекетте болыўы (қәлем тутыўы) керек. Демек, оқыў ҳәм жазыў арқалы биз гөзлеген нәтийжеге ерисиўимиз мүмкин. Мине усы жерде де баспасөздиң әҳмийети және бир мәрте көринеди.

Баспасөз хызметкерлери сөз бенен ислесетуғын, тынымсыз қағаз қаралайтуғын хызметкерлер. Улыўма дүньяға белгили шайыр-жазыўшылардың көпшилиги алдын баспасөз тараўында хызмет еткенлиги, баспасөз — дөретиўшилик мектеби екенлигин айқын дәлиллейды. Керек болса баспасөз — миллеттиң айнасы. Бунда саўат, тил мәселеси ҳаққында гәп бармақта. Тилимиздиң ҳақыйқый жанашырлары — газета-журналлар. Бүгинлиги ана тилимизде дурыс диктант жазыў оқыўшылар түўе, оқытыўшылар орынлаўы мүшкил бир тапсырма болып қалмақта. Интернет тилди қайғырмайды. Қәтелерди кимдур айтқаннан соң дурыслаўы мүмкин, лекин, оған шекем бул мағлыўматты қаншадан-қанша адам оқыўы, солай жазылады екен-ғо, деп түсиниўи мүмкин. Әне сол түсиниклер тилдиң бузылыўына алып келеди.

Көрип турғаныңыздай, интернет журналистика тезлик бо­йынша қанша илгерилеп кетпесин, бәрибир баспасөздиң орнын басалмайды. Интернетти қадағалаў имкансыз. Және бир тәрепи, интернет журналистикасы көбирек хабардар етиў, жаңалық тар­қатыў хызметин жақсы атқарады, лекин ол пикирлеў, ой жуўыртыў қәбилетин раўажландырыўы гүман. Сол қатары элек­трон қурылмалардың инсан денсаўлығы ушын кәни зыян екенлигин де умытпаған мақул. Бул бириншиден, көзимиз ушын қәўипли, екиншиден, нурдың адам организимине кери тәсирлери көп. Компьютер алдында отырған (яки телефон) адам тез талығады. Шаршаў менен бирге ашыўшақлық, умытшақлық қәбилетти де раўажландырады. Ең жаманы, мийди керексиз мағлыўматлар менен толтырыў бизиң жаман пикирлеўимизге тийкар жаратады. Жаман ойлаў — бул өмиримизди уўлаў дегени. Хош, биз перзентлеримиздиң қандай инсанлар болып жетилисиўин қәлеймиз?

Қәлипке түскен бир гәп бар. «Перзентлеримиз ҳәм физикалық, ҳәм руўхый жақтан саламат, дүньяқарасы кең, еркин пикирлейтуғын кәмил инсанлар болып жетилисиўи ушын имканиятлар жаратылмақта...» Хош, имканият дегенде нени түсинемиз? Еркин пикирлеў деген не? Пушкин отыз жасына жетпей-ақ пүткил дүньяға танылды, қәлеми менен рус миллетин ең жоқары шыңға алып шықты. Шайыр: «Инсанның уллылығы пикирден» деген.

Инсаният тарийхында ең үлкен жаңалықлар жаратқан физик алым Альберт Эйнштейн болса, «Информация — билим емес. Илимниң тийкарғы дәреги — тәжирийбе» дейди. Алым билимли болыў, тәжирийбе топлаў ушын пикирлеў зәрүрлигин уқтырады. «Ой жуўыртыў — бул ҳәмме нәрсе. Бул өмирдеги болажақ ҳәдийселерди көрип шығыўдур. Пикирлеў — билимнен де әҳми­йетли». Альберт Эйнштейн пикирлеў қәбилетин раўажландырыў ушын оқыў ҳәм уғыў зәрүрлигин уқтырады ҳәм «Биз билиўимиз керек болған жалғыз нәрсе — бул китапхананың қай жерде жайласқан орны» деп келтиреди.

Демек, китап, баспасөз ҳеш қашан ескилик сарқыты болып қалмайды. Буған дүньяны өзгерт­кен алымлар көзқарасынан миллионлап мысаллар келтириўимиз мүмкин. Инсан пикир жүргизе алатуғын бирден-бир саналы жанзат.  Сондай болып қалыў ушын да биз техникаға емес, ең үлкен ҳәм ең әжайып табылма саналған қағазға жүгиниўимиз керек!

Демек, адам оқығанда пикирлейди. Интернеттеги интерактивлик бир ўақыяға түрли көзқарас пикирлеў бола алама? Бизиңше, яқ. Инсан жалғыз, өзи менен өзи қалғанында ғана уллы ашылыўлар жаратылған. Бул тарийхый факт. Китап пенен, дөретиўши руўхыяты менен жалғыз қалып пикирлесиў керек. Ол не демекши? Мақсет не, жуўмақ не...

Бүгинлиги халқымыз жеңил-желпиге үйренип баратыр. Кишкене балалардан «тақмақ билесең бе?» деп сорасаң мәнис-мазмуны жоқ, қосық талабына улыўма жуўап бермейтуғын «Дәме, Дәме, дәмем бар сенде» киби қайсыдур эстрада «жулдызы» нан мысал келтириўи яки жасларымыздың түрк сериалындағы актёр, актрисалар киби ки­йинип, өзин көз-көз етиўден уялмаўы бәри руўхый дүньясының жарлылығынан, жеке пикири қәлиплеспегенинен дәрек береди. Олар қашанғы биреўлерге еликлеп жүреди, қашан өзлигин жаратады?! Буған, әлбетте жасы үлкен әўлад ўәкиллери айып­лымыз.

Техниканың және бир тәрепи: ол көбирек инсанның қәбилетин буўып қоймақта. Бүгинги эстрада жулдызларымыздың неше проценти жанлы ҳаўазға ийе деп айта аласыз? 90 процент концертлер фонограмма арқалы атқарылады. Арман-берман аўзын қуры далаға жыбырлатып жүрген сахнадағы масқарапаз ба яки қосықшы ма? Буның көзбоямашылық екенлигин биле-көре тура, неге билет сатып аламыз? Ким-кимди «жалпағына салмақта?». «Алдаған емес, алданған ақмақ», деген гәп бар ата-бабада.

Интернетте әне сондай көзбоямашылықлар өршип бармақта. Қай заманда талант қол ушында «Like» басыў менен анықланатуғын болып қалды. Таныс-билислик бул да бир коррупция. Меҳир-мүриўбеттиң ортадан көтерилиўинде де сол бийминнет глобаль тармақтың хызмети үлкен.

Жынаят, зорлыққа шақырыў, қыянет, тырнақша ишиндеги заманагөй шахс. Жаўызлықты үгит-нәсиятлаўдың зор қуралы  — интернет. Аңсызлар биреўдиң жетегине ерип кете береди, бул майданда. Мәртлик — күш көрсетиў, басқаға зәҳәриңди шашыў яки биреўди өлтириў деп түсинетуғынлар да жоқ емес. Перзент ата-анасынан өз қунын, ҳақысын талап етип, оларды суд­қа бермекте, туўысқанлар ортасында дүнья-мал таласлары  кел жақсысы, даўам еттирмеймиз. Көре-көре көзимиз көнлигип, етимиз өлип, сезимсиз болып бармақтамыз. Биз жаннан әзиз перзентлеримизди еле ақ-қараны танымай турған бир па­йытта интернет әлемине не ушын қойып жибермектемиз?

«Көк кит», «Момо» киби дүньяны ләрзеге салған өз жанына қастыянлық етиўге мәж­бүрлейтуғын ойынлар жүзеге келип атырған бир пайытта неге бийпәрўа, бийғамбыз?! Биз басқаны тәрбиялаўымыз ушын алдын өзимиз тәрбияланған болыўымыз керек емеспе? Саатлап телефонға үңилемиз. Баламыз бенен китап оқыў «әдеттен» қалды... Усы ма заман менен тең қәдем таслаў? Усы ма биз гөзлеген мақсет? Интернеттиң әжа­йып хызметлери, имканиятлары да бар. Лекин техниканы басқарыў ушын қанша ақыл керек?! Ашынарлысы, ҳәзир техника бизди басқарып кетпекте.

Мысалы, тармақтағы таяр курс жумысы, сабақ исленбесин алайық. Оны ким, қай дәрежеде саўатлы инсан жазды екен, мағлыўматлар дурыспекен деп бир ойлап көргенбиз бе? Яқ, көпшилик тек таяр ҳалда табылғанына қуўанып, бийкар жан қыйнамай көшириўшиликке бериледи. Соннан оқыған болды ма? Хош, кимди алдап атырмыз? Сол дәрежеде өзимизди жар жағасына басламақтамыз. Халқымыздың китапқа қайтып атырғанлығы қуўанышлы, әлбетте. Сол қатарлы газета-журналларға да қайтса екен. Биз өз мәпимизди ойлап бундай деп атырғанымыз жоқ. Айтажағымыз, газета-журналлар ҳәр бир тараў қәнигеси ушын ең исенимли қолланба бола алады. Балалар дүньяқарасын кеңейтиўде де ибрат мектеби ўазыйпасын әжайып тәризде атқарыўы сөзсиз. Себеби, басылымларда електен өткен, ең исенимли мағлыўматлар орын алады. Жыллар өтип бул газета-журналлар көплеп илимий излениўшилерге (тарийх, әдебият, түрли тараў басылымлары сол тараў қәнигелери ушын) бийминнет, бийбаҳа дерек болып хызмет етиўи ҳақыйқат. Архив. Газета-журналлардың бул хызметин басқа ҳеш бир ғалаба хабар қураллары толық атқара алмайды.

Миллий мас-медианы раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қәўендерлик кеңеси басшысы К.Алламжановтың сын пикирине шешим сыпатында биз төмендегилерди келтирмекшимиз.

Биз өзимизди ақлаў нийетинен жырақпыз. Заманға сай өзгериўге, интернет сайтларында ис жүргизиўге де таярмыз. Бул ушын бизде тәжирийбели, пидайы журналистлер де жетерли. Лекин, газетаның қағаз версиясын сақлап қалыў тәрепдарымыз. Ол жәми­йетимизге күтә керек. Сол қатары журналистика, әсиресе, баспасөз журналистикасы өз алдына дөретиўшилик мектеби екенлигин есапқа алып, журналистлеримизге ҳәм руўхый, ҳәм материаллық хошамет, көмек зәрүрлигин билдиремиз. Баспасөзде айлық та, қәлем ҳақы да аз. Олсыз да биз бирқанша өткир қәлеми бар журналистлеримизди қолдан бердик...

Бир данышпан жас баланың қолынан услап, жол-жоба көрсетип жүрген екен. Сонда адамлар оннан: «Не ушын сонша шәкиртлер ишинен әйне бул баланы жаныңызға алып, китапханалар, уллы инсанлар менен таныстырып, меҳрибанлық көрсетип жүрипсиз?» деп сорапты. Данышпан: «Мен онда бас­қаша бир қәбилет барлығын байқадым. Сол ушын кейниме ертип, сол таланттың  гүллеп-жаснаўы ушын жол ашпақтаман. Ҳақыйқый талантлылар пәлек астында қалып қоя береди. Оларды қоллап-қуўатлаў зәрүр. Талантсызлар болса алға басып (жөн алды қарабарақ) кетеди. Олар керек болса биргелесип, өзлерине жол ашыў ушын сол талант ушқынын сөндирип таслаўы да мүмкин», депти.

Бүгин журналистиканың тамыры, ҳақыйқый дөретиўшилик мектеби болған баспасөз әне сондай жетекшиге мүтәж, оған ғамқорлық ҳәм итибар керек.

Дүнья бундай өзгерип атыр, деп өзлигимизден кешиў шәрт емес. Мысалы, шет тиллерин билиў керек бирақ, өз ана тилимизди енди кереги жоқ деп бир шетке ысырып қойыў қандай наданлық. Яки шет еллерде шаңарақ түсиниги сайыз, қәлеген пайытта турмыс қурып, қәлеген пайытта ажырасып кетеди. (Ашынарлысы соңғы жыллары бизде де шаңарақ муқаддес түсиниги әне сондай жеңил көзқарас нәтийжесинде бузылып кетпекте. Буларға да түрли сайыз кинофильмлердиң экран жүзин ийелегени себеп болды). Биз ҳәр бир заттың жақсы тәрепин өзимизге бийимлестирген ҳалда ғана қабыл етиўимиз керек. Өзгешелик, өзине тәнлик деп соны айтады.

Биз де заман менен тең қәдем таслап өз интернет версияларымыз, сайтларымызды иске қосыў­ға таярмыз. Ең тәжирийбели, жазыў қәбилетине ийе журна­листлер баспасөз арқалы халқымызды саўатлы, мәрипатлы, зыя­лы етип тәрбиялай алады. Бул әзелий қағыйда елеберин өзгергени жоқ, өзгермейди де.

Және бир үлкен машқаламыз — жаңалық тарқатыўшы шөл­кемлердиң кеўилдегидей хызмет көрсетпеўи, газета-журналлардың өз ўақтында оқыўшылар қолына жетип бармаўы да баспасөзге халықтың исениминиң жоғалыўына себеп болмақта. Бул машқалаға да анық шешим табыў зәрүрлиги бар.

Улыўма алғанда, газета-журналларды раўажландырыў, турақлы қаржы менен тәмийинлеў мәселесин шешиў бойынша Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң қарар жойбарының қабыл етилиўин қоллап-қуўатлаймыз. Дөретиўши кәсиплеслеримиз кеўиллери тоқ, ҳақыйқый дөретиўшилик пенен шуғылланыўы ушын (жазылыў ушын бас қатырмай), экономикалық жағдайы оларды тәшиўишлендирмеўи зәрүр деп билемиз.

Кеңесбай РЕЙМОВ.

Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF