Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:38:19, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЕТЕРИНЕН  САҚЛАСЫН ЯМАСА АЎЫЗБИРШИЛИК УСЫНДАЙДА БИЛИНЕДИ

Өтмиш дереклерге нәзер салсақ, инсаният өз тарийхында не бир апат-ақыбетлерди, аўыр қы­йыншылықларды бастан кеширген. Лекин, әзелден баўырман, бир-биреўге мийрим-шә­пәәтли халқымыз ҳеш қашан руўхын түсирмес­тен, келешекке үлкен үмит пенен жүз берген қыйыншылықларды беккем аўызбиршиликтиң арқасында жеңиўге ерисип келген.

«Жаў жағадан алғанда, ийт етектен алады» деген ибараны ислетиўди ҳасла хош көрмеймиз. Тилекке қарсы, пүткил дүньяны ләрзеге салып атырған коронавирус пандемиясы бизиң елимизди де тәшўишке салып атырған бир пайытта Бухара ўәлаятында жүз берген тәбийғый, Сырдәрья ўәлаятындағы техноген апатлар халқымызды, әсиресе, ўақыя жүз берген аймақларда жасаўшы жерлеслеримизди әдеўир албыратты. Лекин, ҳәр қандай аўыр жағдайларда да халқымыз басқа түскен қы­йыншылықларды сабыр-тақат пенен жеңип, аўызбиршиликтиң арқасында шығысып келген. Бундай шығысыўларға, сабыр менен жеңиўге толық тийкар бар. Өйткени, бул елдиң әдил басшысы, журттың, халықтың келешегин ойлаған, узақты көре билген абырайлы Журт­­басшысы жәбир көр­генлердиң руўхын түсирмеўдиң анық ҳәм айқын илажларын ўақтында көрип атыр.

Ҳүрметли Президентимиз техноген апат жүз берген күнниң өзинде-ақ ўақыя орнына жетип барды. Дәслеп Ақ алтын районының халқы менен ушырасты. «Бул ҳеш ким күтпеген сынаў. Биринши ҳәрекетимиз адамларды зәрүр орынларға көшириў болды. Ақсақаллар, мәҳәлле баслықлары ҳәм сақшылардан илтимас етеменF адамларды жыйнап, үйлерге, палаткаларға жайғастырып, азық-аўқат пенен тәмийинлеп, мәҳәллеме-мәҳәлле орны-орнына қойыўымыз керек. Буның ушын барлық күш ҳәм қуралларды жегемиз. Шараят жақсыланбағанша бирде-бир басшы бул жерден кетпейди. Сабыр етип, аўырлықты желкемизде көтерип, шыдаўымыз керек. Бирде-бир шаңарақ, бирде-бир адам итибарсыз қалмайды», - деп айтқан Президентимиздиң сөзлерин еситкен жәбиркеш халықтың руўхлары көтерилип, ертеңи күнге деген үмит ушқынлары қайта парлап жанды.

Ҳақыйқатында усы жыл 1-май күни таң ағарып атқан пайытта Сырдәрья ўәлаятында 2010-2017-жыллар аралығында қурып питкерилген Сардоба суў сақлағышы айлана дамбасының бир бөлегиниң опырылыўы жүз берди. Мағлыўматларға қарағанда, суў тасқыны ақыбетинде Сардоба, Мирзабад ҳәм Ақ алтын районларының жәми 32381 гектар жер майданлары зыянда қалған. Сондай-ақ, он мәҳәлле, жигирма үш елатлы пункт аймағындағы 4711 турақ жай ҳәм 277 басқа объект, 30718 гектар егислик майданы зыян көрген. Сардоба районының «Дослық», «Қорған тепе», «Юртдош» елатлы пунктинен 743 бас, Ақ алтын районынан 551 бас, Мирзабад районы бойынша 1330 бас үй ҳайўанлары набыт болған.

Техноген апаттан жәбир көрген халықтың мораллық ҳәм материаллық зыянын қаплаў, олардың жасаў шараятын бурынғысынан көре анағурлым жақсылаў бойынша Президентимиздиң белгилеп берген анық ҳәм ай­қын ўазыйпалары тийкарында жумыс алып барып атырған Ҳүкиметлик комиссияның ислеринен жәбиркеш халықтың кеўли толқынланып, шексиз миннетдаршылық жаўдырмақта.

Ўақыя жүз берген күнниң ертеңине-ақ елимиздиң барлық аймақларынан Сырдәрья халқына көмек кәрўанлары сеңдей ығысып келе баслады.

Бурыннан соңға бир-биримиздиң қуўанышымызға тилеклес, қайғымызға шерик болып келген, көмекке айтпаса да барып ҳармасын айтып, қалыс қол-қабысымызды тийгизетуғын жоқары адамгершилик пазыйлетлер қанымызға қарысып кеткен халықпыз. Бойымызға сиңген усындай ағла пазыйлетлердиң ҳақыйқый тастыйығын көрсетиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Ҳүкимети басшылығы ийгиликли ҳәм қайырлы иске бириншилерден болып ат салысты. Дәслепки азық-аўқат, кийим-кеншек, көрпе-төсек ҳәм басқа да күнделикли зәрүр болған тутыныў буйым­лары, ең баслысы, баўырманлық, меҳир, кең­пейиллик артылған, сырдәрьялы ағайинлерге жол ал­ған бир неше жүк машиналарынан ибарат қайыр-сақаўат кәрўанына республика Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязов салтанат пенен «ҳақ жол» тиледи.  Сондай-ақ, ўайран болған жерлерди сапластырыў, суўларды белгиленген орын­ларға қашырыў жумысларында республикамыз атынан барған бир қатар минис­трлик, басқарма ҳәм шөлкем ўәкиллери қатарында кеўиллилер топарының барлығы да қуўандырады. Бул ийгиликли басламаны басқа да министрлик ҳәм шөлкемлердиң даўам етип атырғанлығы бул апат тек сырдәрьялылардың емес, бизлердиң де басымызға түскен тәшўиш деп түсингенинен дерек береди.

­ Оңланатуғын турақ жайлар да, жаңадан қурылатуғынлары да мәмлекет тәрепинен бийпул қурып-оңлап бериледи. Жаңадан көп қабатлы турақ жайлар сентябрь айында қурып питкериледи..., - деди Журтбасшымыз техноген апат жүз берген аймаққа қысқа ўақыттың ишинде төртинши мәрте келгенинде.

Мәмлекетимиз басшысы жәбир көрген халықтың турмыс шараятларын қайта тиклеўде тек турақ жай менен тәмийинлеў емес, қосымша кәрханалар шөлкемлестирип, жаңа жумыс орынларын жаратыў, соның нәтийжесинде адамлардың социаллық турмыс дәрежесиниң абаданлығына ерисиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында үлкен-киши бир неше жүзлеген жойбарды айқын көрсетип берди. Пүткиллей жаңаша келбетке, шырайлы көриниске келтириў ушын бул үлкеде ғажжа-ғаж қурылыс ислери алып барылмақта. Бул ийгиликли жаңа инфрадүзилмени жаратыўда қарақалпақстанлы мыңнан зыят қурылысшылар қатнасып, турақ жайлар қурыў, қайта тиклеў, газ, электр энергия, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм жолларды оңлаў ислеринде пидайылық көрсетпекте.

Болажақ апаттың ҳеш бири айтып келмейди. Өзи пандемия себепли адамлар үйине қамалып, бир қатар машқалаларға дус келип атыр­ған бир пайытта избе-из жүз берген тәбийғый ҳәм техноген апатшылық дәрт үстине дәрт болды. Алдынғы күшли боран ақыбетинде Бухарада қанша турақ жайлар, имаратлар ўайран болып, мыңлап адамлар баспанасыз қалды. Көп өтпей Сырдәрья ўәлаятының Сардоба районында диаметри 28,8 км, сыйымлылығы 922 млн. метр­куб бол­ған суў сақлағышы дамбасының бир бөлеги опырылып, мыңлап турақ жайларды суў басты, ертеңги ырысқымыз деп отырған бир неше мың гектардағы егинлер суў астында қалды. Мыңлап үй ҳайўанлары суўға ғарқ болды. Ең ашынарлысы...

Бул апатлар жүз бергеннен соң көпшиликти бир саўал қыйнайды. Яқшы, Бухарадағы ўақыя тәбият қырсықлығы, Жаратқанның кәраматы. Ал, суў сақлағышындағы дамбаның белгили бир бөлегиниң суўға шыдам бере алмай жығып кетиўи кимниң иси?! Буның себебин анықлаў ушын республикалық Комиссия дүзилди. Қулласы, бул ҳәммеге, әсиресе, қурылысшыларды терең ойға талдыратуғын сабақ болды, деп ойлаймыз. Буннан буяғына қурылысшыларға инсап берип, буннан бетеринен сақласын!

Қ.БАЙНИЯЗОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF