Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:45:20, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФИЗИКА — ҚЫЗЫҚЛЫ ПӘН

Көпшилик физика пәнин жүдә қыйын пән деп есаплайды ҳәм өзиниң бул пәнге қызықпайтуғынлығын айтады. Бирақ, бул пән жүдә қурамалы ҳәм зеригерли пән емес.

Негизинде адамлар  өзлери аңламаған ҳалда бул пәнди билиўге, түсиниўге  ҳәрекет етеди ҳәм қызықсынады. Әсиресе, кишкенелер. Себеби, сырлы тәбият тиккелей физика нызамлары тийкарында ҳәрекетленеди. Қоршаған орталықтың қубылыслары ҳәммеге бирдей қызық. Биз өз мақаламыз арқалы бул пәнниң өзине тән өзгешелиги ҳаққында азы-кем мағлыўмат берип өтпекшимиз.

Көпшилик физика пән муғаллимлерин ойландыратуғын мәселелердиң бири — сабақта барлық оқыўшы теңдей бул пәнди өзлес­тире бермеўи. Тек аз сандағы мектеп оқыўшылары ғана физикаға қызығады. Негизинде көп санлы балалар материяның қәсийетлери, дүзилиси ҳаққында түсиникке ийе болыўды қәлейди. Деген менен физика пәниниң қыйыншылығы сонда, түрли формула ҳәм арнаўлы белгилердиң түсиниксиз комбинациясы олар ушын зеригерли түйиледи. Оларды пәнге қызықтырыў ушын көбирек әмелий лабораториялық жумыслар арқалы түсиник бериў мақсетке муўапық. Себеби, балалар еситкенинен көре көзи менен көргенлерин көбирек еслеп қалады ҳәм бул процессте балада үш тәреплеме ядта қалыў мүмкиншилиги болады. Яғный, көриў, еситиў ҳәм сезиў арқалы. Соның ушын мектеплерде, сабақ процесинде муғаллимлер көбирек әмелиятқа итибар бериўи керек деп ойлаймыз. Ҳақый­қатында да, бул пән бираз қурамалы болыўы мүмкин, бирақ, турмыста жүдә керекли тәреплери көп болғанлықтан да мектеп сабақлықларында айрықша орын­ға ийе.

Соның менен бирге, физикаға байланыслы ең қызықлы фактлерди айтып өтпекшимиз. Егер сиз де физикаға қызықпайтуғын болсаңыз, өз пикириңизди өзгертиң. Себеби, физиканы билиў арқалы биз пүткил дүнья ҳаққында, жаратылыс ҳаққында билип алыўымыз мүмкин болады.

Әпиўайы мысал, ҳәмме ушын қызықлы сораў — не ушын қуяш ерте таңда қызарып шығып, тағы кеште қызарып батады? Сырлы тәбияттың өзине тәнлиги де сонда, физикалық ҳәдийселердиң ҳақыйқый көриниси негизинде қызыл-ыссы космослық денениң нуры ақ болады. Спектрал өзгерис ақ луминесанс радуганың (айқулақтың) барлық реңлерин алыўға ҳәрекет етеди. Соның ушын қуяш ерте таңда ҳәм кеш түскен ўақытта оның нурлары көплеген атмосфера қабықларынан өтеди. Ҳаўа молекулалары ҳәм шаңның майда бөлеклери нурдың өтиўин кешиктириўи мүмкин. Сонлықтан да тек қызыл нурлар арқалы бизге көринеди.

Және бир көпшиликти  қызықтыратуғын физикалық қубылыс: неге жақтылық тезлигинде тоқтаў өзине тән болады? Ол қалай әмелге асады деген сораўлар туўылады. Бул сораўға Алберт Эйнштейн тәрепинен енгизилген салыстырмалылықтың улыўма теориясына муўапық, электромагнит толқынлардың вакуум орталығында тарқалыў тезлигиниң улыўма қурамы өзгермейди ҳәм секундына үш жүз миллион метрге тең болады.

Негизинде дүньяда ҳеш нәрсе жақтылықтың ҳәрекети тезлигинен озып кетпейтуғынлығы таң қаларлық ҳәдийсе. Бирақ, бул елеге шекем теориялық пикир болып келмекте.

Тағы да көпшиликти, әсиресе, кишкенелерди қызықтыратуғын сораўлардың бириF электр сымында отырған қус неге ток зарядынан өлмейди! Физикалық жақтан айтатуғын болсақ, ҳақыйқатында да электр сымында отырған қус ямаса қуслар ток урыўына сирә ушырамайды. Себеби, ол жетерли ток өткериўши қәбилетке ийе емес. Қустың сым менен байланыста болатуғын жерлеринде параллель жалғаныў болады. Және бир қызықлы тәрепи сонда, сол ўақытта жоқары басымдағы сым ағымның ең жақсы өткизгиши болып есапланады. Тек қусқа сезилерли зыян жеткериўге ийе болмаған қус ағзаларына минимал энергия ағымы ағады. Бирақ, егер түклер ҳәм жүн менен орал­ған сым үстинде турған омыртқалы ҳайўанлар, мәселен, жоқары вольтлы электр линиясының металл бөлеги менен жерге жал­ғанған нәрсеге тийсе, ол дәрҳал жанып кетеди. Себеби,  бул жағдайда қарсылық жүдә жоқары болып, барлық электр токлары қустың денесин тесип қояды.

Физика пәниниң қызықлы тәреплери көп. Оны билген адам дүньяны, барлықты аңлайды. Соның ушын да тарийхта уллы ойшыл-данышпанларымыздың дерлик барлығы бул пән менен тығыз байланыста болған ҳәм терең үйрениўге тырысқан. Келиң перзентлеримизди физика пәнине қызықтырайық.

 

 

Байрамгүл

СЕЙТМУРАТОВА,

Кегейли районлық ХББне қараслы 6-санлы улыўма билим

бериў мектебиниң физика пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF