Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:32:30, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МАТЕМАТИКАНЫҢ ЗАМАНАГӨЙ МАШҚАЛАЛАРЫ»

Усы жылдың 20-май күни Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институты тәрепинен «Математиканың заманагөй машқалалары» атамасында республикалық илимий-әмелий онлайн конференциясы шөлкемлестирилди.

Әнжуманды ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов ашып берди. Конференцияда белгили математик илимпазлардан Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институтының директоры, сенатор, академик Ш.Аюпов, академик А.Садуллаев, профессор М.Ариповлар өз баянатлары менен қатнасты.

Бәршемизге белгили, ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мир­зиёевтиң басшылығында мәмлекетимиздиң илимий потенциалын көтериў, илим-пәнди раўажландырыў бойынша бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-июльдеги «Математикалық билимди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институты жумысын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2020-жыл 7-май күнги «Математика тараўындағы тәлим сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарлары тараўды раўажландырыўда жаңа басқышты баслап берди. Ал, Президентимиздиң 2020-жыл 7-май күнги қарары менен Қарақалпақстан Республикасында, Бухара, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институтының аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди.

Әлбетте, бул қарарлар елимизде математика илиминиң раўажланыўы ушын үлкен имканиятлар есигин ашып берди. Әсиресе, жас математиклердиң өз билимлерин еле де жетилистириўде әҳми­йетли орын тутады.

Мине, усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланған Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-курс студенти К.Садыков Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген 2018-жылы Үргениш қаласында болып өткен математика олимпиадасында бронза медалға ийе болғанлығын мақтаныш етсек арзыйды.

Онлайн форматта шөлкемлестирилген бул конференцияға Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан 100 ден аслам математик илимпазлар, жас излениўшилер қатнасты.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: онлайн-конференциядан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF