Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:48:59, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 7 ПУҚАРАҒА ЖЕҢИЛЛИК ЖАРАТЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасының хызметкерлери халық арасында жүрип, олардың мүрәжатларын тыңлап, машқалаларын үйрениў, аўырын жеңиллетиў мақсетинде районның «Найманкөл», «Кенегес» ҳәм «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жы­йынларында  үйрениў жумысларын өткерди.

Илаж даўамында үй алды қыйтақ ҳәм мөлдек жерлеринен көпшилик пуқаралар қосымша дәрамат таўып атыр­ғанлығы, айырымлары болса, ҳәттеки, өз қаржысын үнемлеў мақсетинде нәллерди базарлардан сатып алмай, ыссыхана ҳәм парниклеринде жетистирип, аўысқанын сатып, шаңарағына қосымша дәрамат келтирип атыр­ғанлығы мәлим болды.

— Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 436-статьясында физикалық тәреплер ушын жер салықларына жеңилликлер берилиўи нәзерде тутылған. Усындай жеңилликлер Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2018-жыл 18-марттағы 205-санлы қарарында да өз сәўлелениўин тап­қан,-дейди Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Д.Наўрызбаев. — Қыйтақ жерлеринен дурыс пайдаланып, өз есабынан ыссыхана қурып атырған, сондай-ақ, рәсмий емес түрде бәнт болған пуқараларға жеңилликлер бериў ҳаққында тийисли мәкемелерге усыныслар берилди.

Тақыятас районы Халық қабыллаўханасының усынысына тийкарланып 2020-жыл 11-май күни район ҳәкиминиң тийисли қарары қабыл етилип, район ҳәкимлиги тәрепинен мәмлекетлик салық хызметине усыныс берилди ҳәм 7 пуқараның 7 миллион 620 мың 500 сумлық жер салығы бойынша қарыздарлығы, 2 миллион 603 мың 500 сумға азайды. Яғный, 34 процентлик жер салықларынан азат етилди.

Солай етип, бурын болмаған усындай тәриздеги жеңилликлерди қоллаў районымызда басланды.

— Мен «Найманкөл» АПЖда жасайман. Маған 2020-жыл ушын 1 миллион 643 мың сумлық жер салығы бойынша қарыздарлық есапланған еди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасына еткен мүрәжатым инабатқа алынып, жеңиллик қолланыў ҳаққындағы қарар менен салық муғдары 375 мың сумға азайтылды,-дейди пуқара Б.Оразбаева. — Бул жеңиллик ушын Президентимизден, қабыллаўхана хызметкерлеринен ҳәм район басшыларынан шексиз миннетдарман.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF