Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:24:36, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕСАБАТЛАР ДУРЫС ТОЛТЫРЫЛЫЎЫ МЕНЕН ӘҲМИЙЕТЛИ

Исбилерменлик субъ­ект­лери өзлериниң экономикалық хызмет түри кодларын анықлаў ушын мәмлекетлик статистика уйым­ларына мүрәжат еткенде, оларға бийпул кең түсиник ҳәм мәсләҳәт бериўде әмелий жәрдем көрсетиледи.

Юридикалық шахслардың тийкарғы хызмет түри кодын анықлаўда статистика уйымлары қәнигелери «Ўзстандарт» агентлигиниң 2011-жыл 28-январьдағы 05-268-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Экономикалық хызмет түрлери мәмлекетлик классификаторы (ИФУТ-2) мәмлекетлик стандартынан, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик статистика комитетиниң 2014-жыл 27-октябрьдеги 11-санлы қарары менен тастыйықланған «Кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң бирден-бир мәмлекетлик регистр (КТЯДР) ын жүргизиў бойынша қолланба»дан ҳәм де субъекттиң тапсырған жыллық мәмлекетлик статистикалық есабаты мағлыўматларынан пайдаланыўы керек.

Юридикалық шахс (субъект) тың тийкарғы хызмет түри кодын анықлаўда, олар тәрепинен әмелге асырылған хызмет түрлери ишинде жыллық айланба көлеминде үлеси ең көп болған хызмет түри таңланады. Егер ислеп атырған хызмет түрлеринен биреўи 50 проценттен асса, ол автомат тәризде тийкарғы хызмет түри болып белгиленеди. Ҳеш бир хызмет түри 50 проценттен аспаса, тий­карғы хызмет түрин анықлаў ушын классификатордың жоқарыдан пәске усылы қолланылады, яғный бунда 5 ханалы код дәрежесиндеги бирликтиң классификациясы, дүзилмениң жоқары дәрежедеги классификациясына туўра келиўи керек. Бул арқалы, биринши басқышта жыллық айланба көлеми үлесиниң ең әҳмийетли болған секциясы анықланады. Нәтийжеде секция ишинде туўры келиўши бөлим, сол бөлимдеги группа, класс ҳәм киши класс анықланады.

Егер, исбилерменлик субъекти КТЯДРда статистика уйымлары тәрепинен белгиленген тийкарғы хызмет түри кодынан наразы болса, оған кәрханасы тәрепинен тапсырған жыллық мәмлекетлик статистикалық есабаты мағлыўматлары ҳәм тийкарғы хызмет түри коды арасындағы өз-ара байланыслылығы, зәрүр болса мәмлекетлик статистика есабатын дурыс толтырыў бойынша түсиник бериледи.

Соның менен бир қатарда, исбилерменлик субъектине әмелий жәрдем ямаса мәсләҳәт бериў ўақтында субъекттиң итибарын мәм­лекетлик статистика уйымлары тәрепинен КТЯДРда белгиленген идентификация ҳәм статистикалық классификаторлар коды тек ғана республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўы ҳаққындағы мағлыўматларды тәртипке салыў ҳәм улыўмаластырыў ушын, сондай-ақ мәмлекетлик статистика есабатларын тапсырыў тәртибин белгилеў ушын берилиўин ҳәм де бул кодлар нызамшылығымызда белгиленген салық ҳәм басқа жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықын тасты­йықлаўшы юридикалық ҳүжжет есапланбайтуғынлығын айтып өтиўимиз тийис.

З.ҚАЛМУРАТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика Басқармасының

статистикалық регистрларын жүргизиў бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF