Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:52:51, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲУҚЫҚЫЙ МӘСЛӘҲӘТ — БИЙПУЛ

Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдения­тын жетилистириўге байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў, пуқаралардың жәми­йетлик-сиясий өзгерислерди жетик аңлаўында ҳуқықый билимлерин көтерип барыўдың заманагөй усылларын енгизиў, сондай-ақ, халықты, әсиресе, жасларды зыянлы хабарлардан қорғаў бо­йынша беккем ҳуқықый иммунитетти пайда етиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-январь күнги «Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў системасын түп-тийкарынан раўажландырыў ҳақ­қында»ғы Пәрманы қабыл етилип, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәде­ниятты жетилистириў бо­йынша тий­карғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳүкиметимиз тәрепинен бир қанша жумыслар әмелге асырылды, яғный, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириўге байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў, халыққа бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў системасын және де жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 6-сентябрьде «Халыққа ҳуқықый мәлимлемени жеткериў ҳәм юридикалық жәрдем көрсетиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 741-санлы қарары қабыл етилди ҳәм қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басламасы менен халыққа бийпул ҳуқықый хызмет көрсетиўши мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем формасындағы «Мадад» мәкемеси шөлкемлестирилди.

Шөлкемлестирилген бул мәкемениң тийкарғы ўазыйпалары нелерден ибарат деген сораўға төмендегише жуўап берип өтемиз, яғный:

бириншиден, пуқара­ларға ҳуқықый мәселелер бойынша онлайн мәс­ләҳәтлер ҳәм түсиниклер бериў жолы менен бирлемши бийпул юридикалық жәрдем көрсетеди;

екиншиден, пуқаралардың ҳуқықый билимлерин жәмийетлик-сиясий тараўдағы өзгерислер менен биргеликте арттырып барыў ушын ықтыярлыларды тартады;

үшиншиден, пуқаралар тәрепинен ҳуқықый мәс­ләҳәт бериўге байланыслы сораўларды талқылап барады. Талқы нәтийжеси бо­йынша нызамшылықты қолланыў әмелияты ҳәм әмелдеги нызамшылықты раўажландырыў барысынан усынысларды ислеп шығады;

төртиншиден, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириўде инновациялық усылларды, шет ел мәмлекетлериниң буның барысындағы унамлы тәжирийбелерин әмелиятқа енгизеди.

бесиншиден, «Advice.uz» (e-maslahat.uz) ҳуқықый мәлимлеме порталын турақлы түрде жүргизеди ҳәм ке­йинги өзгерислер менен жаңаландырып барады.

Соны да айтып өтиўимиз орынлы, «Мадад» ­ мәкеме формасындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми қарарда көрсетип өтилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының район (қала)ларында мәкемениң ҳуқықый мәс­ләҳәт бюроларын басқышпа-басқыш шөлкемлестирип келмекте. Соннан, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларында ҳуқықый мәсләҳәт бюролары район халқына бийпул ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм ҳуқықый түсиниклер бериў жолы менен өз жумысларын алып бармақта.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, 2019-жылдың ноябрь айынан баслап Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы ҳуқықый мәсләҳәт бюросы өз жумыслары даўамында Мойнақ районы Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратында халыққа барлық тараўлар бойынша, тийкарынан мийнет қатнасықлары, шаңарақлық қатнасықлар, пуқаралық, социаллық қорғаў, суд-ҳуқық мәселелери, жер, турақ жай коммунал мәселелери бойынша сораўларына тиккелей нызам менен тийкарланған ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм ҳуқықый түсиник бериў жолы менен реал ўақыт режиминде бийпул юридикалық жәрдем көрсетип келмекте.

Соны да айтып өтиў орынлы, яғный, 2019-жыл 25-апрель күни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Advice.uz» (e-maslahat.uz) ҳуқықый мәлимлеме порталы өз жумысын баслады, бул портал арқалы Өзбекстан Республикасы пуқаралары, шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға онлайн режимде бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алыўы ушын имканият жаратылды, сондай-ақ, 2020-жылдан баслап халыққа және де қолайлылықлар жаратыў мақсетинде «Madadnnt-bot» иске түсирилди, яғный, ол жерде пуқаралар өзлериниң жуўап табыўда қыйналып атырған ҳәм қызықтырған сораўларын жазып, бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алыўы мүмкин.

Демек, ҳүкиметимиз тәрепинен, сондай-ақ, «Мадад» мәкемеси тәрепинен әмелге асырылып атырған барлық жумыслар жәмийетте халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға, пуқаралардың ҳуқықый саўатлылық дәрежесин арттырыўға қаратылғанлығы, соның менен бирге, елимизде инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин екенлигиниң ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған барлық реформалардың негизинде инсан мәплери турыўының және бир дәлили екенлигинен дерек береди.

Н.БЕРДИНИЯЗОВА,

«Мадад» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң

Мойнақ районы ҳуқықый мәсләҳәт бюросының бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF