Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:41:30, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРОНАВИРУСҚА ШАЛЫНҒАН 12 НАЎҚАС ЕМЛЕНБЕКТЕ

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 20-май күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 124 ке жетти.

Соннан 112 наўқас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 12 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14 мың 814 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди. Олардан 14 мың 559 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 255 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 29 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 226 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Карантин дәўиринде республикамызда усы күнге шекем 5629 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилип, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.

Усы күнге шекем 12 мың 864 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 124 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гүманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF