Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:40:05, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕГИНЛЕРДИ ТӘРБИЯЛАЎ ЖУМЫСЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Хожели районы «Саманкөл» АПЖ дағы «Шукуруллаева Толғанай» фермер хожалығында Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси баслығының орынбасары С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының орынбасары Қ.Бекмуратов, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Юлдашев, районның 4 секторының басшылары, аўыл хожалығы хызметкерлери ҳәм фермер хожалықлары баслықларының қатнасыўында көргизбели-әмелий семинар өткерилди.

Онда, ғаўаша майданларында комплексли тәризде жумыс алып барыў, қатар арасын культивациялаў ҳәм қатқалақтан жумсартыў, зыянкеслерге қарсы гүресиўде биолаборатория хызметлеринен кеңнен пайдаланыў мәселелери  атап өтилип, тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар билдирилди.

Илажда, атызда күни-түни аянбай мийнет етип атырған аўыл хожалығы хызметкерлериниң мийнетлерин өз ўақтында баҳалап барыў бойынша айрықша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF