Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:56:19, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛБОЙЫНАН СЫРДӘРЬЯҒА ГЕЗЕКТЕГИ ГУМАНИТАРЛЫҚ КӘРЎАНЫ

Сырдәрья ўәлаятында жүз берген апатшылықтан жәбирленген халыққа жәрдем бериў, суў тас­қынынан зыян көрген ўатанласларымызға жәрдем көрсетиў мақсетиндеги қайырлы жумыстан Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан Либерал-демокра­тиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси де шетте турмады.

«O’zLIDEPтиң гуманитарлық кәрўаны» акциясы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы кеңеси тәрепинен усы апатшылықтан жәбирленген халық ушын гезектеги жәрдем жиберилди.

— Сырдәрья ўәлаятында жүз берген апатшылық пүткил хал­қы­мызды, соның ишинде бизди де тәшўишке салды, - дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Сағындық Турманов. — Қыйнал­ғанда, жәрдемге зәрүр инсан­ларға жәрдем көрсетиў халқымызға тән бурыннан киятырған  қәдириятлардан бири болып саналады.

Акция шеңберинде қайырлы жумысқа тек сақаўатлы инсанлар емес, ал партиямыздың ра­йонлық ҳәм қалалық кеңесиниң хызметкерлери, исбилерменлер, фермерлер, депутатлар ҳәм партия белсендилери шын кеўилден  үлес қоспақта. Гезектеги гуманитарлық кәрўаны менен Сардоба суў сақлағышында суў тасқыны себепли жәбирленген ўатанласларымыз ушын азық-аўқат, ки­йим-кеншек, көрпе-төсек, үй-руўзыгершилик буйымлары, тазалық қураллары жиберилди. Мақсетимиз болса сырдәрьялы  ўатанласларымызды аз болса да қоллап-қуўатлаў, кеўиллерин көтериў болып есапланады.

Ҳәммени бир мақсет жолында бирлестирген бундай қайырлы илажлар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF