Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:10:59, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘҲМИЙЕТЛИ ТАРАЎ РАЎАЖЛАНЫЎ ЖОЛЫНДА

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Өзбекстан Республикасының Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўды күшейт­тириў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған Мәмлекетлик статистика комитетиниң комплекс илажлары режесине муўапық өз жумысларын әмелге асырып келмекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 26-февральдағы «2016-2020-жылларда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық елимизде хызметлер тараўын раўажландырыўдағы төмендеги баслы бағдарлар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынған.

Әсиресе, хызметлер тараўын раўажландырыў есабынан жалпы ишки өнимди көбейттириў, оның Республика экономикасындағы үлесин 48,7 процентке жеткериў, аўыллық жерлерде хызметлерди 1,8 есеге өсириў көзде тутылған.

Сондай-ақ, инженерлик-коммуникация, жол транспорт инфрадүзилмесин раўажландырыў, тармақларда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў есабына хызметлер тараўын, қурамалы өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, бәсекилик орталығын қәлиплестириў, киши ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға көмеклесиў, инновация хызметлерин, жаңа байланыс қуралларын кеңейттириў, халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыў, техникалық имканиятларын тәмийинлеў, олар тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў, телефон байланысы ҳәм телевидениениң санлы системасына толық өтиў, байланыс ҳәм мәлимлемелестириўдиң Республикамыз экономикалық үлесин 2,5 процентке шекем жеткериў белгилеп көрсетилген.

Буннан тысқары, ең жаңа электрон төлем технологияларын енгизиў арқалы финанс хызметлерин раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлерди еле де раўажландырыў белгиленген.

 Республикамызда усы жылдың январь-март айлары жуўмағы менен көрсетилген жәми хызметлердиң көлеми 1492,7 миллиард сум болып, өсим пәти 2019-жылға салыстырғанда 107,9 процентти, соннан аўыллық жерлерде 376,0 миллиард сум яғный көрсетилген жәми  хызметлердиң 25,2 процентин қурайды. Хызметлер көлеминдеги киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлер субъектлериниң үлеси 53,3 процентин қурайды.

Ал, жыл басынан жан басына 785,2 мың сумлық хызметлер көрсетилген. Әҳмийетлиси, халыққа көрсетилген хызметлердиң үлкен үлесин транспорт, саўда, финанслық, байланыс ҳәм мәлимлеме, билимлендириў көшпес мүлк пенен байланыслы ҳәм жеке хызметлер қурайды.

Бул көрсеткишлер хызметлер тараўының экономикамызда тутқан орны оғада әҳмийетли екенлигин дәлиллейди.

Б.ТАЖИБЕКОВ,

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының

Хызметлер тараўы статистика бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF