Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:19:08, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУҚЫМЛЫҚ ТАЯРЛАЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

Нөкис районындағы «Шортанбай ММТП» аймағында жайласқан «ДДЭ ИТИ КК ИТС» да 2020-жыл  өниминен туқымлық дән топлаў мақсетинде көргизбели апробация семинары өткерилди.

Апробация оқыў-семинарына район  ҳәкимлигиниң, тийисли ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, район бас апробаторы, агроинспекция басқармасы ҳәм ра­йонлық бөлиминиң баслықлары ҳәм инспекторлары, агросаноат комплексинде хызмет көрсетиў орайының, район унитар кәрханасының қәнигелери, дән кәрханаларының ҳәм район дән қабыллаў шақапшасының, туқымлық цех ҳәм туқымгершилик фермер хожалықларының баслықлары қатнасты.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы директорының орынбасары Х.Маҳмудов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Туқымгершиликти раўажландырыў орайының баслығы З.Зиядуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2014-жыл 12-июньде дизимнен өткен 2593-санлы Режеге муўапық туқымгершилик атызларын ҳәр қыйлы жабайы шөплерден тазалаў,  зыянланыў дәрежеси, кеселликлер менен кеселлениў ҳәм зыянкеслер менен зыянланыў дәрежесин нызам талапларына сәйкес өткериў  бойынша түсиниклер берилди.

Нөкис районында  2020-жыл өними ушын  638,3 гектар жер майданға туқымлық ғәлле егилген болып, фермер хожалықларға апробация тексериўине  тийисли мүддет ишинде таярлаў мақсетинде хожалық баслықлары ескертилди.

Оқыў семинарда жыйналғанларға ғәлле туқымгершилиги туўралы тийисли көрсетпе ҳәм тапсырмалар берилди.

Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF