Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:43:33, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА 857 КӘРХАНА ҚАЙТА ЖУМЫС БАСЛАДЫ

Карантин себепли елимиздеги көплеген кәрханалардың жумысы тоқтап қалған еди. Бүгинги күнде олардың айырымлары карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда өз жумысларын даўам етпекте.

Мәселен, Елликқала ра­йонындағы «BO’STON  CLUSTER» ЖШЖ ға қараслы «Бостан оптимал текс­тил» цехы усы жылдың апрель айынан жумыс баслап, бул жерде 100 жумыс орны жаратылды.

— Кәрханада ҳәр күни жумысшылардың дене ыссылығы өлшенип, жумыс пайытында карантин қағыйдаларына әмел етиўи қадағалаўға алынған,-дейди кәрхана баслығы Темур Казаков. — Сондай-ақ, оларға қолайлық жаратыў мақсетинде ыссы аўқат ҳәм жумыс­қа келип-кетиўи ушын автобуслар қатнаўы жолға қойылған.

Кәрханамыздың жойбарлық қуўатлылығы 5000 тонна пахтаны қайта ислеўге мөлшерленген. Жыл даўамында 3500 тонна ийирилген жип ҳәм сүлги өнимлерин ислеп шығарыўды режелестирип атырмыз Сондай-ақ, быйылғы экспорт көлемин 5 миллион долларға арттырыўды нийет етип отырмыз.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, районда жәми 1232 кәрхана болып, соннан карантин ўақтында 180 кәрхана өз жумысын тоқтатып турған еди. Бүгиннен баслап 38 кәрхана өз жумысын баслап жиберди. Олардың иске қосылыўы менен 737 елликқалалы пуқара және өз жумысларына қайт­ты.

Ал, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 16601 кәрхана болып, карантин дәўиринде 2825 кәрхана өз жумысын тоқтатып турды. Ҳәзирги ўақытта 857 кәрхананың жумысы қайта тикленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF