Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:33:39, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КАРАНТИН ҚАҒЫЙДАЛАРЫ ӘМЕЛДЕ

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 117 ге жетти. Соннан 109 наў­қас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 8 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наў­қаслар жоқ.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14580 пуқара 14 күн­лик медициналық бақлаўға алын­ған еди, олардан 14510 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 70 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 18 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 52 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Карантин дәўиринде республикамызда усы күнге шекем 5121 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилип, 2 пуқараға жына­йый ис қозғалған, бирақ соған қарамастан айырым пуқараларымыз карантин талапларына итибарсызлық пенен қарап, белгиленген қағыйдаларды бузыўды даўам етпекте.

Усы күнге шекем 9808 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 117 пуқарада коронавирус инфек­циясы тастыйықланды. Кеселликке гүманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары алып барылмақта.

— Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы, сол қатарда Қарақалпақстан Республикасының барлық районлары қызыл, жасыл, сары зоналарға ажыратылып, сол бойынша карантин талаплары қатаң тәртипке салынбақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиоло­гиялық тынышлық орайының бас врачы Баҳадыр Қутлымуратов. — Бул зоналар аймақларда коронавирус инфекциясы менен наўқаслардың дизимге алыныў мүддетине байланыслы. Бул кеселликти тоқтатыў ушын пуқараларымыз биринши гезекте жеке гигиена қағыйдаларына әмел етип, басқа пуқаралар менен қатнасты шеклеўи, зәрүрлик болмаса үйинен шықпаўы шәрт болады.

Соңғы 14 күн ишинде наўқас дизимге алынғанлығы себепли бизиң республикамыз қызыл категорияға киргизилген. Демек, бизиң аймағымызда карантин шеклеўлери сақланып қалады ҳәм эпидемиялық жағдайға қарап қайта көрип шығылады.

Кеселликти жасырып өз-өзине диагноз қойыў, үй шараятында ҳәр түрли дәрилик затларды қабыл етиў, пуқараның өзине ҳәм оның шаңарақ ағзаларына, әтирапындағы пуқараларға қәўип туўдырады.

Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF