Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:44:31, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РЕСПУБЛИКА АЙМАҚЛАРЫН АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ӨНИМЛЕРИН ЖЕТИСТИРИЎГЕ ҚӘНИГЕЛЕСТИРИЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кейинги жылларда азық-аўқат өнимлерин жетистириў көлемин көбейтиў арқалы ишки базарды сапалы өнимлер менен тәмийинлеў ҳәм мәмлекеттиң экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде егислик майданлары сезилерли дәрежеде кеңейтилди. Сондай-ақ, районларды мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестириў, өним жетистириўшилерди мийўе-овощ жетистириў кластерлерине ҳәм кооперацияларға бирлестириў сыяқлы әмелий илажлар көрилмекте.

Жәҳән базарлары талапларына жуўап бере алатуғын бәсекиге шыдамлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде аймақларды қәнигелестириў дурыс жол екенин көрсетпекте.

Сонлықтан, дәслепки басқышта республика бойынша 55 район мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилди. Бирақ, усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, көрилип атырған илажларға қарамастан аймақлар потенциалынан нәтийжели пайдаланыў системасы жолға қойылмаған.

Аўыл хожалығын диверсификациялаў, районлардың аймақларын топырақ-климат шараятларына сәйкес бағшылық, жүзимгершилик, овощ-палыз өнимлерин жетистириў, картошка жетистириў ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин жетистириўге қәнигелестириў арқалы ишки ҳәм сыртқы базар талапларына жуўап беретуғын бәсекиге шыдамлы өнимлерди жетистириўди көбейтиў ҳәм илим жаңалықларын кеңнен енгизиў ҳәм өним ислеп шығарыўшылардың материаллық мәпдарлығын арттырыў мақсетинде;

  1. Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын әмелге асырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңестиң;

республика аймақларын басқышпа-басқыш аўыл хожалығы өнимлериниң белгили түрлерин жетистириўге қәнигелестириў;

республика аймақларын аўыл хожалығы өнимлериниң белгили түрлерине қәнигелестириў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде эксперимент тәризинде 2020-2022-жыллар даўамында Жиззақ ўәлая­тының жәми 116,3 мың гектар қосымша жер майданларын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге қәнигелестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Төмендегилер;

Жиззақ ўәлаятының айырым аймақларын 2020-2022-жылларда бағшылық ҳәм жүзимгершилик бағдарларына қәнигелестириў көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;

Жиззақ ўәлаятының айырым аймақларын 2020-2022-жылларда овощ, картошка, палыз, собықлы ҳәм дәрилик өсимликлер ҳәм ыссыхана хожалықларына қәнигелестириў көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;

Жиззақ ўәлаятының айырым аймақларын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге қәнигелестириўде 2020-2022-жыллар даўамында әмелге асырылатуғын илажлар бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық;

Республика аймақларын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге қәнигелестириў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда — Жумысшы топар)дың қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Жумысшы топар (Ў.Барноев);

а) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте аймақларды қәнигелестириў көрсеткишлери ҳәм «Жол картасы»нда белгиленген тапсырмалардың нәтийжели және өз ўақтында орынланыўын тәмийинлесин ҳәм нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине ҳәр шеректе мағлыўмат киргизип барсын;

б) район ҳәкимликлери ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм районлық Кеңеслери менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте аймақлардың жер майданларының қәнигелесиўинен келип шығып, усы жер майданларын  тийкарғы түрде бәсекиге шыдамлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў процесин ҳәм инновациялық ҳәм ресурсты үнемлейтуғын технологияларды қолланыўды өз ишине алған агрокластерлерди шөлкемлестириўши потенциаллы интакерлер, фермер хожалықлары ҳәм басқа да субъектлерге аўыл хожалығы мақсетлери ушын таңлаў тийкарында ажыратыў илажларын көрсин;

в) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте;

қәнигелестирилип атырған аймақларда бир тутаслыққа қатаң итибар қаратқан ҳалда тийисли аўыл хожалығы егинлериниң түрлерине қарап плантация түринде экспортқа жарамлы егин түрлерин жайластырыў ҳәм жетистирилетуғын өнимниң көлемлерин анықлаў бойынша илажлардың белгилениўин ҳәм орынланыўын;

суў тәмийнаты ҳәм инфраструктурасы бар болған Замин районындағы теңиз қәддинен 1-1,5 мың метр бийикликте болған Қарамазар аймағынан 20 гектар жер майданы Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтының балансына өткерилиўин тәмийинлесин;

г) Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте Зафарабад районы Ф.Хўжаев массивинде жайласқан 30-санлы мәнзил колониясына тийисли 513 гектар нәтийжесиз пайдаланып кия­тырған суўғарылатуғын жер майданын 2 400 бас гөш бағдарындағы шарўа комплексин шөлкемлестириў ҳәм жумысын жолға қойыў шәрти менен жойбар интакерлерине таңлаў тийкарында ажыратып бериў илажларын көрсин;

д) Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Транспорт министрлиги ҳәм «Өзбек­азықаўқатхолдинг» холдинг компа­ниясы менен биргеликте бир ай мүддетте Жиззақ ўәлаятының Замин, Мырзашөл ҳәм Пахтакор районларында, олардың географиялық жайласыўынан келип шыққан ҳалда, транспорт ҳәм инфраструктура объектлериниң жағдайы ҳәм тутас районлардың өним жетистириў  көлемлерин есапқа алып, ири агрологистикалық орайларды шөлкемлестириў жойбарларын әмелге асырыў бағдарламасын тастыйықласын ҳәм орынланыўын тәмийинлесин;

е) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги, Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги, Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги, коммерциялық банклер ҳәм жойбар интакерлери менен биргеликте бир ай мүддетте 2020-жыл даўамында шөлкемлестирилетуғын инвестициялық жойбарлар бойынша, сондай-ақ, ҳәр жылы 1-октябрьге шекем келеси жыл ушын шөлкемлестирилетуғын жойбарлардың мәнзилли бағдарламасын тастыйықласын ҳәм ҳәр шеректе орынланған жумыслар бойынша Министрлер Кабинетине толық мағлыўмат киргизип барсын;

ж) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети менен биргеликте 2020-жылдың III шерегинде Жиззақ ўәлаятының Бахмал, Ғаллеарал, Замин, Фориш, Янгиабад ҳәм Ш.Рашидов районларындағы жаңадан өзлес­тирилетуғын суўғарылмайтуғын жер майданларында бағшылық ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыў ушын артезиан қудық қазыў ҳәм жер асты суўларынан пайдаланыў мақсетинде бураўлаў жумысларын шөлкемлестирсин;

з) Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте мәнзилли бағдарламаны қаржыландырыўда коммерциялық банк­лердиң кредит қаржыларын, халықаралық финанс институтларының кредит линиялары ҳәм сырт елли инвесторлардың қаржыларын тартыў илажларын көрсин.

Онда, коммерциялық банклер тәрепинен жойбарларды қаржыландырыў, соның ишинде, айланыс қаржыларын қәлиплестириўге кредитлер ажыратыўда аўыл хожалығы егинлериниң өнимсиз ҳәм қурылып атырған қуўатлылықларды шөлкемлестириў дәўирине кредиттиң тийкарғы қарызынан жеңиллетилген дәўир бериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети (Ў.Барноев) Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте еки ай мүддетте усы қарардың талапларын есапқа алған ҳалда;

Республиканың айырым аймақларын 2020-2022-жылларда бағшылық ҳәм жүзимгершилик бағдарларына қәнигелестириў көрсеткишлери;

Республиканың айырым аймақларын 2020-2022-жылларда овощ, картошка, палыз, собықлы ҳәм дәрилик өсимликлер ҳәм ыссыхана хожалықларына қәнигелестириў көрсеткишлери;

Республиканың айырым аймақларын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге қәнигелестириўде 2020-2022-жыллар даўамында әмелге асырылатуғын илажлар бойынша «Жол картасы» жойбарларының ислеп шығылыўын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. 2021-жыл 1-январьдан баслап 2023-жыл 1-январьға шекем 5-қосымшаға муўапық дизим бойынша сырттан алып кирилип атырған туқымлар, нәллер ҳәм сабылған нәллер, минерал төгинлер, өсимликлерди химиялық қорғаў қураллары, заманагөй энер­гияны үнемлейтуғын ыссыханалар ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклери, тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў системалары және олардың комплектлеўши бөлеклери бажыхана бажысынан азат етилсин.
  2. Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры ҳәм Жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан;

бағшылық хожалықларында шөлкемлестирилетуғын ҳәр 35 гектар интенсив бағ ҳәм жүзимгершиликлерге суў шығарыў ушын бураўланған қудықты, сондай-ақ, дәрьялар, каналлар ҳәм басқа да суў бассейнлеринен суўды тартыўға насос станциясын қурыў жумыслары ушын суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы пайдаланыў бойынша ўәкилликли уйым­лар тәрепинен берилетуғын ти­йисли рухсатнамаға тийкарланып 120 миллион сумнан артпайтуғын муғдарда субсидия қаржыларын ажыратыў тәртиби енгизилгенлиги есапқа алынсын;

суўдан пайдаланыў мақсетинде тутас аймақларда жайласқан ҳәр бириниң улыўма майданы 35 гектардан арт­пайтуғын бир неше фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларының өз-ара келисими тийкарында суў шығарыў ушын бураўланған қудықты, сондай-ақ, дәрьялар, каналлар ҳәм басқа да суў бассейнлеринен суўды тартыўға насос станциясын қурыў ушын суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы пайдаланыў бойынша ўәкилликли уйым­лар тәрепинен берилетуғын ти­йисли рухсатнамаға тийкарланып ҳәр 35 гектар майданға 120 миллион сумнан артпайтуғын муғдарда субсидия ажыратылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги еки ай мүддетте;

а) Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги менен биргеликте Жиззақ ўәлаятының айырым аймақларында артезиан қудық қазыў ҳәм жер асты суўларынан пайдаланыў мақсетинде Жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў қорының 6 миллиард сум қаржылары есабынан 6 дана бураўлаў машинасын сатып алып, Жиззақ ўәлаяты фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине бийғәрез ажыратыў жумысларын әмелге асырсын;

б) Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги, Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги ҳәм Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институты менен биргеликте «2020-2023-жылларда мийўе-овощ жетистириў, жүзимгершилик, палыз өнимлерин жетистириў ҳәм картошка жетистириў тараўларында әмелге асырылатуғын илимий-әмелий изертлеўлер ҳәм инновациялық илимий-техникалық жойбарлар» бағдарламасын қәлиплестирсин ҳәм жойбарларды бағдарламада белгиленген мүддетлерде Инновациялық раўажланыў министрлигине усынып барсын.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги усы бағдарлама шеңберинде Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен усынылатуғын жойбарларды белгиленген тәртипте қаржыландырыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлиги, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте қәнигелестирилген аймақларда шөлкемлестирилетуғын ҳәр бир агрокластерге халықаралық стандартларға (Global GAP, Organic, ISO 22000 ҳәм басқалар) муўапық қәўипсизликти басқарыў системаларын енгизиў ҳәм сертификатластырыўда әмелий жәрдем көрсетиў режесин ислеп шығып, әмелге асырсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги қәнигелестирилген аймақлардың, биринши гезекте Жиззақ ўәлаятының тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы тәмийнатын үйренген ҳалда заманагөй ыссыханалар, интенсив бағ ҳәм жүзимгершиликлер шөлкемлестирилип атырған аймақларды энергия ресурслары менен тәми­йинлеў, сондай-ақ, қайта тиклениўши ҳәм дәстүрий емес энергия дәреклеринен пайдаланыўды жолға қойған интакерлер, фермер хожалықлары ҳәм басқа да субъектлерди нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте хошаметлеў илажларын көрсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 6-қосымшаға муўапық қосымшалар киргизилсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 11-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF