Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:50:05, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДЕПУТАТЛАР ИБРАТ КӨРСЕТПЕКТЕ

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, 1-санлы республикалық руўхый ҳәм нерв кеселликлери диспансериниң бас шыпакери Зухра Палўанова Нөкис қаласының шетки «Наўрыз», «Қызылқум», «Жипек жолы» ҳәм «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы 30 шаңараққа бийпул нәл жеткерип  берди.

— Ҳәзирги қыйын шараятта халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў айрықша әҳмийетке ийе, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң депутаты Зухра Палўанова. — Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң  усы жылдың 22-апрель күнги глобал ҳәм пандемия шараятында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде, жүзеге келген жағдайдан тезирек шығып кетиўимизде бәршемизден бир мақсет жолында бирлесиўди, бир-биримизге қол-қанат болыўымызды талап етпекте. Бунда халық қәлеўлилери еле де белсенди болыўы тийис.

— Расын айтсам, бурынлары сайлаған депутатымызды танымайтуғында едик,-дейди «Наў­рыз» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы Батыр Рахимов.-Бүгинги күни депутатларымыз ҳал-жағдайымыздан хабар алып жүрипти. Бул елимиз басшысының ҳәр қандай шараятта да ҳеш бир пуқара итибардан шетте қалмайды ,-деген әдил сиясатының әмелдеги көриниси болып табылады.

Пүткил елимиз бойлап кеңнен ен жайған «Сақаўат ҳәм көмек» улыўма халықлық ҳәрекети Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары тәрепинен қоллап-қуўатланып, жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға ғамқорлық көрсетиўдей саўаплы ислерге өзлериниң мүнәсип үлеслерин қоспақта

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF