Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:44:01, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РЕСПУБЛИКАДА КАРТОШКА ЖЕТИСТИРИЎДИ КЕҢЕЙТИЎ ҲӘМ ТУҚЫМГЕРШИЛИГИН ЖӘНЕ ДЕ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң карары

Республикада тутыныў ҳәм туқымлық картошка жетистириўди арттырыў, картошка жетистириў тараўында кластер ҳәм кооперация механизмлерин кеңейтиў және заманагөй технологияларды енгизиўди мәмлекет тәрепинен және де қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, картошкаға бол­ған ишки базар талабын толық қанаатландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Ми­нис­трлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери, Өзбекстан фермер, дий­қан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Картошка жетистириўшилер ассоциациясының картошка жетистириўге қәнигелестирилетуғын районларда картошка жетистириў кластерлери ҳәм кооперацияларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Төмендегилер картошка жетистириў кластерлери ҳәм кооперациялары жумысының тийкарғы бағдарлары екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

инновациялық ҳәм ресурс үнемлеўши технологиялар тийкарында бир пүтин атызларда тутыныў ҳәм туқымлық картошка жетистириў және тараўда қосымша қун шынжырын жаратыў;

туқымлық картошканың супер элита ҳәм элита репродукцияларын жетистириўди кеңейтиў, туқымлықлар таярлаў және заманагөй картошка плантацияларын қурыў;

 тутыныў ҳәм туқымлық картошкаға болған ишки базар талабын қанаатландырыў, сондай-ақ, оның экспортын кеңейтиў;

картошка егиў ушын мөлшерленген егислик атыздың кеминде 50 процентинде туқымлық картошканың супер элита ҳәм (ямаса) элита репродук­цияларын жетистириўди жолға қойыў;

туқымлық картошканы сақлаў, ириклеп алыў, жеткерип бериў ҳәм қайта ислеўди жолға қойыў;

картошка жетистириў тараўына ири техноло­гиялар, инновациялық шешимлер (ноу-хау) ҳәм илим жетискенликлерин енгизиў.

  1. Төмендегилер:

Тутыныў ҳәм туқымлық картошка, соның ишинде, оның супер элита, элита  репродукцияларын жетистириўге қәнигелестирилетуғын районлар ҳәм аймақлардың дизими 1 ҳәм 1а-қосымшаға муўапық;

2020-2021-жыллардың қыс-бәҳәр мәўсиминде халықты ҳәм социаллық тараў мәкемелериниң зәрүрликлерин кепилликли тәмийинлеў мақсетинде тутыныў картошкасын резервке жыйнаў көлемлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Бар­ноевқа, зәрүр жағдайларда, усы бәнтте нәзерде тутылған қосымшаларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. 2020-жыл 1-майдан баслап картошка жетистиретуғын фермер хожалықлары, аўыл хожалығы кәрханалары, сондай-ақ, картошка жетистириў клас­терлери ҳәм кооперацияларының туқымлық картошка сатып алыў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын оларға 12 ай мүддетке шекем коммерциялық кредитлер ажыратылады. Онда:

миллий валютада ажыратылған коммерциялық кредитлер бойынша процент ставкасының  Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасынан артатуғын, бирақ, 10 процент пунктинен көп болмаған бөлеги;

сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент ставкасының 30 процентине  шекем, бирақ, 3 процент пунктинен көп болмаған бөлеги Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан қапланады.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәм Картошка жетистириўшилер ассоциациясы менен биргеликте ҳәр жылы 1-декабрьге шекем кластер ҳәм кооперациялардың усыныслары ҳәм тутыныў нормалары тийкарында келеси жыл ушын картошка егилетуғын  атызларды ҳәм жалпы өним прогноз көрсеткишлерин, сондай-ақ, туқымлық картошкаға жыллық талапты ҳәм оның жетиспейтуғын муғдарын анықлайды;

б) 2023-жыл 1-июльге шекемги мүддетке шеттен алып келинип атырған туқымлық картошка бажыхана бажысынан азат етиледи. Онда жеңилликлер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инс­пекциясының карантин тексериў акти, Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инс­пекциясының муўаплылық сертификаты тийкарында бериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы минис­трлиги 2020-жыл 1-августқа шекем ресурс салықларын жетилистириў ҳәм аўыл хожалығына бағдарланған жерлердиң нормативлик баҳасын анықлаў, сондай-ақ, суў үнемлеўши технологияларды, соның ишинде, тамшылатып суў­ғарыў системасы енгизилген жерлерди 2021-жыл 1-январьдан жер салығынан азат етиўди нәзерде тутатуғын «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы минис­трлиги 2020-жылдың 1-июлине шекем  мәлимлеме технологияларын енгизген ҳалда пайдаланылған суў ресурслары есабын жүргизиў, олардың көлемин анықлаў тәртибин, сондай-ақ, аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ушын пайдаланылатуғын суў ресурсларының нормасын қайта көрип  шығып, тастыйықлаў ушын Минис­трлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изерт­леў институтына;

тутыныў ҳәм туқымлық картошка жетистириўдиң илимий теориялық тийкарларын жетилистириў, картошка туқымларын таярлаў ҳәм ири агротехнологияларды қолланыў бойынша илимий изертлеўлер алып барыў;

тутыныў ҳәм туқымлық картошканың жаңа ҳәм өнимдарлы нәллер коллекциясын жаратыў, илимий қолланбаларды әмелиятқа енгизиў;

халықаралық финанс институтлары, сырт елли донорлардың грантлары ҳәм интакерлердиң қаржылары есабынан туқымлық картошканың супер элита ҳәм элита репродукцияларын жетистириў, заманагөй картошка плантацияларын қурыў, «In vitro» лабораториясын шөлкемлестириў, туқымлықлар таярлаў ҳәм картошка жетистириўшилерге жеткерип бериў;

овощ ҳәм палыз егинлериниң жоқары өнимдарлық, қурғақшылыққа, шорға ҳәм кеселликлерге шыдамлы, мийўениң сапасы жоқары болған сортлары ҳәм гибридлерин жаратыў ҳәм олардың бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестириў, сондай-ақ, дәстүрий емес овощ егинлерин интродукция етиў жумысларын алып барыў;

тутыныў ҳәм туқымлық картошка жетистириўде ири агротехноло­гияларды қолланыў ҳәм картошка плантацияларын шөлкемлестириў бойынша усынысларды ислеп шығыў және өним жетистириўшилерге жеткериў ўазыйпалары жүкленсин.

Институтқа жоқарыдағы ўазыйпаларды жеке интакерлердиң қатнасыўында  әмелге асырыў ҳуқықы бериледи.

Өзбекстан республикасы Аўыл хожалығы ми­нис­трлиги Инвести­циялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-декабрьге шекем Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтына усы қарарда жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм «In vitro» лабораториясының жумысын шөлкемлестириў ушын грант қаржыларын тартыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы минис­трлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Илимлер академиясының Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетис­тириў илимий-изертлеў институты жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Илимий излениўлер ҳәм инновациялық қолланбаларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў, картошка сортларының селекциясы ҳәм туқымгершилигин раўажландырыў қорын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

а) төмендегилер Қор­дың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери есап­ланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар;

институт системасында тәжирийбе хожалығы ҳәм илимий-тәжирийбе станцияларының хожалық жумысынан алынған сап пайданың 20 проценти муғдарындағы ажыратпалары;

халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт елли донорлардың грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) Қордың қаржылары төмендеги мақсетлер ушын жумсалатуғыны:

овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў тараўындағы илимий излениўлер ҳәм инновациялық қолланбаларды қаржыландырыў ушын грант­лар ажыратыў;

картошка сортларының селекциясы ҳәм туқымгершилигин жолға қойыў бойынша тәжирийбе-сынаў ҳәм басқа да жойбарларды қаржыландырыў;

овощ, палыз егинлери ҳәм картошканың жара­тыл­ған сортларының авторларын хошаметлеў белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Қаржы минис­трлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:

Илимий излениўлер ҳәм инновациялық қолланбаларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў, сортлардың селекциясын ҳәм туқымгершилигин раўажландырыў қорының қаржыларын қәлиплестириў және олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы;

овощ, палыз егинлери ҳәм картошканың жара­тыл­ған сортларының авторларын хошаметлеў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәким­ли­гиниң;

Илимлер академиясы Биоорганикалық химия институты қарамағындағы, Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районы, «Сойлиқ» МПЖ аймағында жайласқан 17,2 гектар жер майданын картошканың жергиликли сортларының бирлемши туқымгершилигин жолға қойыў мақсетинде Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетис­тириў илимий-изертлеў институты қарамағына өткериў;

Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы «Бурчмулло» мәмлекетлик тоғай хожалығының «Писком» массиви аймағындағы бос турған жер майданларында жоқары репродукциялы туқымлық картошка жетистириўди жолға қойыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы минис­трлиги жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўды шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

Илимлер академиясы, Ташкент, Самарқанд, Наманган ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының ҳәкимлери, Картошка жетистириўшилер ассоциациясы менен биргеликте 2020-жыл 1-ноябрьге шекем жергиликли инвесторлардың қаржылары ҳәм халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет финанс шөлкемлериниң тараўға тартылған кредит қаржылары және грантлары есабынан аймақларда «In vitro» лабораторияларын шөлкемлестириў илажларын көрсин;

Туқымгершиликти раўажландырыў орайы, Картошка жетистириўшилер ассоциациясы менен биргеликте туқымгершиликке қәнигелескен фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларының туқымгершилик майданларын сапалы сынақтан өткериў илажларын көрсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы минис­трлиги ҳәм Картошка жетистириўшилер ассоциациясы менен биргеликте;

қайта егилетуғын жерлер ушын жетиспейтуғын туқымлық картошка өз ўақтында импорт етилиўин ҳәм толық егилиўин тәмийинлесин;

тутыныў ҳәм туқымлық картошка жетистириўди көбейтиў, сондай-ақ, туқымлық картошканы фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына өз ўақтында жеткерип бериў жумысларын системалы шөлкемлестирсин.

12 Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў ми­нистрлиги:

а) Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы минис­трлиги, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери, «Өзбеказықаўқатрезерв» ассоциациясы, Картошка жетистириўшилер ассоциа­циясы менен биргеликте усы жылдың 1-сентябрине шекем:

тутыныў ҳәм туқымлық картошканы мәмлекетлик резервке сатып алыў ҳәм усы илажларды қаржыландырыў системасын енгизиў;

картошка сақланатуғын қоймаханаларды хатлаўдан өткерип, халықтың қыс-бәҳәр мәўсиминде картошкадан пайдаланыў ҳәм сақланатуғын туқымлық көлеминен келип  шыққан ҳалда, қосымша қоймаханалар шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

б) Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийети менен биргеликте бир ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында картошка жетистириўде пайдаланылатуғын арнаўлы техникалар, соның ишинде, картошканы егиў, жыйнап алыў ҳәм бөлистириў техникаларын ислеп шығарыўды локализациялаў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиI

Аўыл хожалығы ми­нис­трлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Картошка жетистириўшилер ассоциа­циясы менен биргеликте Халықаралық картошка жетистириў орайы (CIP) менен бирге ислесиўди жолға қойыў илажларын көрсин;

илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде картошканың ҳәр қыйлы стресс факторларға шыдамлы ерте, орта ҳәм кеш писетуғын жергиликли сортларын жаратыў, картошка селекциясы және оны жетистириў технологиясына байланыслы илимий-изертлеў жойбарлары таңлаўын шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы:

сырттан алып келинип атырған туқымлық картошка ушын берилетуғын тексериў актин усыныўды жеделлестириў илажларын көрсин;

сырттан алып келинип атырған туқымлық картошканың сапасы, аймақларда туқымлық картошканың фитосанитариялық таза ҳалда ҳәм карантин объектлеринен жырақ жетистирилиўи үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы:

сырттан алып кирилип атырған туқымлық картошка ушын берилетуғын муўапықлық сертификаттың берилиўин жеделлестириў илажларын көрсин;

туқымлық картошка жетистириў, оннан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, туқымлық картошканың сапалы сақланыўын тәмийинлеў ҳәм набыт болыўының алдын алыў;

туқымлық ушын картошка егилген майданларда сынақлардың белгиленген талаплар тийкарында өткерилиўи, сондай-ақ, орынларда муўапықлық сертификаты болған туқымлық картошканың егилиўи үстинен системалы қадағалаў орнатсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноев:

он күн мүддетте 2020-жылдың өними ушын ғәлледен босайтуғын жерлерге егиў мақсетинде импорт етилетуғын туқымлық картошканың көлемин ҳәм аймақлар кесиминдеги бөлистирилиўин тастыйықласын.

жумыс алып барып атырған ҳәм жаңадан шөлкемлестирилетуғын картошка жетистириў клас­терлери ҳәм кооперациялары тәрепинен картошка егиў ушын мөлшерленген егислик майданның кеминде 50 процентинде картошканың супер элита ҳәм (ямаса) элита ҳәм репродукциялы туқымларын жетистириўди жолға қо­йылыўын тәмийинлесин;

усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўын системалы қадағалаў, картошка жетистириў кластерлери ҳәм кооперацияларының өз ўақтында шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў, тутыныў ҳәм туқымлық картошка болған ишки базар талабын қанаатландырыўға байланыслы жумысларды нәтийжели шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ў.И.Барноевқа ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүк­ленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 6-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF