Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:29:26, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТРАНСПОРТ ТАРАЎЫНДА КАДРЛАР ТАЯРЛАЎ СИСТЕМАСЫН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Республиканың транспорт тараўы ушын жоқары маман кадрларды таярлаў системасын алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында түп-тийкарынан жетилис­тириў, оқыў процесине оқытыўдың инновациялық түрлери менен методлары және заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, тармақтағы билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм илимий потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң Ташкент темир жол инженерлери институты, Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациясы институты және Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң авиакосмослық технологиялар факультети негизинде Ташкент мәмлекетлик транспорт университетин (кейинги орынларда — Университет) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Университет:

транспорт тараўы ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен илимий кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны;

алдынғы халықаралық билимлендириў стандартлары және оқыў бағдарламаларына муўапық  2020-2021-оқыў жылынан баслап билимлендириўдиң кредит-модуль системасын басқышпа-басқыш енгизетуғыны;

Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыў институты және Ташкент темир жол инженерлери институтының барлық ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийраcхоры болып есапланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигине уйымлық жақтан бойсынатуғыны белгилеп қойылсын.

Университет ҳәм Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыў институты жанындағы Беларусь мәмлекетлик техника университети менен биргеликте шөлкемлестирилген биргеликтеги Өзбекстан — Беларусь факультети Ташкент қаласы, Мирабад районы, Адилходжаев көшеси, 1-жай мәнзили бойынша бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

  1. Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумысының бағдарлары етип бел­ги­ленсин:

транспорт тараўының талапларынан келип шығып, мийнет базарындағы бәсекиге шыдамлы жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды, сондай-ақ, ғалабалық кәсип қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;

транспорт тараўын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық излениўлер ҳәм изертлеўлер алып барыў, олардың нәтийжелерин, соның ишинде, санлы ҳәм басқа заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў, Университет профессор-оқытыўшыларының маманлығын арттырыўды және питкериўшилердиң сырт елде магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша оқыўын шөлкемлестириў мақсетинде  жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў;

транспорт тараўы ушын кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын жаратыў, системадағы академиялық лицей және тараўдың профессионал билимлендириў мәкемелери билимлендириў бағдарламаларының избе-излигин ҳәм даўамлылығын тәмийинлеў;

оқыў процесинде теориялық таярлықтың әмелият пенен тығыз байланыслылығын тәмийинлеў мақсетинде транспорт тараўындағы шөлкемлер менен биргеликте студентлердиң әмелиятларын тийисли тараў шөлкемлеринде шөлкемлестириў, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша мақсетли бирге ислесиўди жолға қойыў.

  1. Университетте оқыў процеси 2020-2021-оқыў жылынан басланатуғыны және студентлерди қабыл етиў санының ҳәр жылы тастыйықланатуғын республиканың жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлеринен келип шыққан ҳалда анықланатуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги еки ай мүддетте Университетти стратегиялық раўажландырыў мәселелери бойынша ректордың биринши орынбасары лаўазымына маман сырт ел қәнигесиниң тайынланыўын тәми­йинлесин.
  3. Төмендегилер:

2020-2023-жыллары Ташкент мәмлекетлик транспорт университетинде  кадрлар таярлаў системасын шөлкемлестириў және илимий потенциалды раўажландырыў илажларының  бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Ташкент мәмлекетлик транспорт университетине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилетуғын және тийисли коммуналлық ҳәм пайдаланыў қәрежетлерин қаплаған ҳалда  «ноль»лик ставкадағы ижара төлеми тийкарында берилетуғын объектлердиң дизими 2 ҳәм 3-қосымшаларға муўапық;

Ташкент темир жол инженерлери институтынан Ташкент мәмлекетлик техника университетине көширилетуғын билимлендириў бағдарларының  дизими 4-қосымшаға муўапық;

Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Ташкент қаласы, Мирабад ра­йоны, Меҳиржон көшеси, 12-жайда жайласқан Жаслар орайының имараты (бурынғы Ташкент темир жол инженерлери институты жанындағы 2-санлы академиялық лицей) Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилсин.
  2. Университет Қәўендерлик кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Университеттиң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм нәтийжели жумысын тәмийинлеў ушын  финанслық жәрдем шөл­кемлестириў, бюджеттен тысқары қаржыларды тартыў;

питкериўшилердиң кәсиплик таярлығын арттырыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў бойынша кадрлар бу­йыртпашылары менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў;

билимлендириў ҳәм илим тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм әмелге асырыўда жәрдемлесиў;

жоқары билимлендириўди раўажландырыўға қаратылған жаңа усылларды ҳәм бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий-изерт­леў жумысларының нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўди раўажландырыў;

имаратларды қурыў-оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр финанслық қәрежетлер тартылыўын, заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери, компьютер ҳәм бас­қа да шөлкемлестириў техникасы, китапхана қоры менен үскенелениўин тәмийинлеў.

  1. Университетке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Транспорт минис­трлиги менен келисилген ҳалда  билимлендириў бағдарларына өзгерис киргизиў;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын, питкериўшилерге қойылатуғын қәнигелик талапларын оқыў процесиниң транспорт тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар менен избе-из байланыслылығының тәмийинлениўин есапқа алған ҳалда, еркин ислеп шығыў ҳәм тас­тыйықлаў;

кредит-модуль системасын оқыў процесине енгизиў бойынша профессор-оқытыўшылардың оқыў жүклемесин еркин нормалластырыў, сондай-ақ, педагог хызметкерлер тәрепинен оқыў-методикалық, илимий-изертлеў жумыслары, «устаз-шәкирт»  системасы бойынша жумыслардың орынланыўын хошаметлеп барыў;

Университет профессор-оқытыўшыларының Scopus ҳәм Web of Science сыяқлы мағлыўматлар базасына кирген халықаралық илимий журналларда илимий мақалалар басып шығарыў қәрежетлерин қаржыландырыў;

Университет жумысының бағдарлары бойынша мәсләҳәт ҳәм эксперт-таллаў хызметлерди шәртнама тийкарында көрсетиў, сондай-ақ, Қәўендерлик кеңеси менен келисилген ҳалда усыныс етилетуғын хызметлерди нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде илимий-изертлеў ҳәм инновациялық хызметлер структураларын қәлиплестириў;

бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура бағдарлары бойынша  жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўдеги биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрларды таярлаўды  шөлкемлес­тириў;

жумыс бериўшилердиң талапларын есапқа алған ҳалда оқыў режелериндеги теориялық билимлендириў үлесин қысқартыў есабынан  әмелий сабақлардың көлемин арттырыў,  ҳәптеде бир күнлик әмелият тәжирийбесин қолланыў;

сырт ел қәнигелерин консультант, мәсләҳәтши ҳәм оқытыўшылар сыпатында тартыў және оларға мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа алған ҳалда Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан айлық мийнет ҳақы және де басқа төлемлерди белгилеў ҳәм төлеў;

Универистетте бес жыл даўамында ислеп бериў шәрти менен қәбилетли студентлер ҳәм жетекши профессор-оқытыўшылардың сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыўы ҳәм стажировка өтеўине байланыслы қәрежетлерди Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаплаў;

Университет аймағында жайласқан имарат ҳәм объектлерди ижараға бериў ҳәм оннан түсетуғын қаржыларды электрон саўда майданшасы операторына төленген төлем алынғаннан ке­йин Университеттиң бюджеттен тысқары қорына толық қаратыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети Ташкент темир жол инженерлери институтынан Ташкент мәмлекетлик техника университетине көширилип атырған 4-қосымшадағы билимлендириў бағдарлары бойынша оқып атырған студентлердиң оқыўы Университет ямаса Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң сәйкес ямаса түрлес билимлендириў бағдарларына 2019-2020-оқыў жылы жуўмақланғаннан соң белгиленген тәртипте көширилиўин тәмийинлесин.
  2. Төмендегилер Университет жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

а) ағымдағы сақлаўға байланыслы бөлеги бойынша:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары;

төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түскен түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) қурылыс жумыслары бөлеги бойынша ҳәр жылғы Инвестициялық бағдарламада белгиленген тәртипте қаратылатуғын қаржылар.

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң Университет жайласқан аймақта 2020-2022-жыллары жаңа оқыў имараты, студент­лердиң турақ жайын ҳәм мәлимлеме ресурс орайының имаратларын (кейинги орынларда — Университет имаратлары) қурыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте:

а) быйылғы жылы Университет имаратларының жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қурыў жумысларын баслаў ушын:

2020-жылы Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыў институты ушын нәзерде тутылған қаржылар институтта усы жылдың  1-январь жағдайына бола орынланған қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша жуўмақлаўшы есап-санақлар әмелге асырылғаннан соң қаратылыўын тәмийинлесин;

қосымша талап етилетуғын қаржылар бойынша 2020-жылғы Инвести­циялық бағдарлама шеңберинде орайласқан капитал қойылмалардың үнем­ленген бөлегин қайта бөлистириў бо­йынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

б) 2021-жылы ҳәм келеси жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламаны қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Университет имаратларын қурыў жумыслары ушын орайласқан капитал қойылмалар лимитлериниң ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Университет имаратларын қурыў жумыслары бойынша:

Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы — буйыртпашы етип белгиленсин;

бас жойбарлаўшы ҳәм бас бөлип алып ислеўши шөлкемлер нызамшылықта белгиленген тәртипте тендер (таңлаў) саўдалары арқалы анықлансын.

  1. Университет жумысын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан қаржыландырыў 2020-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджеттен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Транспорт министрлигине ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде, 2021-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Ташкент темир жол инженерлери институты және Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыў институтының академиялық лицейлери тийкарында Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң академиялық лицейи шөлкемлестирилсин.

Академиялық лицей:

Ташкент қаласы, Чилонзор районы Гүлистан массиви, 21а-жай мәнзилинде бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылатуғыны;

жумысы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

  1. Келешекте жумыс ислеўиниң өзгешеликлери ҳәм оқыў әмелияты, транспорт қуралының ҳәрекетин және инсанлар өмириниң қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы болған билимлендириў бағдарлары бойынша Университетке оқыўға ҳүжжет тапсырыўдан алдын абитуриент ҳәм студент­лерди темир жол транспорты бағдары бойынша «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң аймақлардағы темир жол поликлиникаларында шөлкемлестирилген қәнигелестирилген медицина комиссиясында, сондай-ақ, ҳаўадағы ҳәрекетти бас­қарыў бағдары бойынша «Uzbekistan Airports» акционерлик жәмийети медициналық-санитариялық бөлиминиң шыпакерлик-ушыўшылық эксперт комиссиясында тексериўден өткериў тәртиби сақлап қалынсын.
  2. Университет хызметкерлериниң интакерлигин ҳәм материаллық мәпдарлығын арттырыў мақсетинде Университеттен юридикалық тәреп статусына ийе болмаған бюджеттен тысқары қор (кейинги орынларда — Қор) шөлкемлестирилсин.
  3. а) Қор қаржылары төлемли-контракт тийкарында түсетуғын қаржылар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Транспорт минис­трлиги ҳәм Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары және «Өзбекстан темир жоллары», «Uzbekistan Airways» ҳәм «Uzbekistan Airports» акционерлик жәмийетлериниң қәўендерлик қа­йырқомлықлары есабынан қәлиплестирилетуғыны;

б) қордың қаржылары Университет  профессор-оқытыўшылары, соның ишинде, еки  жумысты қатар ислеў тийкарында ислейтуғын профессор-оқытыўшыларға, басқарыў, илимий, оқыў-жәрдемши, техникалық ҳәм хызмет көрсететуғын жумысшыларға олардың мийнетине ҳақы төлеў қорының 200 процентине шекемги муғдарда ҳәр айлық үстемелерди  төлеўге бағдарланатуғыны;

в) Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби, соның ишинде, ҳәр айлық үстемелерди белгилеў өлшемлери Қәўендерлик кеңеси менен келисилген ҳалда Университет ректоры тәрепинен белгиленетуғыны;

г) Университеттиң басқарыў, профессор-оқытыўшылары, илимий, оқыў-жәрдемши, техникалық ҳәм хызмет көрсететуғын хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан көп жыллық мийнети ушын хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда, лаўазым мийнет ҳақысына белгиленген коэффициентлерде төмендеги көлемлерде ҳәр айда қосымша пул төленетуғыны белгиленсин;

3 жылдан 5 жылға шекем -0,15;

5 жылдан 10 жылға шекем —0,2;

10 жылдан 15 жылға шекем —0,3;

15 жылдан аслам — 0,4.

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы транспорт министри Э.М.Ганиевке жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 4-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF