Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:57:20, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ЭЛЕКТР ЕСАПЛАҒЫШТЫҢ ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАРЫ ҚАНДАЙ?

2019-жыл 9-июль күни Президентимиз тәрепинен «Жанылғы-энергетика тараўында өз-ара есап-китапларды буннан былай да жетилистириў ҳәм қаржылық турақлылығын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди.

Онда тутыныўшыларды электр энергиясын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасына жалғаў нәзерде тутылған. Бул бо­йынша пайтахтымызда жүргизилип атырған жумыслар жөнинде Нөкис қалалық электр тармақлары кәрханасы баслығы Нағметдин Асенбаев пенен сәўбетлестик.

— Нағметдин Баўетдинович, дәслеп сәўбетимизди жоқарыда атап өтилген пәрман талапларының орынланыўы бойынша исленген жумыслар менен басласақ?

2018-жыл 23-октябрь күни Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен қабыл етилген «Электр энергетикасы тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм қаржылық турақлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен 2018-2020-жыллары өндирис қуўатлықларын арттырыў, электр тармақларын модернизациялаў, электр энергиясын ҳәм пайдаланыўын қадағалаўды жетилистириў бойынша «Жол картасы» тастыйықланған еди. Бунда белгиленген жумысларды еле де жетилистириўде Президентимиздиң «Жанылғы-энергетика тараўында өз-ара есап-китапларды буннан былай да жетилистириў ҳәм финанслық турақлылығын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманға муўапық, усы жылдың аяғына шекем тутыныўшыларды электр энергиясын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасына жалғаў белгиленген. Бул ўазыйпаларды орынлаўда кәрхана хызметкерлери тәрепинен нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айт­қанда, Нөкис қаласы аймағында жасаўшы пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге 71 мың 740 тан аслам электр энергиясын есаплағыш үскенелери орнатылды. Бүгинги күнде бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.   

— Жаңа автоматластырылған электрон есаплағыштың абзаллықлары ҳаққында айтып өтсеңиз?

Ҳәр бир хожалық электр энергиясы есаплағышлары   автоматластырылған системаға жалғанғаннан соң  қарыздарлық төлемлерди  үйде отырып, онлайн режиминде CLICK, «Payme» бағдарламасы ямаса PAYNET шақапшалары арқалы әмелге асырыў мүмкиншилигине ийе болады. Тутыныўшылар пайдаланған электр энергиясынан қарыздар бол­ған жағдайда автомат түрде тармақтан ажыратылады. Пуқаралар тәрепинен қарыздарлық төленгеннен соң узағы менен 30 минут ишинде жәриймасыз электр тармағына қайта жалғанады. Усы ўақыт даўамында тармаққа жалғанбаса яки қандайда бир машқала пайда болса Нөкис қалалық электр тармақлары кәрханасының 61 780-07-97, 61 780-07-98, 61 780-07-99 телефон номерлерине шығып, операторға мүрәжат етсе болады. Сондай-ақ, және бир қолайлы тәрепи тутыныўшының электр энергиясынан қарыздарлық жағдайы кешки саат 20;00 ден кейин, ҳәптениң дем алыс (шемби, екшемби) күнлери ҳәм де календарда белгиленген байрам сәнелеринде қарыздарлық бойынша электр тармағынан ажыратылмайды.

Және айтып өтетуғын нәрсе, пуқараларымыз қарыздарлық ҳаққындағы мағлыўматқа ийе болыў ушын бириктирилген қол телефон номери арқалы 2100 қысқа  номерине D ҳәрибин СМС арқалы жиберсе есап бети  ҳаққындағы барлық мағлыўматларға ийе болады.

— Тутыныўшылар жаңа электр есаплағышты орнатыў ушын қай жерге мүрәжат етиўи мүмкин?

— Пуқараларымыз жаңа есаплағышты орнатыў бойынша ҳеш жерге мүрәжат етиўге қәжет жоқ. Бул заманагөй үскенени жеке хожалық ҳәм мәкеме, шөлкемлерге ҳүкиметимиз есабынан кәрханамыз хызметкерлери өзлери үйме-үй жүрип орнатады. Соның менен бирге, бул есаплағыштың қолайлықлары ҳаққында пуқараларымызға сол жердиң өзинде түсиник берилмекте.

Усы жерде айтып өтиўимиз тийис, бүгинги күнде мәлимлеме коммуникация технологиялары жедел пәтлер менен раўажланбақта. Жаңадан орнатылып атырған электрон есаплағышлар да заманагөй үскене болып, оның пайдаланыл­ған электр энергияны сезиўшеңлик дәрежеси жоқары. Ҳәр қандай қосыўлы қалған хожалық техникалары, атап айт­қанда, үйдеги телевизор ҳәм басқа да техникалық буйымлар басқарыў пульты арқалы өширилгени менен оның қызар­ған жақтылығын элек­трон есаплағыш көрсеткиши есаплай береди. Сонлықтан, тутыныўшылардан хожалық техникаларын пайдаланып бол­ғаннан соң, токтан ажыратыўын ескертемиз. Усы қағыйдаларға әмел етсек электр энергиясын тежеў менен бирге, қарыздарлықтың асып кетиўиниң алдын алған боламыз...

Әлбетте, бул жаңа үскенениң турмысымызға енгизилиўи пуқараларымыздың коммунал төлемлерин төлеўде артықша әўерегершиликлердиң алдын алыў  ҳәм энергия ресурс­ларынан нәтийжели пайдаланыўда әҳмийетли есапланады.

Сәўбетлескен: А.ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF